Миллий қәдириятымыз, атап айтқанда, мәртлик, ерлик, ўатанды сүйиўшилик сыяқлы халқымызғы тән болған ағла пазыйлетлерди өзинде жәмлеген спорт түрлериниң бири бул-гүрес болып табылады. Елимиз, соның ишинде, бизиң туўылып өскен журтымыз жаўырыны жерге тиймеген атақлы палўанлар журты.

Елимизде әсирлер даўамында бир дәрьядан суў ишип, қойы қоралас, аўылы аралас жасаған түрли миллет ўәкиллери өз-ара татыўлықта турмыс кеширип келмекте. Әсиресе, Арал теңизи жағалаўларында, Туран ойпатлығында жасап келген түрли миллет ўәкиллери өз-ара дослықта , бир-бири менен аўызбиршиликте жасап келген.  Бул халықлар әсирлер даўамында бир орыннан екинши орынға көшип жасап келгеннен кейин өзин, шаңарағын, ағайин-туўысқанларын  сыртқы душпанлардан қорғаў ушын физикалық жақтан шыныққан болыўын турмыстың өзи талап еткен.  Сонлықтан да епшилликти, шаққанлықты, күшти талап ететуғын халық ойынлары атадан-балаға мийрас болып өтип келген.

Халықтың, әсиресе, жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында гүрес (кураш)  спорт түрин буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, өсип киятырған әўладта миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик сезимин беккемлеў, сондай-ақ, жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм дүнья спорт майданында жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-октябрьде «Кураш» миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 7-октябрьде «Кураш» миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы қарары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жыл 11-ноябрьде қарары шықты.

Қарардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде кураш миллий спорт түрин буннан былай да раўажландырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы тастыйықланып, оған муўапық курашти ғалаба ен жайдырыў ҳәм жаслардың бос ўақтын нәтийжели өткериўди тәмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлардың орайларында «Кураш» миллий спорт түри орайлары, ҳәр бир район (қала)да заманагөй спорт клублары ҳәм секцияларын шөлкемлестириў белгиленди. Сондай-ақ, кураш бойынша республикалық, халықаралық жарыслар менен турнирлерди турақлы түрде шөлкемлестириў ҳәм өткериў, жарыслар менен турнирлерге қатнасыўшылардың автоматластырылған мағлыўматлар базасын енгизиў, «Кураш» бағдарында жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелерине қабыллаў квоталарын көбейтиў, бул спорт түри менен шуғылланыў ушын жәҳән стандартларына жуўап беретуғын «яктак» спорт кийимлерин ҳәм «кураш гилем»лерин ислеп шығарыўды жолға қойыў, курашти, ғалаба ен жайдырыў бойынша медиа-реже ислеп шығыў нәзерде тутылды.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Өзбекстан гүзары» көшесинде жайласқан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине тийисли коммуникация тармақлары болмаған бос имарат таңлап алынып, жергиликли бюджет есабынан 1 миллиард 10 миллион 541,7 мың сум қаржы ажыратылды. «Нөкис искер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен көлеми 30х18 метр болған бул кураш орайының спорт залы, ҳаяллар ҳәр ерлер ушын кийинип-шешиниў, жуўыныў бөлмелери оңлаўдан шығарылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискен дәслепки жыллардан баслап барлық спорт түрлери, соның ишинде, миллий гүресимизди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтатуғын болсақ, 2017-жылдың 20-сентябри күни болып өткен Азия Олимпиада кеңесиниң 36-Бас ассамблеясында тарийхта биринши мәрте гүрес спорт түри 2018-жылы Индонезияда болып өткен жазғы ХVIII Азия ойынларының бағдарламасы өз алдына спорт түри сыпатында, сондай-ақ,  2022-жылы Қытайда, 2026-жылы Японияда болып өтетуғын жазғы Азия ойынларының бағдарламасына киргизилди.

Соның менен бирге, гүрестиң Панамерика, Африка ойынларында көргизбели шығыўлары, жекпе-жек жаўынгерлик Азия ойынларына, Азия ойынлары, жабық имаратлардағы ҳәм жазғы Азия ойынларына, бир қатар халықаралық ойынлардың бағдарламаларына киргизилгенлиги, қала берсе өзбекше сөзлердиң ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик байрағы символы түсирилген гүрес формалары арқалы мәмлекетимиз ҳәм миллеттиң аты кеңнен ен жайдырылып атырған бир пайытта оның елимизде ҳәм жәҳән көлеминде раўажландырыўға  тосық болып атырған бир қатар машқалалардың бар екенлиги сыр емес.

Бул биринши гезекте бар инфраструктура ҳәм материаллық-техникалық базаны модернизациялаў, спорт инвентарлары ҳәм кийимлери менен тәмийинлеўди жақсылаў, тараўға жетик қәнигелер, тренерлер менен төрешилерди таярлаў бүгинги күнниң тийкарға машқаласы болып қалмақта. Мине, усы машқалаларды шешиў, миллий гүресимизди халқымыз, соның ишинде, жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, халықаралық дәрежедеги абырайын буннан былайда арттырыўда Өзбекстен Республикасы Президентиниң усы жыл 4-ноябрьдеги «Гүрес миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды.

Қарардың тийкарғы мақсети, уллы бабаларымыздан бизге шекем мийрас болып қалған гүрес спортының бай дәстүрлери менен қәдириятларын келешек әўладқа жеткериў, жаслардың бул спорт түрине болған қызығыўшылықларын буннан былай да арттырыў, халықтың барлық қатламлары, соның ишинде жасларымыздың, жәҳән халықларының усы спорт түри менен турақлы шуғылланыўы ушын жетерли шараят жаратыўдан ибарат.

Усы қарардың биринши қосымшасы менен гүрес миллий спорт түрин 2025-жылға шекем жаңа басқышқа алып шығыў концепциясы ислеп шығылып, екинши қосымшасы менен концепцияны 2020-2021-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол карта»сы тастыйықланғанлығын айрықша атап өтиў керек.

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, гүрес жарысларының саны ҳәм көлемин кеңейтиў, оның елимиздеги ҳәм сырт еллердеги инфраструктурасын жақсылаў,  тәжирийбели тренер ҳәм төрешилерди көбейтиў, федерациялардың жумысын қоллап-қуўатлаў арқалы усы спорт түрин еле де ғалаба ен жайдырыў болып табылады. Кейинги басқышта болса, гүрестиң әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы жәҳән халықларының сүйикли спорт түрине айландырыў, халықаралық Олимпиада ойынларына киргизиў арқалы бренди абырайын арттырыўдан ибарат.

Пүткил дүнья жүзин ләрзеге салған коронавирус пандамиясы спортшыларымыз ушын да бираз машқалаларды пайда етти. Солай да болса, тренерлеримиз тәрепинен спортшылар менен онлайн шынығыўлар өткерилип, олардың спорт  формасын тиклеп қалыўға ҳәрекет еттик.

Соңғы ўақытлары карантин илажларының босасыўы менен спортшыларымыз да өз шынығыўларын қайта даўам етип, бир қатар жарысларға қатнасып келмекте. Мәселен, 2-8 ноябрь күнлери Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында 2003-2005-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында болып өткен Өзбекстан чемпионатында Асал Джалғасбаева, Шийрин Тоқтарбаева, Гүлжамал Тәңирбергеновалар үшинши орынды алыўға миясар болды. Сондай-ақ, усы жылдың ноябрь айында Хорезм ўәлаятында болып өткен Өзбекстан чемпионатында өз салмақ категорияларында Нөкис қаласынан Азат Жийенбаев биринши, Шымбай районынан Айша Еркинбаева, Кегейли районынан Умида Ешниязова, Нөкис қаласынан Азада Медетбаевалар екинши, Қоңырат районынан Бегзат Амангелдиев, Жасмина Ахмедовалар сыйлы үшинши орынларды ийеледи.

Әлбетте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң жоқарыда атап өткен қарары бул спорт түрин буннан былай да раўажландырыўда жаңа басқышты баслап берди. Қарарда кураш шеберлиги спорт мектеплерин қурыў, келеси оқыў жылында физикалық мәденият бағдарындағы жоқары оқыў орынларында кураш бойынша қәнигелер таярлаў, кураш қәнигелестирилген мектеплери ушын оқыў қолланбаларын таярлаў, «Жыл тренери», «Жыл төрешиси» ҳәм басқа да номинациялар бойынша таңлаўлар өткериў ҳәм басқа да көплеген илажлар нәзерде тутылған. Буннан басқа, сырт еллерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы ушын халықаралық турнир, студент-жаслар арасында еки жылда бир мәрте универсиада ойынларын,  Қураллы Күшлер ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери арасында  республика чемпионатын, ҳәр жылы мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер хызметкерлери арасында кураш бойынша «Өзбек палўаны» республика жарысын өткериў белгиленген. Солай екен, бәршемиз ушын қәдирли болған кураш халқымыздың миллий спорт түрлеринен бири болып қала береди.

 

Серик ЖҮСИПБЕКОВ,

Олимпиа ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары шеберлик спорт мектеби инструктор-методисти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги