Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өзбек әдебияты ҳәм мәдениятының раўажланыўына умытылмас үлес қосқан атақлы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан халық жазыўшысы Ўткир Ҳошимовтың дөретиўшилик мийрасының  жас әўладты ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларға муҳаббат руўхында тәрбиялаў бағдарындағы үлкен әҳмийетин есапқа алып, жазыўшы туўылған күниниң 80 жыллығын кеңнен белгилеў ҳәм естелигин мәңгилестириў мақсетинде:

  1. 1. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Мәнаўият-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң 2021-жылы Өзбекстан халық жазыўшысы Ўткир Ҳошимовтың туўылған күниниң 80 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. 2. Өзбекстан халық жазыўшысы Ўткир Ҳошимовтың туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. 3. Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов) бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан халық жазыўшысы Ўткир Ҳошимовтың туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығып, тастыйықласын:

2021-жыл август айының биринши он күнлигинде Өзбек Миллий академиялық драма театрында Ўткир Ҳошимовтың туўылған күниниң 80 жыллығына бағышланған әдебий еслеў кешесин өткериў;

жазыўшының өзбек тилиндеги «Сайланды шығармалар»ын, қарақалпақ, рус ҳәм басқа  шет тиллерге аўдарылған шығармаларын, сондай-ақ, «Ўткир Ҳошимов заманласларының ядында» китабын баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў;

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде «Заманагөй өзбек әдебиятының раўажланыўында Ўткир Ҳошимов дөретиўшилигиниң орны ҳәм әҳмийети» темасында илимий-әмелий конференция өткериў;

Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Дўмбирабад мәҳәллесиндеги жазыўшы жасаған үйге мемориаллық тақтасын орнатыў;

Ўткир Ҳошимовтың шығармалары тийкарында спектакльлер сахналастырыў ҳәм жаңа фильмлер жаратыў;

Ташкент қаласындағы көшелерден бирине Ўткир Ҳошимовтың атын бериў;

республикалық дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары арасында «Ўткир Ҳошимов шығармаларының билимданлары» таңлаўын өткериў;

елимиздеги орта билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары және жоқары билимлендириў мәкемелери студентлери арасында жазыўшының дөретпелери тийкарында шығармалар таңлаўларын өткериў;

билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери, мәҳәллелер, әскерий бөлимлер және Жазыўшылар қыябанында белгили дөретиўшилер, илимпазлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында Ўткир Ҳошимовтың дөретиўшилигине бағышланған ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери және китапқумарлық кешелерин шөлкемлестириў;

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының телеканалларында Ўткир Ҳошимовтың шығармалары тийкарында жаратылған телевизиалық фильмлерди кеңнен көрсетиў.

Шөлкемлестириў комитетине Ўткир Ҳошимовтың туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеў шеңберинде өткерилетуғын илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, усы қарар ҳәм илажлар бағдарламасының өз ўақтында сапалы ҳәм толық әмелге асырылыўын муўапықластырып барыў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. 4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Ўткир Ҳошимов туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен жарытып барыў усыныс етилсин.
  2. 5. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары, шөлкемлестириўшилердиң өз қаржылары және нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
  3. 6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 2-декабрь