2-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде әмелий сапар менен болып атырған Россия Федерациясы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары Дмитрий Козак басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиў себепли Өзбекстан-Россия көп қырлы бирге ислесиўи кейинги жыллары жедел пәт пенен раўажланып атырғаны, стратагиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының беккемленип баратырғанын мәмлекетимиз басшысы үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Дмитрий Козак Өзбекстан Президентине қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Россия Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Болажақ еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме форматтағы ушырасыўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў мәселелери көрип шығылды. Бул илажлардың күн тәртибин анық әмелий мазмун менен байытыўға айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық сиясаттың айырым тәреплери бойынша да пикир алысылды.

 

ӨзА