2-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти Ашраф Ғани менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары, регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды.

Сөйлесиў алдында Президент Ашраф Ғани Аўғанстанның көп миллетли халқы атынан Өзбекстан басшысына аўғанлараралық тынышлық процесин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлағаны және усы елдиң социаллық-экономикалық раўажланыўына, соның ишинде, коронавирусқа қарсы гүресиў дәўиринде әмелий жәрдем көрсетип атырғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Президентлер еки мәмлекет арасындағы өз-ара бирге ислесиў пайдалы пәтиниң артып атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Пандемия ақыбетлерине қарамастан, өз-ара товар алмасыў көлеми сезилерли дәрежеде көбейди, бизнес байланыслары жеделлести. Еки мәмлекет исбилерменлери ушын шексиз имканиятларға ийе «Термиз» халықаралық саўда орайы шөлкемлестирилди.

Саўда көлемин еки есеге көбейтиў ушын ҳуқықый базаны жетилистириў, саўда үйлериниң тармағын кеңейтиў ҳәм жаңа кооперация жойбарларының топламын қәлиплестириў мәселелери үйренилмекте.

Гуманитарлық тараўдағы бир қатар әҳмийетли илажлар табыслы өткерилди. Атап айтқанда, усы жылы октябрь айында Аўғанстанда биринши мәрте Өзбек тили байрамы мәмлекетлик дәрежесинде белгиленди. Буннан тысқары, Термиз қаласындағы Билимлендириў орайы тийкарында аўғанстанлы қәнигелерди таярлаў даўам етпекте, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўында салмақлы бағдарламалар әмелге асырылып атыр.

Президентлер өткен ҳәптеде өткерилген Аўғанстан бойынша Женева халықаралық конференциясының тийкарғы нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Регионда өз-ара байланыслылықты және де беккемлеў, Аўғанстанды халықаралық саўда-экономикалық байланысларға интеграциялаўға қаратылған тийкарғы жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жетекши мәмлекетлер ҳәм халықаралық финанслық институтларға қоспа мүрәжат жоллаўға келисип алынды. «Сурхан-Пули Ҳумри» бағдарында электр узатыў линиясын қурыў жойбарын жеделлестириў мәселелери муўапықластырылды.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли шериклик қатнасықларын беккемлеўге умытылысының исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Сөйлесиў әдеттегидей конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА