Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өзбек әдебияты ҳәм мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан атақлы шайыр, белгили жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик гимниниң авторы, Өзбекстан Қаҳарманы Абдулла Ориповтың тәкирарланбас дөретиўшилик мийрасы, оның Ўатанға муҳаббат, опадарлық ҳәм садықлық сезимин, жоқары адамгершилик пазыйлетлерин сәўлелендирген жетик көркем шығармалары, мазмунлы өмири ҳәм жәмийетлик жумысының халқымыздың мәнаўиятын жоқарылатыў, жас әўлад тәрбиясындағы  бийбаҳа орнын ҳәм әҳмийетин есапқа алып және туўылған күниниң 80 жыллығын мүнәсип белгилеў ҳәм естелигин мәңгилестириў мақсетинде:

  1. 1. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Мәнаўият-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги және жәмийетшилик ўәкиллериниң 2021-жылы Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Абдулла Орипов туўылған күниниң 80 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
  2. 2. Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры Абдулла Орипов туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. 3. Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов) бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Абдулла Орипов туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығып тастыйықласын:

2021-жыл март айының үшинши он күнлигинде Өзбекстан Халықаралық әнжуманлар сарайында Абдулла Орипов естелигине бағышланған салтанатлы әдебий-көркем еслеў кешесин өткериў;

Абдулла Ориповтың өзбек тилиндеги еки томлық «Сайланды шығармалар»ын, қарақалпақ, рус, инглис ҳәм басқа тиллерге аўдарылған қосық топламларын, сондай-ақ, «Абдулла Орипов заманласларының ядында» китабын баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў;

Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде «Абдулла Орипов дөретиўшилик мийрасының өзбек ҳәм жәҳән әдебий – эстетикалық сана-сезиминиң раўажланыўындағы орны» атамасында халықаралық илимий-теориялық конференция өткериў және әнжуман материалларын өз алдына топлам ҳалында басып шығарыў;

Ташкент ўәлаяты Қибрай районы Арғин мәҳәллесиндеги Абдулла Орипов жасаған үйге мемориаллық тақтасын орнатыў;

Ориповтың өмири ҳәм дөретиўшилик жумысы ҳаққындағы ҳүжжетли фильм жаратыў;

елимиз театрларында Абдулла Ориповтың шығармалары тийкарында спектакльлер сахналастырыў;

улыўма орта билимлендириў мәкемелери, дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары және жоқары билимлендириў мәкемелери студентлери арасында Абдулла Ориповтың өмири ҳәм дөриўшилигине бағышланған «Мен не ушын сүйемен Өзбекстанды!» темасында шығармалар таңлаўларын өткериў;

Қаршы қаласындағы Абдулла Орипов атындағы дөретиўшилик мектебинде дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары арасында «Кишкене жулдыздың жылўалары» поэзиялық беллесиўин өткериў;

билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери, мәҳәллелер, әскерий бөлимлер және Жазыўшылар қыябанында белгили дөретиўшилер, илимпазлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында Абдулла Ориповтың дөретиўшилигине бағышланған ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, китапқумарлық ҳәм поэзия кешелерин шөлкемлестириў.

шөлкемлестириў комитетине Абдулла Орипов туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеў шеңберинде өткерилетуғын илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, усы қарар ҳәм илажлар бағдарламасының өз ўақтында сапалы ҳәм толық әмелге асырылыўын муўапықластырып барыў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. 4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Абдулла Орипов туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен жарытып барыў усыныс етилсин.
  2. 5. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары, шөлкемлестириўшилердиң өз қаржылары және нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
  3. 6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 2-декабрь