Нөкис қалалық ХББға қараслы 18-санлы улыўма билим бериў мектебинде сәне мүнәсибети менен мектеп тәрепинен үй шараятында оқып атырған оқыўшылар ҳәм «Байтерек» МПЖ турғынларының қатнасыўында «Биз сизлер менен биргемиз» атамасында саз-сәўбетли әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Кешеде Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Е.Қалмурзаев, ӨзМТДП Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы А.Нурумбетова, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы А.Даўлетовлар шығып сөйлеп, оқыўшыларды байрам менен қутлықлады.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм Жергиликли Кеңес депутаты Е.Қалмурзаев қәўендерлигинде 17 балаға байрам саўғалары тапсырылды.

Илажда мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди. Белсенди оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги