3-декабрь – «Халықаралық майыплардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин қорғаў күни» сыпатында елимизде  ҳәр жылы белгиленип келинбекте.

Усы мүнәсибет пенен Республикалық көзи әззилер китапханасында Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлими тәрепинен «Итибар ҳәм ғамхорлық – адамгершилик парыз» атамасында байрам кешеси өткерилди.

Илажда шығып сөйлегенлер, елимизде имканияты шекленген  инсанлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, олардың бахытлы турмыста жасаўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылғанлығы ҳаққында кең түрде  атап өтти.

Буннан соң китапхана хызметкерлери арасында «Ким тез мазмунлы оқый алады» ҳәм «Сораў-жуўап» таңлаўы өткерилди.

Таңлаў қатнасыўшылары Л.Брайль шрифтинде А.Қадирийдиң «Меҳробдан чаён» ҳәм У.Умарбектиң «Адам болыў қыйын» шығармаларын үш минут ишинде 300 сөзди мазмунлы ҳәм тәсирли оқып ҳәм М.Юсуфтың қосық қатарларын айтып бериў бойынша өз-ара күш сынасты.

Таңлаў жуўмағында Төрткүл районлық көзи әззилер китапханасының китапханашысы Өмирбек Латипов биринши, Шымбай районлық көзи әззилер китапханасының китапханашысы Елиўбай Калекешов екинши, Қоңырат районлық  көзи әззилер китапханасының китапханашысы Мақсет Қылышбаев үшинши орынды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлық» ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы