3-декабрь-Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен қайырқомлық илажы өткерилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Нурлыбай Қайыпбергенов, халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Айша Абдреймова, партия белсендилери Нөкис қаласындағы «Ақ отаў» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 3 имканият шекленген баланың жағдайынан хабар алып, олардың кеўиллерин көтерди. Үй шараятында билим алып атырған балаларға оқыў қураллары, шахмат доскалары, азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Балалардың ата-аналары бундай қайырқомлық илажларын өткерип атырған партия жәмәәтине өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, оның қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен бундай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.

 

Майсара ДОСТАНОВА,

ҚМУ журналистика бағдарының студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги