Бажыхана хызметкерлери тәрепинен «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана постында тексериў өткерилгенинде айрықша бир факт анықланды.

Россия Федерациясынан кирип келген «Волский-Ташкент» жолаўшы поездының вагонларының бири көзден өткерилгенинде, пуқара М.М. тәрепинен бажыхана хызметкерлериниң аўыз-еки сораўында айтылмаған, жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген ҳәм усы вагондағы жолаўшыларға бажыхана тексериўинен өтемен дегенше ўақтынша тарқатылып берилген бир қатар товар-материаллық байлықлары бар екенлиги анықланды.

Дәслепки сораў бойынша усы пуқараға тийисли болған, парфюмериялық, азық-аўқат өнимлери ҳәм спиртли ишимликлердиң улыўма баҳасы 56 миллион сумға тең. Ол усындай қыңғыр ис арқалы бул затларды нызамсыз түрде республикамыз аймағына алып кирмекши болған.

Ҳәзирги ўақытта анықланған усы факт бойынша дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги