Усы жыл 1-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы қабыл етилгениниң 31 жыллығына бағышланған «Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең, ана тилим!» атамасында салтанатлы  мәжилис болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, жыйналғанларды 1-декабрь «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы қабыл етилгениниң 31 жыллығы байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында елимизди социаллық-экономикалық жақтан буннан былай да раўажландырыў, тараўларда жүргизилип атырған реформаларды тереңлестириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.  Бәршемизге мәлим, тил-бул халықтың тарийхын, мәдений мийрасын, турмыс тәризин, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа ғәзийне болып саналады.

Мине соңғы төрт жыл ишинде елимизде тилди сақлаўға, оны буннан былай да байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып, әмелий илажлар әмелге асырылмақта.

Буған мысал ретинде қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалардың, әдебий китаплардың, китапша ҳәм монографиялардың баспадан шығарылып, қарақалпақ тилин раўажландырыўға бағышланған илимий әнжуманлар менен басқа да илажлардың шөлкемлестирилип киятырғанлығын, Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин тереңлестирип оқытатуғын мектеп ашылғанлығын атап өтсек болады. Соның менен бирге, Қытай ҳәм Қазақстан мәмлекетлери менен бир қатар халықаралық жойбарлар тийкарында жумыслардың жолға қойылғанлығы, Министрлер Кеңеси Баслығының, сондай-ақ, қала ҳәм район ҳәкимлериниң мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымларының енгизилгени, Қуран мәнилериниң ҳәм басқа да бир қатар диний китаплардың қарақалпақ тилиндеги аўдармаларының басып шығарылғанлығы, ана тилимиздиң тазалығын сақлаўда әҳмийетли орын тутатуғын латын имласындағы «Қарақалпақ тилиниң орфографиялық сөзлиги»ниң баспадан шығыў алдында турғаны-буның барлығы ана тилимизге деген жоқары итибар және ғамқорлықтың көриниси саналады.

Соны айрықша атап өтиў керек, жақында ғана Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен «Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын буннан былай да раўажландырыў ҳаққында»ғы  қарары қабыл етилди.

Мине усы қарар тийкарында  Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментин шөлкемлестириў, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыў, илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий айланысқа енгизиў бойынша Атамалар комиссиясын шөлкемлестириў, мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша бағдарламалар ҳәм «Жол карта»ларын ислеп шығыў, «Қарақалпақ тили байрамы күни»н белгилеў бойынша жумысларды муўапықластырыў, сондай-ақ, 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў және тил сиясатын жетилистириў концепциясы ҳәм мәмлекетлик  бағдарламаларын ислеп шығыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Әлбетте шөлкемлестирилип атырған департамент қарақалпақ тилин еле де раўажландырып, оның абырайын буннан былай да арттырыўға, жас әўладты ўатанды сүйиўшилик, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейди.

Ҳәзирги глобалласыў ҳәм мәлимлеме дәўиринде тилди таза сақлаў ҳәм оны келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў-бәршемиздиң ең әдиўли ўазыйпаларымыздан саналады. Әлбетте, бундай жуўапкерли ўазыйпаның әҳмийетин терең аңлай отырып, жасларымызды ана тилимизге, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў бәршемизден пидайылықты талап етеди.

Мәжилисте жоқары оқыў орынларының, улыўма билим бериў мектеплериниң бир қатар қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни  оқытыўшылары менен муғаллимлерине баҳалы саўғалар тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан Хожели районындағы 29-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириўиниң ағласы  Гәўҳар Ембергенова шығып сөйлеп, ана тилимизди таза сақлаў, оны раўажландырыўға қаратылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримов  ана тилине бағышланған қосығын оқыды.

Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери