1-декабрь қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилген күни. 1989-жылы әйне усы сәне де ана тилимиз өзиниң мәмлекетлик тил статусына ийе болған еди. Бүгин усы тарийхый ўақыяға 31 жыл толмақта. Ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған тилимизден дөреген маржан сөзлер арқалы қарым-қатнасты беккемлеп киятырған ана-тилимиз бизлер ушын әлбетте сүйениш, соның менен бирге үлкен мақтаныш.

Байрам мүнәсибети менен республикамыздың барлық билимлендириў орынларында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде ушырасыўлар, конференциялар ҳәм концерт бағдарламалары шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигине қараслы 727 улыӯма билим бериӯ мектеплеринде де байрам илажлары үлкен кейпиятта өткерилмекте. Оларда оқыўшы-жасларға ана-тилимиздиң келип шығыў тарийхы, оннан дурыс пайдаланыў, оның қәдир-қымбаты ҳаққында кең түрдеги түсиник жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күнниң машақатлы кәсип ийелери болған муғаллимлер ана-тилимиздиң жәмийеттеги абырайын, қәдир-қымбатын жоқары дәрежелерге жеткериў зәрүрлигин келешек әўладқа жеткерип барыўы, олардың әдиўли миннети болып есапланады. Усындай ийгиликли ислеримиз арқалы оқыўшы-жасларымыздың өз ана-тилине болған сүйиспеншилик сезимин оятыўға және мәдениятлы ҳәм дурыс сөйлеўге бағдарлаўымыз зәрүр.

Сонда ғана ана тилимиз кем-кемнен раӯажланып, түркий тиллер топарындағы өзиниң абырайын ҳәм ҳүрметин белгилеп бара береди.

Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 31 жыл толыӯы мүнәсибети менен республикамыздың гүллән халқын қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, жумысларыңызда табыслар тилеймиз.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги