Тил – ҳәр бир миллеттиң байлығы есапланады. Быйыл Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толды.

 Мине усы мүнәсибет пенен  Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Тарийхымсаң, тәғдиримсең,  келешегимсең, ана тилим!» атамасында байрам кешеси өткерилип, онда мектептиң 9-11-класс оқыўшылары Бердақ шайырдың дөретиўшилигине бағышланған «Хызмет еткил удайына халық ушын!» атамасындағы  көркемлеп оқыў таңлаўында өз-ара беллести.

Таңлаў жуўмағында 10-класс оқыўшысы Улбосын Қуўанышбаева биринши орынды ийелеп республикалық басқышқа жоллама алды.

-Тил-бул жәмийетте адамлар арасында қарым-қатнас жасаўдың ең әҳмийетли қуралы есапланады. Тилсиз жәмийет, жәмийетсиз тил болмағанындай ҳәр бир миллеттиң, ҳәр бир халықтың ата-бабаларынан мийрас болып қалған өз ана-тили болады, – дейди усы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Гүлбаҳар Есимбетова. Мектебимизде «Ана тилим  – сен басқадан айырмам!», «Китап руўхыйлығымыз»   атамасында шығармалар таңлаўы өткерилди.

Илаж қатнасыўшыларына мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги