1-3-декабрьде республикамыз аймақларына Каспий теңизи аймағынан жыллы ҳәм бираз ығал ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, Қарақалпақстанда жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўықтан 3 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы әтирапында болыўы күтиледи. 2-декабрьде айрым жерлерде 12 градус жыллы болыўы мүмкин.

 

4-декабрьде Қазақстан аймақлары үстинде антициклон күшейе баслайды ҳәм арқа-батыс ағымлар менен суўық ҳаўа республикамыз аймақларына кирип келеди. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 0-5 градус жыллыға шекем түседи. Бул нормалық көрсеткишлердн 3-5 градусқа төмен болып табылады. Қарақалпақстанда жаўын-шашын күтилмейди.

 

Айрым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотосы.