Президент Шавкат Мирзиёев электротехника ҳәм фармацевтика тараўларында инвестициялық жойбарларды жеделлестириў, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Усы тармақларда жумысты заманагөй тийкарда шөлкемлестирип, жоқары қосымша қунлы өнимлер түрин кеңейтиў илажларының көрилгени нәтийжесинде соңғы үш жылда экспорт көлеми 1,7  есеге артты. Усы жылы бул көрсеткиш 350 миллион долларға жетиўи күтилмекте.

Бирақ еле кемшиликлер көп екенлиги, электротехника ҳәм фармацевтика экономикада «раўажланыў ноқатлары» болыўы керек екенлиги атап өтилди.

– Өткен 10 айда еки тараў бойынша 2 миллиард доллардан көп импорт болған. Мине усы санның өзи не ислеўимиз керек екенлигин көрсетип тур,-деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жылы электротехника санааты тармағында 55 жойбар режелестирилген еди. Соннан 26 сы жолға қойылған, 29 ының орынланыўы кешикпекте.

Мәмлекетимиз басшысы бундай қалақлықтың себеплерин сорап, оларды шешиў бойынша тапсырмалар берди.

Электротехника тармағының драйвер бағдарларын анықлап алыў керек екенлиги атап өтилди.

Бүгинги күнде ислеп шығарыў қыйын болмаған ҳәм сырт елден алып келиўдеги транспорт қәрежетлери жоқары өнимлер импорты 500 миллион доллардан артады.

«Өзэлтехсанаат» ассоциациясына жыл жуўмағына шекем сондай өнимлер дизимин қәлиплестирип, Ташкент қаласы ҳәм Хорезмдеги санаат зоналарында ислеп шықарыў бойынша көрсетпе берилди.

Бул тармақтағы экспортты усы жылдың жуўмағы менен 310 миллион долларға, келеси жыл 370 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Онда дүньяға белгили онлайн саўда тармақларынан да пайдаланыў, халықаралық тендерлерде қатнасыў жақсы нәтийже беретуғыны айтылды. 2021-жылы халықаралық стандартларды енгизиў ушын лаборатория ҳәм сертификатлаў орайын шөлкемлестириў тапсырмасы берилди.

Мәжилисте фармацевтика тармағындағы жойбарлардың орынланыўы да додаланды.

Усы жылға режелестирилген 100 миллион долларлық 37 инвестициялық жойбардан бүгинги күнге шекем тек ғана биреўи пайдаланыўға тапсырылғаны кескин сынға алынды.

Келеси жылы 149 миллион долларлық 37 жойбар бойынша әмелий жумысларды ҳәзирден баслаў зәрүр екенгили көрсетип өтилди.

Тараўдағы және бир кемшилик – кейинги жыллары шөлкемлестирилген 16 ири кәрхананың 8 и толық қуўатлылықта ислемей атыр. Жуўапкерлерге оларды бирме-бир таллап, толық қуўатлылыққа шығыўына жәрдемлесиў тапсырылды.

Жергиликли кәрханаларда 3 мыңнан аслам дәри-дәрмақ ислеп шығарылса да, олар тийкарынан қурамалы болмаған женерик қураллардан ибарат.

– Пандемия ҳәммемиздиң көзимизди ашты., Фармацевтика тек ғана экономикалық емес, ал қәўипсизлик жағынан да стратегиялық тармақ екенин көрсетти. Биринши болып фармзоналарды шөлкемлестиретуғынымыз бийкарғы емес. Биз жүдә көп затқа көзқарасымызды өзгертиўимиз керек, – деди Президент.

Сонлықтан қәўипсизлик ҳәм нәтийжелилик дәрежеси жоқары болған дәри қуралларын ислеп шығарыўға өтиў керек екенлиги атап өтилди.

Мысал ушын, келеси жылы Наманганда парентерал, Самарқандта гормонал ҳәм Ташкент ўәлаятында қан препаратларын ислеп шығарыўға имканиятымыз бар.

Дәрилик өсимликлерди плантация усылында жетистириў ҳәм санаатлық қайта ислеўди жолға қойыў нәтийжесинде экспорт көлеми усы жылдың өткен 10 айында 40 миллион долларды қурады. Аймақларда дәрилик өсимликлерди қайта ислеў бойынша баҳасы 42 миллион доллар болған 14 кластер шөлкемлестирилди.

Усы жылы дәрилик өсимликлердиң плантациялары 16 мың гектарға, шийки зат таярлаў көлеми 22 мың тоннаға жеткерилмекте. Бирақ бул жетерли емес.

Соның ушын келеси жылы өним жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспорт көлемин кеминде 2 есеге арттырыў мақсет етип қойылды.

Қантлы диабет кеселлигинде қумшекердиң орнын басатуғын стевия өсимлигин жетистириў, мақпал гүл, шиповник, топинамбур, жантақ, шафран (алма ағашы ҳәм мийўе) сыяқлы экспортқа қолайлы дәриликлерди санаатластырыў бойынша көрсетпелер берилди.

207 кәрханадан 157 синде халықаралық стандартлардың енгизилмегени атап өтилип, бул бағдардағы жумысларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Келеси жылы фармацевтика өнимлериниң экспортын 55 миллион долларға алып шығыў ўазыйпасы белгиленди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тармақ ҳәм аймақлардың басшылары мәлимлеме берди.

 

ӨзА