Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети ҳәм Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалларының студент жаслары арасында ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» тәрепинен қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң отыз бир жыллығы мүнәсибети менен «Ана тилим – мақтанышым» атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда сөзге шыққанлар ҳәр бир халықтың өзлигин көрсетиўде ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында тилдиң орны жүдә әҳмийетли екенин атап өтип, жасларды байрам менен қутлықлады.  

Сондай-ақ, партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын орынларда үгит-нәсиятлаў, ҳуқықый жақтан саўатлы, сиясий  процесслерде  белсенди талапшаң жасларды кадрлар резервине алыў, олар менен турақлы жумыс алып барыўды еле де жанландырыў,  келешегимиз болған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде партияның бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди. Жасларды бос ўақытларын  көбирек әдебий шығармаларды оқыўға ҳәм оларды партия қатарына ағза болыўға шақырып қалды.

Ушырасыў жаслардың пикир-усыныслары менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги