Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен үш күн даўамында «Басқарыў уйымларының, айрықша жағдайлар бойынша мәмлекетлик структуралардың аймақлық ҳәм төменги структураларының тәбийғый ҳәм техноген өзгешеликлерге ийе айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша ҳәрекети» темасында сәркардалық-штаб оқыў-шынығыўлары болып өтти.

Сәркардалық-штаб оқыў-шынығыўларына жәми 2252 адам, 188 техника тартылды.

Оқыў шынығыўларында тийкарғы итибар, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша ҳәрекетлер режесиниң дурыслығына, тәбийғый түрде жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайларда қала турғынларына көшиў орнында қысқа ўақыт ишинде қолайлы шараятлар жаратыўға, көрилген зыянларды мүмкиншилиги болғанынша азайтыў ҳәм пуқаралық қорғаныў структураларының қутқарыў және басқа да кешиктириўге болмайтуғын илажларды әмелге асырыўы бойынша таярлық жумысларына қаратылды.

Сәркардалық-штаб оқыў-шынығыўлары шеңберинде пайтахтымыздағы «Трансжолқурылыс» мәмлекетлик унитар кәрханасы аймағында да илаж өткерилди.

– Өткерилген илажда Нөкис қалалық Медицина бирлеспеси хызметкерлери, көп санлы жарақатланғанларға дала шараятында жоқары дәрежеде биринши медициналық жәрдем көрсетиў отряды тәрепинен айрықша жағдайлар жүз бергенде әмелге асырылатуғын илажлар бойынша сахналастырылған көринислер қойып берилди,-дейди бирлеспе баслығы Ж.Тарийхов. – Қатнасыўшылар көширилген турғынларды қабыл етиў пунктинде шөлкемлестирилген медициналық хана ҳәм әсбап-үскенелер менен таныстырылды.

Сәркардалық штаб оқыў-шынығыўларында белсендилиги ушын Нөкис қалалық Медицина бирлеспесине Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен «миннетдаршылық» билдирилди.

Бирлеспе хызметкерлери айрықша жағдайларда әмелге асырылатуғын илажлар бойынша зәрүр көнликпелерге ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги