Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасына бола Беруний районы ҳәкимлиги менен биргеликте  «Жаслар дәптери-имканиятлар дәптери» атамасында жаслар фестивалы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 8-октябрь күни жәмийетте ҳаяллар ҳәм жаслардың ролин арттырыў және бәнтлигин тәмийинлеў илажларын додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде халықты социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде материаллық жәрдем ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлар дизими, яғный «темир дәптер»дей ҳәр бир мәҳәлле, район, қала ҳәм ўәлаят кесиминде «жаслар дәптери» ҳәм «ҳаял-қызлар дәптери»н қәлиплестириў ўазыйпасы белгиленген еди. Оған социаллық, ҳуқықый, психологиялық қоллап-қуўатлаўға, билим ҳәм кәсип ийелеўге мүтәжлиги ҳәм қызығыўшылығы болған жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызлар киргизилди.

Видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 15-октябрь күни  Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесиниң жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўында қоспа мәжилис өткерилип, пуқаралар жыйынлары кесиминде жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың дизимин қәлиплестириў жумысларын баслаў, олардың ҳәр бири менен жаңаша система тийкарында мәнзилли ислесиў механизми белгилеп алынды. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  «Қарақалпақстан Республикасында ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ролин арттырыў және бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде «ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «жаслар дәптери»н шөлкемлестириў ҳаққында»ғы мәжилис протоколы тастыйықланды. Ҳәр бир қала ҳәм районда жумысшы топар дүзилип, арнаўлы штаблар шөлкемлестирилди.

«Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «жаслар дәптери»н жүргизиў бойынша Нөкис қаласы ҳәм Беруний районы үлги сыпатында белгилеп алынды. Республикамыз көлеминде жумысшы топарлар тәрепинен бүгинги күнге шекем 416 пуқаралар жыйынында хатлаў өткерилип, 292516 турақ жайда 310243 жас тәрепинен анкета сораўнамасы толтырылды.  Соның ишинде, үлги етип алынған  Нөкис қаласы ҳәм Беруний районында да сораўнама өткерилип, Нөкис қаласында 62555, Беруний районында 30058, жәми  92613 турақ жай хатлаўдан өткерилди. Усының нәтийжесинде олар менен системалы, мәнзилли жумыс алып барыў қатаң қадағалаўға алынып, бул дәптерлерге дизимге киргизилген  жаслар ҳәм ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиў бойынша әмелий жумыслар Беруний районында баслап жиберилди. Бул жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде «Жаслар дәптери-имканиятлар дәптери» атамасында жаслар фестивалы шөлкемлестирилди. Оның шеңберинде 14 жойбар ҳәм илаж өткерилип, оларға 3 мыңнан аслам жас қамтып алынды.

Илаж Беруний районы орайындағы Халықлар дослығы көшеси бойлап мыңнан аслам жаслардың қатнасындағы спорт марафоны менен басланды. Сондай-ақ,  түрли жастағы 500 адамды «Саламат өмирге қарай 5000 қәдем» сүрени астындағы жүриў марафоны бирлестирди. Жеңимпазлар менен белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Усы күни «Жаслар мийнет гүзары» комплексиниң ашылыў салтанаты болды. Жас исбилермен Анвар Бекбергенов тәрепинен «Yoshlar-kelajagimiz» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында район ҳәкиминиң қарары менен «Хорезм» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан бос жер орнын алып, өз жумысын баслады. Комплекс үш қабаттан ибарат болып, онда тийкарынан саўда, мобил телефон үскенелери, косметикалық затлар дүканлары, келин кийимлери, ҳаял-қызлар гөззаллық салонлары сыяқлы хызмет көрсетиў орынлары жайласқан. Имараттың улыўма баҳасы 2 миллиард сум болып, толық иске түскеннен кейин 15 жастың бәнтлиги тәмийинленеди.

Районда денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Соңғы жыллардың өзинде бир қатар спорт имаратлары қурып питкерилип, район жасларының ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Район орайындағы пайдаланыўға тапсырылған жүзиў бассейни солардың бири. Илаж қатнасыўшылары бул жерде шөлкемлестирилген секция жумыслары менен танысты.

Фестиваль даўамында «Мен жумысқа орналастым» бос жумыс орынлары ярмаркасы болып өтти. Онда райондағы кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер өзлериндеги 334 бос жумыс орны менен қатнасты. Илаж даўамында 70  пуқара, соның ишинде 34 жас жумыс пенен тәмийинленди.

Сондай-ақ, сенаторлар ҳәм сектор басшыларының қатнасында «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Онда жаслар өзлерин ойландырып жүрген 12 мәселе бойынша мүрәжат етти. Соннан 5 мәселе сол жердиң өзинде шешимин тапты, 7 мәселе тийисли тараў басшыларына тапсырылып, оның шешими қадағалаўға алынды.

Жаслар орайының мәжилислер залында райондағы исбилерменлер ҳәм фермерлердиң қатнасында «Исбилерменлик сырлары» атамасында семинар-тренинг өткерилди.  Онда исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдирген жүзден аслам жас қатнасты.

Райондағы Наўайы аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы майыплығы болған шахс М.Бекимбетова мәденият үйинен китапхана шөлкемлестирди. Илажда оған қәўендерлер тәрепинен 600 дана түрли атамадағы китап саўға етилди ҳәм китапханашы сыпатында жумыс баслаўы ушын жоллама берилди. Усы күни социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алынды. Ҳәр бир сектордан майыплығы болған бир жасқа ҳәм бир ҳаял-қызға материаллық жәрдем көрсетилди.

«Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «жаслар дәптери»н хатлаў бойынша жумыслардың жуўмағына бағышланып Беруний районы сектор басшылары, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор А.Данияров, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлердиң қатнасыўында «Пресс-клуб»  шөлкемлестирилди. Онда сектор басшылары хатлаўдың жуўмақлары,  «жаслар дәптери»не киргизилгенлердиң бәнтлигин тәмийинлеў, олардың социаллық бейимлесиўине көмеклесиў мақсетинде белгиленген илажлар туўралы мағлыўмат берди. Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Фестивальдың жуўмағына бағышланған гала концертте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Сайфуллаев, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор А.Данияров, район ҳәкими А.Сапарбаев қатнасып, Президентимиздиң басшылығында елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға белсене қатнасып атырған жасларға «Ең жас фермер», «Ең көп жумыс орнын жаратқан исбилермен»  «Ең белсенди спортшы»,  «Китапқумар оқыўшы», «Ең жас мақом атқарыўшысы» номинациялары бойынша жеңимпаз деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

-«Бес баслама-бес имканият» шеңберинде «Шахноза-2020» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашып, 10 жасты турақлы, 10 жасты  «устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында жумысқа қабыл еттим,-дейди «Ең көп жумыс орнын жаратқан исбилермен» номинациясының жеңимпазы Шахноза Бекимбетова.-Келешекте жумыс орынларын еле де көбейтиўди баслы мақсет етип алдым.

Белгили эстрада шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың йошлы қосықлары жаслар фестивалына өзгеше көтериңкилик бағышлады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери