Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ арнаўлы қарары тийкарында белгили илимпазлар М.Даўлетов ҳәм Ш.Абдиназимовлардың авторлығындағы «Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабы басып шығарылады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.

 

Тил – миллеттиң бийбаҳа байлығы. Оның өзлигин көрсететуғын, миллийлигин, тарийхын, мәдениятын, руўхый дүньясын сәўлелендиретуғын қуралы. Оны қәстерлеп-абайлаў – ҳәр бир инсанның миннети.

 

Тилекке қарсы, бүгинги технологиялар раўажланған дәўирде көпшилик заманласларымыз, әсиресе жасларымыз арасында бул мәселеге немқурайдылық пенен қараў жағдайлары ушыраспақта.

 

Күнделикли турмыста болатуғын электрон қурылмалар арқалы өза-ара жазылымларда ғана емес, ал, айырым мәмлекетлик мәкемелердиң рәсмий мүрәжатларында да тил нормаларының қопал түрде бузылып атырғанлығының гүўасы болып атырмыз.

 

«Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабыныӊ басып шығарылыўы мине, усындай қәте-кемшиликлерди сапластырыўға, келешекте тилимиздиң тазалығын, оның дурыс қолланылыўын тәмийинлеўге, халқымыз арасында ана тилимизге болған итибарды және де күшейтиўге, жаслардың билим ҳәм саўатлылығын арттырыўға хызмет етеди.

 

Қарар тийкарында бул китап 4000 нусқада баспадан шығарылып, республикамыздағы мәлимлеме-китапхана орайларына, улыўма орта билим бериў мектеплерине, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына тарқатылыўы белгиленген.