Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Республикамыз аймақларында дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеўге байланыслы илимий изертлеўлердиң бирден-бир базасын жаратыў, сырт еллердиң алдыңғы илимий  қолланбаларын үйренип барыў, жетекши илимий мәкемелер менен бирге ислесиўди орнатыў және заманагөй технологиялар, илимий  қолланбаларды республикаға енгизиў ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўды күшейтиў мақсетинде:

  1. 1. Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети, Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Илимлер академиясының «Шыпалы» дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў орайы тийкарында Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети жанында мәмлекетлик мәкеме түриндеги Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў илимий-өндирислик орайы (кейинги орынларда-Орай)н шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. 2. Орайдың тийкарғы ўазйыпалары етип төмендегилер белгиленсин:

дәрилик өсимликлерди илимий тийкарда жетистириў ҳәм қайта ислеў, олардан ақылға уғрас пайдаланыўдың бирден-бир стратегиясын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў;

республикамыз аймағындағы жабайы түрде өсетуғын дәрилик өсимликлер ареалларын үйрениў ҳәм резервлерин анықлаў, бар биоресурслардың генофондын сақлаў, аналық плантацияларын шөлкемлестириў;

туқымгершилик материалларын жетистириў ҳәм таярлаў, көбейтиў, коллекциялық нәлханалар шөлкемлестириў және олардың шийки затларын қайта ислеў менен байланыслы  илимий ҳәм әмелий иезртлеўлерди алып барыў;

дәрилик өсимликлерди турақлы топырақ-климат шараятын есапқа алған ҳалда мәдений түрде жетистириўди жолға қойыў бойынша анық илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығыў;

топырақ-климат шараятларын есапқа алып мәдений ҳалда жетистирилетуғын дәрилик өсимликлердиң агротехнологиялық карталарын Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитетиниң буйыртпасына бола ислеп шығыў;

дәрилик өсимликлердиң химиялық қурамын үйрениў, өнимди стандартлаў ҳәм сертификатлаў;

дәрилик өсимликлерге болған ишки ҳәм сыртқы базарлардың талабын үйрениў бойынша маркетинг изертлеўлерин өткериў;

дәрилик өсимликлерди жетистиретуғын ҳәм қайта ислейтуғын фермер хожалықлары, шөлкемлер ҳәм басқа да субъектлердиң басшылары ҳәм қәнигелериниң маманлығын арттырып барыўға қаратылған бағдарламаларды таярлаў ҳәм оқытыў системасын шөлкемлестириў.

  1. 3. Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети, Инновациялық раўажланыў министрлиги Орайдың тоғай фонды жерлеринде үлгили плантациялар, лабораториялар қурыў, илимий қолланбаларды өндириске енгизиў мақсетинде меншик секторды тартқан ҳалда дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм илимий-өндирислик кластерлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын. Онда:

дәрилик өсимликлерди жетистириў, илимий-өндирислик кластерлериниң жумысы банк кредитлери, интакерлердиң қаржылары, халықаралық финанс институтларының қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылады;

дәрилик өсимликлерди кластер ҳәм кооперация усылында жетистириў бойынша халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын анық жойбарлар Орай тәрепинен коммерциялық банклерге усыныс етиледи.

  1. 4. Орайға сыртқы ҳәм ишки базар талаплары және маркетинг нәтийжелеринен келип шығып, ҳәр жылы 1-июньға шекем дәрилик өсимликлердиң егинлерин жайластырыў бойынша Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитетине усыныслар киргизиў ҳуқықы берилетуғыны;

дәрилик өсимликлерди жыйнаў, оларды алып кириў ҳәм сыртқа алып шығыўға руқсатнамалар бергени, арзаларды көрип шыққаны ушын өндирилип, жергиликли бюджетке қаратылатуғын төлемлердиң 20 проценти орай тәрепинен тәбийғый ҳалда өсетуғын, соның ишинде, жоқ болып баратырған дәрилик өсимликлерди сақлаў, хатлаўдан өткериў, олардың мәдений плантацияларын жаратыў, аналық нәллерди шөлкемлестириў, дәрилик өсимликлерди жетистириўге байланыслы технологиялық карталарды ислеп шығыў қәрежетлерин қаплаў ушын қаратылатуғыны;

Орай әмелге асырылған илажлар, ерисилген жетискенликлер, әмелияттағы машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша усынысларды  ҳәр шеректе  тийислилигине қарап Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети және Аўыл хожалығы министрлигине берип баратуғыны белгиленсин.

  1. 5. Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў илимий-өндирислик орайына 1-қосымшаға муўапық дизимдеги мәкемелер методикалық ҳәм әмелий жәрдем бериў ушын бириктирилсин.

Онда, ҳәр бир мәкеме тәбийғый түрде өсиўши, соның ишинде, жоқ болып баратырған дәрилик өсимликлерди сақлаў, хатлаўдан өткериў, олардың мәдений плантацияларын жаратыў, аналық майданлары ҳәм нәл атызларын шөлкемлестириў, дәрилик өсимликлерге байланыслы технологиялық карталарды ислеп шығыў бойынша илимий тийкарланған усыныслар ҳәм қолланбалар ислеп шығыў ушын қәнигелерди бириктиреди.

  1. 6. Орай Илимлер академиясы (Б.С.Юлдашев), Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахманов), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) менен биргеликте:

илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен әмелге асырылған дәрилик өсимликлерге байланыслы илимий-изертлеўлер, жаңа инновациялық қолланбалар бойынша мағлыўматлар базасын қәлиплестирсин, сондай-ақ, олардың системалы түрде жаңаланып барылыўын тәмийинлесин;

медицинада ҳәм халық тәўипшилигинде көп қолланатуғын дәрилик өсимликлер коллекциясы участкасы ҳәм генбанкин шөлкемлестирсин;

Орай жанында дәрилик өсимликлер шийки заты ҳәм олардан алынатуғын өнимлерди сертификатлаў ҳәм стандартластырыў лабораториясын шөлкемлестирсин. Онда Аўыл хожалығы министрлиги Орайдың анық есап-санақларына тийкарланып Жәҳән банкиниң «Өзбекстан Республикасының аўыл хожалығын модернизацяилаў» жойбары шеңберинде  тартылған кредит қаржыларынан усы лабораторияны шөлкемлестириўге қаратыў илажларын көрсин.

7.Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети (Н.Ж.Бакиров), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев):

дәрилик өсимликлер тараўы бойынша раўажланған мәмлекетлерге қәнигелерди оқытыў ушын сырт ел стажировкаларын шөлкемлестириў;

дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм олардан дәрилик қуралларды ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге байланыслы илимий-изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў ушын халықаралық финанс институтларының грантларын тартыў;

Илимлер академиясы (Б.С.Юлдашев) менен биргеликте дәрилик ҳәм дәм бериўши шөплерди жетистириў, қайта ислеў мәселелерине бағышланған халықаралық ҳәм республика бойынша конференция және симпозиумлардың турақлы түрде өткерип барылыўын тәмийинлесин;

«Өзстандарт» агентлиги (Д.Н.Саттаров) менен биргеликте Орай жанында дәрилик өсимликлер шийки заты ҳәм олардан алынатуғын өнимлерди сертификатлаў ҳәм стандартластырыў лабораториясын шөлкемлестириў, оны белгиленген тәртипте жәҳән стандартларына жуўап беретуғын аккередитациядан өткериў илажларын көрсин;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте ҳәр жылы 1-декабрьге шекем келеси жылы дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша аймақлық бағдарламаларды ислеп шығып, тастыйықланыўын тәмийинлесин.

  1. 8. Төмендегилердиң:

Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети, Инновациялық раўажланыў министрлигиниң Нөкис, Хожели, Қаракөл, Бахмал, Зомин, Китоб, Узун, Бойсун, Бурчмулла, Ахангорон мәмлекетлик тоғай хожалықларын дәрилик өсимликлерди жетистириўге, Төменги Шыршық қәнигелескен мәмлекетлик тоғай хожалығын дәрилик өсимликлердиң туқым ҳәм нәллерин таярлаўға қәнигелестириў;

Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети, Жиззақ, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятлары ҳәкимликлери тийислисинше Ғаллаорол, Когон және Ургут қәнигелескен мәмлекетлик тоғай хожалықларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. 9. Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы «Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў илимий өндирислик орайы» мәмлекетлик мәкемесиниң структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Орайдың бюджеттен қаржыландырылатуғын 28 басқарыў хызметкерлериниң штат бирликлери Тоғай хожалығы бойынша комитети системасындағы бар штат бирликлерин оптималластырыў есабынан қәлиплестирилетуғыны. Онда Қаржы министрлиги 2021-жылдан баслап Орай тәмийнатының қәрежетлерин қаржыландырыўды Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутатуғыны;

Орай Мәмлекетлик бюджет, Тоғай хожалығын раўажландырыў қорының қаржылары, хызмет көрсетиў ҳәм өзи жетистирген дәрилик өсимликлерди сатыўдан түсетуғын және нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;

Орайда республикамызда илимий-педагогикалық ҳәм мийнет етиў менен шуғылланыўшы хызметкерлердиң лаўазым мийнет ҳақысына қосымша ҳақы төлеў системасының енгизилетуғыны. Онда қосымша ҳақы белгилениўине байланслы қәрежетлерди қаржыландырыў Тоғай хожалығын раўажландырыў қоры және хожалық жумысына түсетуғын қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

10.Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (И.У.Маджидов) Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети (Н.Ж.Бакиров), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) менен биргеликте 2021/2022-оқыў жылынан баслап:

республикалық жоқары билимлендириў мәкемелери биология бағдарларының 3 ҳәм 4-курсларында оқып атырған қәбилетли студентлер қурамынан айрықша топарларда  тереңлестирилген оқытыў әмелиятын жолға қойсын;

кадрларға болған талаплардан келип шығып, барлық аўыл хожалығына қәнигелескен колледж ҳәм техникумларда қәнигеликлердиң классификациясын есапқа алған ҳалда  «Дәрилик өсимликлерди жетистириў агротехнологиясы»  бағдары бойынша кадрлар таярлаўды жолға қойсын.

  1. 11. Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети (Н.Ж.Бакиров) еки ай мүддетте:

Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў илимий-өндирислик орайы ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў илимий-өндирислик орайының илимий потенциалын арттырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм жумысын жетилистириў илажлары бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. 12. Орай Ташкент ўәлаяты, Ташкент районы, Дархан поселкасы, Шымкент жолы көшеси, 2-жайда жайласқан Социаллық-экономикалық кәсип-өнер колледжиниң пайдаланылмай турған имаратына жайластырылсын.
  2. 13. Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети (Н.Ж.Бакиров) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. 14. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ганиев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа және Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июнь ҳәм 2021-жыл 15-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 26-ноябрь