Мәмлекетимиз басшысының республикамызға сапары даўамында республикамыздағы район (қала)ларды раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша тийисли тараў басшыларына ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Усы жыл 11-ноябрьде «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.

Белгиленген ўазыйпалардың өз мүддетлеринде, сапалы түрде орынланыўын үйрениў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының екинши ярым жыллық ис-режесине муўапық, «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында аўыл хожалығы тараўында инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы үйренип шығылды.

Қоңырат районында 409 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы режелестирилген. Жәми 125 млрд. 25 млн. сумлық, соннан өз қаржылары есабынан 46 млрд. 168 млн. сум, банк кредити есабынан 16,9 млрд. сум, сырт ел кредити есабынан 6 млн. АҚШ долларлық қаржыларды тартыў арқалы аграр және азық-аўқат тараўларындағы жәми 39 жойбар тастыйықланған.

  • Олардың дерлик көпшилиги заманагөй ыссыханалар шөлкемлестириў, шарўашылық, ярым интенсив усылда балық жетистириў ҳәм аўыл хожалығындағы басқа да тармақлардың үлесине туўра келеди,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикалық басқармасының шөлкемлестириў-қадағалаў ҳәм таллаў бөлими инспекторы М.Тлеўмуратов. – Бул жойбарлардың арасында усы жылы әмелге асырылыўы тийис болған 32 жойбар бар. Қалған 7 жойбар 2021-жылда әмелге асырылады.

Жуўапкер мәкемелер ҳәм инициаторлар тәрепинен көрилген илажлар нәтийжесинде жойбарлардың он тоғызы (54 %) орынланған. 28 млрд. 454 млн. сумлық қаржы өзлестирилген.  Усы күнге шекем 55 жаңа жумыс орны жаратылыўы тийис болған болса, 71 жаңа жумыс орны жаратылған.

Тастыйықланған жойбарлардың жәми 118 млрд. 316 млн. сумлық 20 жойбардың орынланыўы даўам етпекте. Усы жойбарлардың 22 млрд. 355 млн. сумлық жумыс көлеми орынланған. Бул жойбарлар иске түссе 354  жаңа жумыс орнының шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Мойнақ районында болса, 170 жаңа жумыс орынларының шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте. Жәми 53 млрд. 475 млн. сумлық, соннан, өз қаржылары есабынан 18 млрд. 535 млн. сум, банк кредити  есабынан 34,9 млрд. сумлық қаржыларды тартыў арқалы аграр ҳәм азық-аўқат тараўларындағы 26 жойбар әмелге асырылады. Олардың да көпшилигин заманагөй ыссыханалар шөлкемлестириў, шарўашылық, ярым интенсив усылда балық жетистириў ҳәм аўыл хожалығындағы басқа да тармақлар қурайды.

Бул жойбарлардың он бири (42%) орынланған. 2 млрд. 515 млн. сумлық қаржы өзлестирилген. Режеде 27 жумыс орны жаратылыўы тийис болған болса, тек 16 жумыс орны жаратылған.

Тастыйықланған 50 млрд. 960 млн. сумлық 15 жойбар бойынша жумыслар даўам етпекте. Усы жойбарлардың 31 млрд. 736 млн. сумлық жумыс көлеми әмелге асырылған болып, толық иске түсирилиўи менен 143 жаңа жумыс орнының шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Сондай-ақ, усы жойбарлардың әмелге асырылыўы бойынша мониторинг жумысларын әмелге асырып турыў бойынша Мойнақ районы ҳәкимлиги, районлық инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими және инспекцияның райондағы жуўапкер хызметкерлерине тийисли көрсетпелер берилди.

Тармақ кестелеринде белгиленген илажлардың өз мүддетлеринде орынланыўы бойынша инициаторлар менен машқалаларды биргеликте үйренип барыў ҳәм шешиў ўазыйпалары белгилеп алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги