Мәмлекетимизде халықтың денсаўлығын сақлаў, жоқары дәрежедеги сапалы медициналық хызмет көрсетиў системасын қәлиплестириў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм халықтың медициналық мәдениятын, билим дәрежесин көтериў, диагностика ҳәм емлеўде жоқары технологияларды енгизиў, медицинаның ҳуқықый тийкарын жетилистириў денсаўлықты сақлаў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы принциплери болып есапланады.

Мине усылардан келип шығып,  Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының бас имаратында 3 миллиард 702 миллион сумлық капитал оңлаў жумыслары алып барылған еди.

Күни кеше филиалдың жаңадан толық реконструкцияланған бас имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Ҳақыйқатында да, денсаўлықты сақлаў системасында, әсиресе, кешиктирип болмайтуғын қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў хызметиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, маман кадрлар, дәри-дәрмақ, медициналық әсбап-үскенелер, қәнигелестирилген автотранспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәмийинлеў дәрежесин жақсылаў әҳмийетли.

Жаңа имараттағы жаңадан жаратылған шараятлар емлеў процесиниң нәтийжелилигин арттырып, стационарлық емлеў мүддетлерин ҳәм қәрежетлерди де кескин азайтады.

Филиалда ең жоқары талапларға жуўап беретуғын медициналық аппаратлар, тийкарынан, жүрек ҳәм қан-тамырлардың ультрасес доплерографиясы, заманагөй ангиографикалық дүзилмеси, мультиспирал компьютер томография ҳәм магнит-резонанс томограф аппаратлары менен толық тәмийинлеў ушын имканият жаратылады.

Соның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен жаңадан Компьютер томографиясы аппаратын алып келиў мәселеси көрип шығылмақта. Және «Эзгу амал» фонды қәўендерлигинде Латвия мәмлекетинен алып келинетуғын үскенелер тийкарында кислород станциясының қурылысы даўам етип атыр.

Бул әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар ең биринши гезекте халқымыздың денсаўлығын тиклеўге, олардың қыстаўлы медициналық жәрдемге болған мүтәжлигин жоқары сапада қанаатландырыўға, пидайы кәсип ийелери болған медицина хызметкерлериниң жумысларының жақсыланыўына, сол арқалы халықтың медицина тараўына болған исенимине  ерисиўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги