1-декабрь- қарақалпақ тилине мәмлекетлик

 тил бийлиги берилген күн

Ҳәр бир байрамның өзине жараса қуўанышы ҳәм әҳмийети бар. Мине, усындай үлкен байрамлардың бири 1-декабрь-қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн болып есапланады. Быйылғы жылы бул байрам сәнесине 31 жыл толмақта. Ҳәр жылы бул сәне қарсаңында республикамыз бойлап түрли ушырасыўлар, байрам кешелерин өткериў дәстүрге айланған. Өткерилип атырған илажларда ана тилимиздиң бир-биримиз бенен қарым-қатнастағы әҳмийети, раўажланыў басқышлары туўралы кең түрде сөз етилмекте.

Хал3ымызда «Тил-миллеттиң айнасы», «Тил жасаса-миллет жасайды», «Тил миллеттиң бийбаҳа байлығы»,-деген даналық сөзлер бийкарға айтылмаған. Себеби, ҳәр бир халықтың өзлигин көрсетиўде, жәмийеттиң раўажланыўында тилдиң орны оғада әҳмийетли болып, тил халықтың тарийхын, мәдений мийрасын, үрп-әдет және дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа байлық болып саналады.

Тилимизге мәмлекетлик тил бийлиги берилгеннен соң көргизбели жазыўлар , атамалар, дағаза ҳәм рекламалар қарақалпақ тилинде де еркин жазыла баслады. Лекин, айырым көргизбели жазыўларда, атамаларда қәтелерге жол қойылып атырғанлығының гүўасы боламыз. Бул қәтелер тек кексе жастағы адамлардың емес, ал жаңа өсип киятырған жас әўлад тәрбиясына, дүньяға көз қарасына кери тәсир етеди. Соның менен бирге бүгинги күндеги және бир әҳмийетли мәселелердиң бири – бул ана тилимизде таза сөйлеў болып табылады.

Балаларға ана тилин үйретиўди мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринен баслаў мақсетке муўапық болады деп, ойлаймыз. Неге дегенде мектепке шекемги билимлендириў системасы билим бериўдиң басланғыш, ең тийкарғы буўыны болып табылады. Қәнигелердиң илимий жуўмақларына бола, инсан өз өмири даўамында алатуғын барлық мәлимлеме ҳәм мағлыўматлардың жетпис процентин бес жасқа шекемги дәўирде алады.

Бақшамызда тәрбияланыўшылардың билимин, көнликпелерин ҳәм тәжирийбелерин және де жетилистириў мақсетинде орайлар шөлкемлестирилген. Мәселен, балалар тил өсириў орайында сөйлеў грамматикасы, балалардың өз-ара қарым-қатнасы, тил ҳаққында түсиниклер алып барады. Оларға бул бағдардағы билимлер арнаўлы қураллар жәрдеминдеги шынығыўлар арқалы бериледи. Сондай-ақ, бақшамызда билим алыўга үйретиў, сөйлеў тилин раўажландырыў шынығыўлары арнаўлы кестеге киргизилген болып, олар күнделикли түрде өткериледи.

Усыларға қосымша балалардың ата-аналары да өз перзентлерине тилимиз ҳаққында түсиниклер берип барса, олардың тил ҳаққындағы түсиниклери, билимлери және де артады, деп ойлаймыз. Себеби тилди үйретиўди балалықтан баслағанымыз жаксы.

 

Раўшан Матекова,

Қанлыкөл районлық МШББ ға қараслы 10-санлы МШБШ 3-мектепке таярлаў топары тәрбияшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги