27-29-ноябрь күнлери республикамыз аймақларына Каспий теңизи арқалы Волгабойы аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, ертең Қарақалпақстанның айрым жерлеринде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.

 

28-ноябрьде Қарақалпақстанда жаўын-шашын тоқтайды. Айрым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

 

27-28-ноябрьде республикада самалдың тезлиги 17-22 м/с қа, айрым жерлерде болса 25-27 м/с қа шекем күшейеди.

 

Екшемби күни республиканың барлық аймақлары суўык антициклон тәсири астында болады. Жаўын-шашын күтилмейди.

 

Хабарда жазылыўынша, жолларда музғалақ пайда болыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотосы.