Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Биотехнологияларды раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң биологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеў, бул тараўларда илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң интеграциясын тәмийинлеў, экономика ҳәм социаллық тараўды алдыңғы биотехнологиялар тийкарында раўажландырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:

  1. 1. Төмендегилер:

2020-2024жыллары биотехнологияларды раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң биологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын жетилистириў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

Биотехнологиялар тараўында 2020-2024-жыллары орынланатуғын тийкарғы илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов) Илимлер академиясы (Б.С.Юлдашев), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (И.У.Маджидов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев) және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте 2021-2024-жыллары биотехнологиялар тараўында илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысларды раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлерин Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңес тәрепинен тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. 3. Министрлер Кабинети жанында Биологиялық қәўипсизлик кеңеси (кейинги орынларда – Кеңес) шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекеттиң биологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын шөлкемлестириў;

қәўипли биологиялық факторлар тәсиринен халықты ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, биологиялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, биологиялық қәўиплерди мониторинг етиў системасын жаратыў ҳәм раўажландырыўға қаратылған пикир-усынысларды таярлаў, экспертлик баҳалаў және көрип шығыў;

мәмлекеттиң биологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажларды әмелде жүзеге шығарыў бойынша  тәсиршең илажларды ислеп шығыў;

министрликлер, уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери, пуқаралық жәмийети институтларының  мәмлекеттиң биологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша мақсетли ўазыйпаларды орынлаўдағы өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў;

Бактериологиялық (биологиялық) ҳәм токсикалық қурал-жарақларды ислеп шығыў, таярлаў ҳәм топлаўды бийкар етиў және оларды сапластырыў ҳаққындағы  Конвенция қағыйдаларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

айрықша мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған және мәмлекеттиң биологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша илажларды көриў даўамында пайда болатуғын актуал мәселелер және машқалаларды, соның ишинде, халық арасында додалаў.

  1. 4. Кеңес Министрлер Кабинети жанындағы мәсләҳәт уйымы болып есапланатуғыны ҳәм мәмлекеттиң биологиялық қәўипсизлиги тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў менен байланыслы мәселелерди көрип шығыўда мәмлекетлик уйымлар, илимий, мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм басқа да шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилетуғыны;

Кеңес өз жумысын мәжилислер түринде жүргизетуғыны. Кеңес мәжилислери зәрүрликке бола, бирақ  ҳәр ярым жылда кеминде бир мәрте өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 5. Төмендегилер:

Министрлер Кабинети жанындағы Биологиялық қәўипсизлик кеңесиниң қурамы 3-қосымшаға муўапық;

Министрлер Кабинети жанындағы Биологиялық қәўипсизлик кеңеси ҳаққындағы реже 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 6. Ташкент вакцина ҳәм сывороткалар илимий-изертлеў институтының (кейинги орынларда – Институт) республикада фармацевтика биотехнологиялары ҳәм вакцина-сыворотка жумысын раўажландырыў, жергиликли иммунобиологиялық препаратларды жаратыўға бағдарланған жумысы қоллап-қуўатлансын ҳәм оның усы бағдардағы тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

иммунобиологиялық препаратлар (вакциналар, сывароткалар, тест-диагностикумлар ҳәм басқалар) бойынша  фундаменталь әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди әмелге асырыў және оларды әмелиятқа енгизиў;

мәмлекеттиң биологиялық қәўипсизилиги системасын жетилистириўге қаратылған илажларды  илимий-техникалық ҳәм методикалық жақтан тәмийинлеў;

вакцина-сыворотка жумысы бойынша инфекция кеселликлерине қарсы  профилактика, диагностика, дәри қураллары ҳәм препаратларын жаратыў, олардың ислеп шығарыў технологияларын жетилистириў;

илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде биотехнология, иммунология ҳәм микробиология тараўындағы  илимий жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыў.

  1. 7. Төмендегилер:

Ташкент вакцина ҳәм сывороткалар илимий-изертлеў институтының жумысын жетилистириў бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық;

Ташкент вакцина ҳәм сывороткалар илимий-изертлеў институтының структурасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 8. Институт жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:

а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев):

еки ай мүддетте  Институттың илимий-изертлеў жумысларының бағдарламасы ҳәм 2025-жылға шекемги мақсетли көрсеткишлерин Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңес тәрепинен тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

Инновациялық раўажланыў министрлиги (Ш.У.Турдиқулова), Илимлер академиясы (Б.С.Юлдашев) менен биргеликте Институтты  2021-жыл 1-апрельге шекем жоқары маман илимий хызметкерлер ҳәм қәнигелер менен толықтырыў илажларын көрсин;

Институттың жумысын жолға қойыў нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июль ҳәм 2022-жыл 1-январьда  Министрлер Кабинетине мәлимлеме берилсин;

б) Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) (С.Х.Кариев) Институтты заманагөй лаборатория әсбап-үскенелери, оргтехника, компьютер ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар менен тәмийинлеў илажларын көрсин;

в) Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (С.Х.Бекенов), Ташкент қалалық ҳәкимлиги (Ж.А.Артикходжаев), Агентлик (С.Х.Кариев), Илимлер академиясы (Б.С.Юлдашев) және Инновациялық раўажланыў минисртлиги (Ш.У.Турдиқулова)  еки ай мүддетте Институтты имарат ҳәм объектлер менен тәмийинлеў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

г) Министрлер Кабинети (Б.А.Мусаев, О.М.Умаров) Институт жумысының нәтийжели  жолға қойылыўын муўапықластырсын.

  1. 9. 2021-жыл 1-январьдан баслап Институт хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў, объект ҳәм имаратларды сақлаў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў, сондай-ақ, ағымдағы қәрежетлерди қаплаў мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

Институт хызметкерлерине Илимлер академиясы илимий-изертлеў мәкемелериниң тийисли лаўазымлары ушын белгиленген  мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлериниң  қолланылатуғыны;

Агентлик өндирис зәрүрлигинен келип шығып, Фармецевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорының қаржылары, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан ямаса  аутсорсинг және мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин қолланыў арқалы Институттың тәжирийбе-өндирис бөлимлерин (штат бирликлерин) толықтырыў ҳуқықына ийе екени белгиленсин.

  1. 10. Агентлик, Денсаўлықты сақлаў министрлиги және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң «Tashkent Pharma Park»  инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластери аймағында:

«Вакциналар ислеп шығарыў майданшасын иске қосыў» жойбарын (кейинги орынларда – жойбар) әмелге асырыў;

Институт жанында қәўипсизлик дәрежеси бойынша «BSL-3» халықаралық стандартына сәйкес келетуғын тәжирийбе-сынақ лабораториясын (кейинги орынларда – «BSL-3» лабораториясы) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Агентлик жойбардың нәтийжели әмелге асырылыўы және «BSL-3» лабораториясы шөлкемлестирилиўи ушын жуўапкер болған орынлаўшы уйым  болып есапланатуғыны;

жойбарды әмелге асырыў ҳәм «BSL-3» лабораториясын шөлкемлестириўди улыўма муўапықластырыў Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен әмелге сырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Агентлик (С.Х.Кариев) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.А.Вафаев) менен биргеликте  еки ай мүддетте  жойбарды әмелге асырыў ҳәм  «BSL-3» лабораториясын шөлкемлестириў концепциясы ҳәм техникалық-экономикалық тийкарлары жетекши жойбарлаў институтлары ҳәм инжиниринг компанияларын тартқан ҳалда ислеп шығылыўын, сондай-ақ, оларды қаржыландырыў дәреклериниң анықластырылыўын тәмийинлесин.

  1. 11. Институттың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар;

Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде өткерилетуғын таңлаўлардың нәтийжелерине бола ажыратылатуғын қаржылар;

Институт жумысына сәйкес бағдарлар бойынша хожалық шәртнамаларын орынлаў тийкарында алынған қаржылар;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. 12. Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Илимлер академиясының:

Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Алдынғы технологиялар орайында  (кейинги орынларда – Алдынғы технологиялар орайы) Копенгаген университети (Дания) менен биргеликте заманагөй  фудомикс лабораториясын, «клетка технологиялары» илимий лабораториясын  және биотехнология, биология, биомедицина, химия тараўларында жаратылатуғын үлкен көлемли мағлыўматларды анализлеў бойынша «Big Data»  миллий лабораториясын;

Илимлер академиясының Микробиология институтында «фитовирусология» илимий ларбораториясын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Усы биотехнологиялық лабораторияларды шөлкемлестириўди қаржыландырыў дәреклери етип Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары, илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларға ажыратылған қаржылар, халықаралық финанс институтлары, шөлкемлери ҳәм донор мәмлекетлердиң кредит ҳәм грантлары, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.

Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю Абдурахмонов)  2021-жылдың ақырына шекем усы биотехнлогиялық лабораториялардың иске қосылыўын тәмийинлесин.

  1. 13. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю Абдурахмонов) 2021-2022-жыллары илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларға ажыратылған қаржылар есабынан төмендегилерди қаржыландырыў ушын Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорына 20 миллиард сумға шекемги қаржыларды ажыратсын:

биотехнологиялар тараўында « стартап» жойбарларын әмелге асырыў;

50 процентке шекем биргеликте қаржыландырыў шәрти менен тәжирийбе-санаат биотехнологиялық өндирислерди шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў;

биотехнологияларды раўажландырыў ушын  илимий ҳәм лаборатория үскенелерин сатып алыў;

тараўға заманагөй  технология, инновациялық идея ҳәм қолланбаларды  енгизиў;

жас қәнигелерди сырт елде  илимий стажировкадан  өткериў, сырт ел қәнигелери ҳәм мәсләҳәтшилерин тартыў.

  1. 14. 2020-жыл 1-декабрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

а)  Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары  есабынан:

биотехнологиялар тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын тартылатуғын коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша кредит суммасының 50 процентине шекемги (50 проценти де киреди) муғдарда, бирақ 8 миллиард сумнан  артық болмаған муғдарда  кепиллик  бериледи;

кредит суммасы 10 миллиард сумнан  артық болмаған биотехнологиялар тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын тартылатуғын коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын төмендеги муғдарларда компенсация бериледи:

миллий валютадағы кредитлер бойынша – Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 1,5 есесинен артық бирақ 5 процентли пункттен аспаған муғдарда;

сырт ел валютасындағы кредитлер бойынша – коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген ставканың 30 проценти, бирақ 4 процентли  пунктттен аспаған муғдарда;

б) биотехнологиялар тараўында илимий-изертлеўлер ҳәм инновациялық жумысты әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасына 3 миллион АҚШ долларынан  аз болмаған тиккелей инвестиция киргизген сырт ел илимий шөлкемлерине Мәмлекетлик бюджеттен илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар ушын ажыратылатуғын қаржылар есабынан илимий изертлеўлерди әмелге асырыў ушын 10 миллиард сумға шекемги мақсетли грантлар бериледи.

Онда:

Илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар ушын мақсетли грантлар киргизилген инвестициялық қаржылар толық өзлестирилгенинен соң бериледи;

Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан илимий жумыс субъектлери тәрепинен алынған инттеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқық мәмлекеттиң илимий ҳәм жоқары билимлендириў, сондай-ақ, басқа да мәмлекетлик мәкемелер тәрепинен, егер интелектуаллық мүлк объектлериниң авторлары менен дүзилген шәртнамаларда басқаша қағыйдалар нәзерде тутылмаған болса, мәмлекетке тийисли болады.

15.Сондай әмелият енгизилсин, оған бола:

Алдынғы технологиялар орайы  ҳәр жылы 1-декабрьге шекем Тарифлик ҳәм тарифлик емес тәртипке салыў кеңесине биотехнологиялық өнимлер ислеп шығарыў ушын хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен алып кирилетуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын шийки зат, реактивлер, комплектлеўши бөлеклер, детальлар, узеллер, технологиялық ҳүжжетлер, программалық тәмийнатлар ушын өндирилетуғын  бажыхана бажыларын азайтыў  бойынша тийкарланған усыныслар киргизип барады;

Тарифлик ҳәм тарифлик емес тәртипке салыў кеңеси (С.У.Умурзаков) берилген усынысларға тийкарланып бажыхана бажыларын азайтыў мәселелерин көрип шығып, белгиленген тәртипте тийисли қарар қабыл етеди.

  1. 16. Өзбекстан Республикасы Биологиялық ҳәр түрлилик ҳаққындағы Конвенцияның биоқәўипсизлик бойынша Картахен протоколына (Монреаль, 2000-жыл 29-январь) қосылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Картахен протоколының қағыйдаларын әмелге асырыў мақсетинде Инновациялық раўажланыў министрлиги (Ш.У.Турдиқулова) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте  еки ай мүддетте қурамында генетикалық модификацияланған организмлер, пестицидлер, азық-аўқат қосымшалары ҳәм бояўлар бар болған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин маркировкалаўды басқышпа-басқыш енгизиў бойынша. соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутыўшы Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызметиниң аймақларда жайласқан лабораторияларын аккредитациядан өткериў;

Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы илимий шөлкемлер, Ветеринария  ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жанындағы «Агросанаат комплексинде хызметлер көрсетиў орайы» МУКта өз қаржылары есабынан азық-аўқат өнимлери, сондай-ақ, өсимликтаныў ушын шийки зат, аралас от-жем ҳәм егиў материаллары қурамында генетикалық модификацияланған организмлердиң бар екенлигин анықлаў ушын лабораторияларды  (реал талаплардан келип шыққан ҳалда) шөлкемлестириў.

  1. 17. Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў бойынша халықаралық конвенция ҳәм басқа да тийисли халықаралық стандарларға муўапық руқсат берилген пестицидлер, зәҳәрли химиялық элементлердиң дизимин ҳәм минерал  төгинлерден пайдаланыў нормаларын қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықласын;

биотехнологиялық өнимлерден пайдаланыў көлемин арттырыў, аўыл хожалығында химиялық төгинлер, пестицидлер ҳәм басқа да зәҳәрли химиялық элементлерден пайдаланыўдан биопрепаратларға басқышпа-басқыш өтиў бойынша комплексли илажларды   ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

2021-жыл 1-марттан баслап пестицидлер, гербицидлер ҳәм басқа да зәҳәрли химиялық элементлерди ислеп шығаратуғын ямаса Өзбекстан Республикасы аймағына алып киретуғын хожалық жүргизиўши субъектлер усы элементлердиң стандарт үлгилери белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығында өсимлик зыянкеслери, кеселликлери ҳәм жабайы шөплерге қарсы пайдаланыў ушын руқсат етилген химиялық ҳәм биологиялық қорғаў қураллары, дефолиантлар және өсимликлер өсиўин басқарыўшы қураллар дизимине киргизилиўин ҳәм усы стандарт үлгилери менен бирге сатылыўын тәмийинлейди.

  1. 18. Кеңес (А.Н. Арипов) бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутыўшы Ҳүкимет қарары жойбарының ислеп шығылыўы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин:

биологиялық қәўиплерди мониторинг етиў бойынша еркин системаны жаратыў;

биологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң миллий системасы шеңберинде автоматластырылған мәлимлеме-таллаў ҳәм прогноз-моделлестириў комплексин жаратыў;

объектлер, аймақлар ҳәм тәбийғый қублыслардың биологиялық қәўип-қәтер дәрежесин анықлаў ҳәм категориялар бойынша бирден-бир өлшемлер ҳәм методикалық базаны  ислеп шығыў.

  1. 19. Денсаўлықты сақлаў минитрлиги (А.М.Хаджибаев) Жуўапкер министрликер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-мартқа шекем усы қарардың қағыйдаларын есапқа алып, төмендеги ҳуқықый механизмлерди нәзерде тутқан ҳалда  «Өзбекстан Республикасы биологиялық қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызам жойбарының ислеп шығылыўын ақырына жеткерсин:

ген-инженерлик жумысының  қәўиспизилигин тәмийинлеў, соның ишинде, генетикалық модификацияланған организмлердиң қәўпин баҳалаўдың миллий системасын жаратыў ҳәм оның жумыс ислеўи;

пайда болған биологиялық қәўип-қәтерлер менен байланыслы машқалаларды шешиўге қаратылған мақсетли қолланбаларды оператив қаржыландырыў.

  1. 20. Кеңес (А.Н.Арипов) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудов пенен биргеликте бир ҳәпте мүддетте усы қарарда белгиленгени ўазыйпалар ҳәм илажлардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2021-жыл ушын илажлар режесин тастыйықласын ҳәм орынланыўын шөлкемлестирсин, келешекте ҳәр жылдың 1-декабрине шекем кейинги жыл ушын мине усындай илажлар режесин ислеп шығып, әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  2. 21. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев) Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кучимов) ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Д.Хаджаев) менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мәниси ҳәм әҳмийети бойынша шығыўлар және тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
  3. 22. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.К.Юсупалиев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. 23. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдурахмонов ҳәм денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев белгиленсин.

Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 25-ноябрь