Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Нөкис қалалық бөлими хызметкерлери тәрепинен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында Қоңырат районында жасаўшы пуқара Б.А. қарыйдар Қ.П.ға район дийқан базары жанында ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз, қолдан исленген  240 дана «Қара таў» арағының ҳәр бир шийшесин 14500 сумнан жәми 3 миллион 480 мың сумға сатып атырғанда усланды.

Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, тексериў даўамында ҳуқықбузар Б.А. өзиниң автомашинасында 0,75 сыйымлылықтағы 6 шийше, 0,5 сыйымлылықтағы 228 шийше, 0,45 сыйымлылықтағы 84 шийше, 0,25 сыйымлылықтағы 30 шийше спиртли ишимликти сатыў мақсетинде алып жүргенлиги мәлим болды. Оператив илаж даўамында оннан улыўма баҳасы 8 миллион 752,3  мың сумлық 588 шийше «Қара таў» арағы айғақлы зат ретинде алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги эксперт-криминилистика бөлиминиң шешимине бола пуқара Б.А.дан алынған 14 шийше «Қара таў» арағының аўзына желимленген акциз маркалар қолдан исленгенлиги мәлим болды.

Бул ҳалат бойынша департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен пуқара Б.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

         Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы