Усы жылы 25-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы, сенатор Бахтиёр Сайфуллаев ҳәм Өзбекстан жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор Абатбай Данияров, сондай-ақ, бир қатар жәмийетлик шөлкемлердиӊ ўәкиллери Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар менен ушырасты.

Илажда сенатор Б.Сайфуллаев соӊғы жыллары елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, кейинги үш жылда республикамызда әмелге асырыўға қаратылған Президентимиздиң «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының мазмун-әҳмийети, сондай-ақ, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың турмысымыздан кең орын алыўы, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў, миллий мәдений ҳәм руўхый мийрасларымызды сақлаў бойынша алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң, сенатор А.Данияров жаслардың көркем өнер ҳәм мәденият тараўына болған қызығыўшылығын арттырыў, оларды қоллап-қуўатлаў, Президентимиз тәрепинен турмысымызға енгизилген бес әҳмийетли баслама шеңбериндеги илажларға кеңнен тартыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

– Студент-жаслардың сенат ағзалары менен ушрасыўы оларда үлкен тәсирлер қалдырды, – дейди филиалдыӊ Жаслар менен ислесиў, руўхый ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы О.Қдырниязова. – Онда студент жаслар өзлериниң көркем өнерге болған қызығыўшылығы ҳәм умтылыслары ҳаққында сенаторлар пикирлести.

Ушырасыўда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына  жуўап алды.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдыев қатнасты.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги