Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының басламасы менен Хожели районында гезектеги көшпели қабыллаў болып өтти.

Илажда районның төрт сектор басшылары, министрликлердиң, кәрхана, мәкемелердин басшылары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп район аймағында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм тийисли жәрдем бериў бойынша алып барылып атырған жумыслар талқыланды.  Районда «Темир дәптер», «Жаслар дәптери»не кирген пуқараларға субсидия тийкарында ыссыханалар ажыратылып берилиўи нәтийжесинде бир қатар жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.

Қабыллаўда тийкарынан бәнтлик, кредит ажыратыў, жол қурылысы, коммуналлық хызмет ҳәм басқа да тараўлардағы машқалалар бойынша мүрәжатлар келип түсти.

Атап айтқанда, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 41 мүрәжат келип түскен болса, соннан  15 мүрәжат орнында шешимин тапты. Сондай-ақ, 5 пуқараға ҳуқықый түсиник берилди, 21 мүрәжат  бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырма берилип, шешими Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.

 

Майсара ДОСТАНОВА,

ҚМУ журналистика бағдарының студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги