Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының мәлим етиўинше, қоңсылас Қазақстан Республикасында 2,9 магнитудалы жер силкиниўи жүз берген. Қазақстанда жүз берген жер силкиниўиниң қандайда бир киши толқыны  Қарақалпақстан Республикасы аймағында сезилген.

 

Басқарма мәлимлеме хызмети халқымыз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллеринен артықша ҳаўлықпаға берилмеўди, ҳеш қандай қорқынышлы жағдай жоқ екенлигин, соның менен бирге тийкарсыз мағлыўмат тарқатпаўды сораған.

 

Қазақстан Республикасының тийкарғы мәлимлеме тарқатыў каналлары – Kazinform.kz, Tengrinews.kz, Baq.kz сыяқлы рәсмий дәреклеринде жер силкиниўи ҳаққында мағлыўматлар жоқ.

 

Сондай-ақ, Қазақстанда жүз берген жер силкиниўиниң Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстанның басқа аймақларында бақланғаны ҳаққында Өзбекстан Республикасы Сейсмопрогностикалық мониторинг орайы тәрепинен ҳәзирше мағлыўмат жәрияланбады.

 

«Volcanodiscovery.com» басылымында мағлыўмат берилиўинше, 25-ноябрь күни саат 23:40 лар шамасында Қарақалпақстан аймағында 80 км тереңликте 3,7 магнитудалы жер силкиниўи бақланған.

 

Өзбекстан Республикасы Сейсмопрогностикалық мониторинг орайы тәрепинен рәсмий мағлыўматлар берилсе жәриялаймыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.