Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 31-октябрьдеги «Бирден-бир миллий мийнет системасы» мәкемелераралық программалық-аппарат комплексин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Конференцияда Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы «Бирден-бир миллий мийнет системасы» мәкемелераралық программалық-аппарат комплекси басқарыў дирекциясының директоры Х.Ярқулов ҳәм басқалар усы қарарға муўапық әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, «Бирден-бир миллий мийнет системасы» мәкемелераралық программалық-аппарат комплекси – информациялық ресурслар, технологиялар ҳәм байланыс қуралларының шөлкемлескен түрде тәртипке салынған комплекси болып, ол арқалы дизимге алынған мийнет шәртнамалары арқалы хызметкерлердиң мийнет стажына тийисли мағлыўматларды жыйнаў, сақлаў ҳәм қайта ислеў жумыслары әмелге асырылады.

Мийнет қатнасықларын дизимнен өткериўде «БММС» МПАКтан пайдаланыўдың шөлкемлестирилген ҳуқықый формасы ҳәм мәкемелик бойсыныўына қарамастан барлық жумыс бериўшилер ушын мәжбүрий болып табылады.

Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-январьдан баслап жаңа мийнет шәртнамаларын дүзиў, әмелдеги мийнет шәртнамаларына өзгерислер киргизиў,  оларды тоқтатыў, мийнет дәптершелерине киргизилетуғын жазыўлар усы жыл 1-сентябрьден кешиктирилмей мәжбүрий түрде дизимнен өткерилиўи белгиленген.

Бул система халықтың бәнтлигин тәмийинлеў тараўындағы жумыслардың нәтийжели болыўына, мийнет базарындағы жағдай туўралы ашық мағлыўматлардың мәкемелераралық системаластырылған тәризде ҳәм үзликсиз түрде электрон алмасыўдың әмелге асырылып турылыўына мүмкиншилик береди.

– Сондай-ақ, хызметкерлер ҳәм жумысшылардың сан ҳәм сапа қурамы, вакансиялар, соның менен бирге, жумыс бериўшилер тәрепинен қойылатуғын талаплар ҳаққында автомат түрде топланатуғын қалыс, ашық ҳәм актуал мағлыўматларды қәлиплестиреди,-дейди Х.Ярқулов. – Қарарда көрсетилгенлер толық әмелге асса,  бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықларына байланыслы барлық жумыслар аңсатласады. Пуқаралар ҳеш қандай әўерегершиликсиз, яғный, тек ғана паспорты менен жасына байланыслы пенсияға шығыўына ерисиледи.

Системаға жумыс бериўшилер тәрепинен жумыс орынлары туўралы мағлыўматлардың киргизилип барылыўы, вакант орынлары туўралы мағлыўматлардың ашық ҳәм анық болыўына, халықтың бәнтлигиниң тәмийинлениўине, көплеген жумыс орынларының легалласыўына алып келеди. Бул өз гезегинде экономикамыздың еле де раўажланыўына, халқымыздың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўына мүмкиншилик жаратады.

2020-жылдың январь-ноябрь айларында Қарақалпақстан Республикасы бойынша «Бирден-бир миллий мийнет системасы» мәкемелераралық программалық-аппарат комплексине 25206 юридикалық ҳәм 263455 физикалық тәреплердиң мийнет қатнасықларына тийисли мағлыўматлары киргизилген.

Баспасөз конференциясы қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

 Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги