2021-жыл даўамында тәбийғый газ ҳәм электр энергиясынан пайдаланыў ушын тарифлердиң арттырылмайтуғыны белгиленбекте.

Депутат Расул Кушербаевтиң жазыўынша, бул норма 2021-жыл ушын мөлшерленген Мәмлекетлик бюджет жойбарында атап өтилген.

«Сондай-ақ, бүгин Нызамшылық палатасының жалпы мәжилисинде қатнасқан Бас министр Абдулла Арипов та тастыйықлап, бул халық ушын жеңиллик жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў жолында исленип атырғанын билдирип өтти.

Бул сапаға тәсир етпейди деп үмит етемиз», дейди депутат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги