Тақыятас районындағы «Абат мәкан» МПЖда жасайтуғын жас өспирим ағалы-қарындас А.Ж. ҳәм С.Ж.лардың (адам атларын қысқартып жазыўды мақул көрдик – И.М.) ата-анасы қайтыс болғанлығы себепли қыйын жағдайға түсип, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден қарыздарлығы көбейип, тармақтан үзип қойылған еди.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ф.Халилаев тәрепинен усы мәселе қадағалаўға алынып, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден болған 3 млн сумлық қарыздарлығы депутат тәрепинен төлеп берилген.

 

Сондай-ақ, үйдиң жылытыў системасын сазлаў ҳәм үйди оңлаў жумыслары да усы қайырлы жумыслардың даўамы сыпатында баслап жиберилген.

Хожели районындағы «Водник» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын пуқара Г.С.ның өзи пенсионер, өмирлик жолдасының жумысқа жарамсыз екенлиги ҳәм материаллық жағдайының төменлиги себепли үйине газ тармағын тартыў бойынша еткен мүрәжаты халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутаты С.Мамутова тәрепинен қадағалаўға алынып, депутат басламасы менен пуқараның үйине газ тармағы тартып берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.