O’zLiDeP партиясынан халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутаты Светлана Мамутованың әмелий жәрдеми менен «Водник» посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы Гүлсара Сейбуллаеваның  үйине тәбийғый газ тармағы тартып берилди.

Депутат усы аймақтағы Толқын көшеси 40-үйде жасаўшы пуқараның жасаў шараяты менен танысып, бүгинги күнги машқалаласын үйренди. Гүлсара апа 35 жыл мектепте муғаллим болып ислеген.  Ҳәзир ҳүрметли дем алыста.

Өмирлик жолдасы жумысқа жарамайды. Оның үйиниң әтирапына газ тармағы келип турғанына бираз ўақыт болғаны менен, 2009-жылдан берли ошаққа отын жағып, аўқат таярлайды.

Усы күнге шекем газ тартыўға материаллық шараяты болмаған. Өмирлик жолдасы ҳәр күни отын шабыў менен бәнт. Районлық Кеңестиң депутаты тийисли мәкеме қәнигелерин шақырып, машқаланы шешип бериўге киристи. Аўыл ақсақалы Көптилеў Оспанов пенен биргеликте өзиниң есабынан керекли болған трубаларды сатып алды ҳәм газ тармағын тартып берди.

Нәтийжеде депутаттың жәрдеми менен бул шаңарақтың көп жылдан берги машқаласы шешимин тапты.  Машқаланың үлкен-кишиси болмайды. Ҳәр бир мүрәжат артында инсан тәғдири бар екенлигин умытпаўымыз тийис. Себеби, бизиң елимизде инсан  мәпи ҳәр нәрседен үстин турады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги