Усы жыл 23-ноябрь күни Қараөзек районы ҳәкимиятында Президентимиздиң «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  қарарының  орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған илажлар бойынша мәжилис өткерилди.  

Оған райондағы төрт сектор басшылары, депутатлар, тийисли тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти район ҳәкими У.Утамбетов басқарып барды.

Онда Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген қарарының  орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳәм олардың орынланыўы ҳаққында кең түрде атап өтилип,  қарарға муўапық районды 2020-2023-жыллары комплексли раўажландырыў бағдарламасы бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Атап айтқанда, 2020-2023-жыллары районда жәми  879,1 млрд. сумлық 93  инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы белгиленген. Соннан  34 түрдеги социаллық тараў объектлери,  жол-транспорт, инженерлик-коммуникация тармақларында қурылыс оңлаў жумысларын алып барыў нәзерде тутылып, оған 152,3 млрд сум қаржы ажыратыў белгиленди.  Сондай-ақ,  726,8 млрд. сумлық 59 инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилди.

Мәжилисте тараў басшылары тәрепинен район орайынан жаңадан заманагөй көринистеги амфитеатр, «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйыны орайынан 100 орынға мөлшерленген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў, район аймағындағы жарамсыз ҳалда болған 15 км узынлықтағы 21 көшеге қурылыс оңлаў жумысларын алып барыў бойынша пикир – усынысларын билдирди.

Мәжилис қатнасыўшылары райондағы бир қатар өндирис кәрханаларының жумыслары менен танысты.

Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы Ф.Боқиев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги