Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясын жуқтырып алыў бойынша эпидемиологиялық турақлылық тәмийинленгенине қарамастан усы жылдың октябрь-ноябрь айларында Нөкис қаласы, Беруний, Әмиўдәрья, Төрткүл, Шымбай, Шоманай, Қараөзек, Тақыятас районларында жаңадан кеселлениў жағдайлары дизимге алынған.

24-ноябрьге шекемги мағлыўматларда кеселленгенлердиң саны 819ға жеткен. Соннан, толық саўалғанлардың саны 799 адамды қурады. Қайтыс болғанлар 0,73 процентин қурайды. Жәми 138003 пуқара карантинге алынып, медициналық бақлаўда болған. Соның 135 мың 826сы карантиннен шығарылған, 2177 пуқара ҳәзирги ўақытта карантинде сақланбақта.

Усы жылдың 10 айы даўамында санитариялық қадағалаў пунктлеринде 136873 жолаўшы, соннан 35363 сырт ел пуқаралары тексериўден өткерилген. Олардың арасынан жүдә қәўипли жуқпалы кеселликлерге гүман етилгенлер анықланбаған. Ҳәзирги ўақытта СҚПлар арқалы пуқаралардың өткерилиўи шекленген, тек транзит жөнелисли автотранспорт басқарыўшылары өткерилмекте.

Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажлары ушын химия комбенизоны, медициналық халат, респиратор, бахила, медициналық нықап, коронавирус инфекциясын анықлаў ушын тест системалары ҳәм басқа да, қорғаныў көз әйнеги, резина етик,  медициналық қолғап,  ностерил қолғап, хожалық қолғабы, биохлор актив элементи, қуты антисептикалық гел, антисептик ОП элементи, пирометр, жүз ушын шиток, гипохлорид кальций элементи, медициналық қалпақ, суйық сабын сыяқлы барлық керекли әсбап-үскенелер, дәрилер жеткерип берилмекте.

Сондай-ақ, Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелери 5 монитор реан үскенеси, 610 пульсоксиметр, 3 портатив УЗИ, Logiq V-2 үскенеси, 2 YUWELL аппараты, 2 жасалма дем алдырыў аппараты, 1 «атсос» үскенеси, 2 кардиомонитор, 1 көшпели рентген үскенеси, 3 кислород концентрат үскенеси, 1 инкубатор (термошейкер), 1 «Прибор 1ТДВ120 термостат», 4 ТЕСТО 890 тепловизор үскенеси менен Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиялогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети тәрепинен тәмийинленип, орынларға жеткерип берилген.

– Булардан басқа, басқармамыздың қаржылары есабынан 3000 қорғаныў комбенизоны, 2000 респиратор, 1000 медициналық нықап ҳәм 24188 килограмм гипохлорид кальций дезинфекциялық элементи сатып алынып, пандемияны жумсартыў жумысларына тартылды,-дейди Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының баслығы Б.Қутлымуратов. – Коронавирус (COVID-19) инфекциясын анықлаў бойынша 4 лаборатория шөлкемлестирилди. Олар СЭТ ҳәм ЖСХ Қарақалпақстан Республикалық басқармасы, Республикалық тиф, карантин ҳәм жүдә қәўипли кеселликлер профилактикасы орайы, Республикалық АИЖСқа қарсы гүресиў орайы ҳәм СЭТ ҳәм ЖСХ Қоңырат районлық вирусология лабораториясында ПШР (полимераза шынжыр реакциясы) анализлери алып барылды.

Ноябрь айында Қоңырат, Шымбай, Беруний ҳәм Хожели районларына коронавирус (COVID-19) инфекциясын анықлаў ушын қосымша  ПШР комплекти берилди.

Ҳәзирги ўақытта барлық лабораториялар суткасына 1500 анализ ислеў қуўатлылығына ийе. Әмелдеги тексериўлер 800-1000 әтирапында болмақта. Үлги тапсырылғаннан кейин 24 саат ишинде жуўаплары таярланбақта.

«Даўыт ата» бажыхана постында республикамызға сырт елден кирип келген пуқараларды экспресс тест усылында тексериў жолға қойылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги