Президент Шавкат Мирзиёев 23-ноябрь күни Ташкент қаласында жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға байланыслы концепция презентациясы менен танысты.

Пайтахтымызда халық та, транспорт қураллары да көбейип бармақта. Соңғы 10 жылда қалада автомобильлердиң саны 250 мыңнан 510 мыңға шекем, яғный 2 есеге артқан.

Усыған сәйкес түрде, транспорт инфраструктурасы да раўажландырылмақта. Жаңа жоллар, көпирлер, жер үсти метросы қурылмақта.

Атап айтқанда, усы жылы Ташкент метрополитениниң «Юнусобод» бағдарында 2 станция және жер үсти айланба жолының биринши басқышы иске қосылды. Жәмийетлик транспортта 56 жөнелис оптималластырылды. Олардың нәтийжесинде 170 мың халықтың транспорт хызмети жақсыланды, олардың транспортқа кететуғын ўақты орташа 15-20 минутқа қысқарды.

Бирақ пайтахтымыз көшелеринде жүклеме көп, жол ҳәрекетин тәртипке салыўда кемшиликлер жетерли. Транспорт қуралларының тығылыслығы жылдан-жылға артып бармақта.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласында жәмийетлик транспорт системасы ҳәм инфраструктурасын жетилистириў бойынша тапсырма берген еди.

Пайтахтымыз көшелериндеги машқалалар компексли үйренип шығылды. Геоинформациялық система арқалы транспорт ҳәм жолаўшылар ағымы үйренип шығылды.

Презентацияда мине усы таллаўлардың нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берилди.

Ташкент қаласында 500 ден аслам үлкен кесилиспелер бар болып, олардың 200 инде транспорт қуралларын оператив өткериў дәрежеси төмен. Автомобиль тоқтаў орынлары жетиспеўшилиги себепли жолдың биринши қатарында машиналар жыйналып, қатнаўға кесент етпекте. Айдаўшылар ушын мағлыўмат белгилери де жетиспейди. Пиядалар ҳәм велосипедлердиң ҳәрекети ушын қолайлылық аз.

Усы сыяқлы комплексли таллаўлар тийкарында Ташкент қаласында жол инфраструктурасы ҳәм жәмийетлик транспорты системасын жетилистириў бойынша бас режениң дәслепки жойбары ислеп шығылды.

Атап айтқанда,  пайтахттағы 24  ири кесилиспениң ҳәрекетлениў тәртибин оптималластырыў, бул арқалы орташа тоқтаўлар санын 71 процент ҳәм ўақтын 48 процент, тығылысты 64 процент, жанар май жумсалыўын 34 процентке азайтыў мүмкин екенлиги есап-санақ етилген.

Ташкент қаласындағы жәмийетлик транспортты жақсылаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы жолаўшы тасыў хызметлеринен халықтың пүткиллей наразы екенин атап өтти. Мәселен, 79 жөнелистеги автобуслар интервалы тығыз ўақытларда 30 минутқа шекем кешикпекте. Ақыбетте адамлар басқа транспорт қуралларынан пайдаланыўды абзал көрмекте. Ҳәзирги күнде қалалық жәмийетлик транспортта  тек ғана 33 процент жолаўшы жүрмекте. Раўажланған мәмлекетлер пайтахтында бул көрсеткиш 60-70 процентти қурайды.

Соның ушын ҳәзирги инфраструктураны жақсылап, жәмийетлик транспорт ҳәрекетиниң тезлиги ҳәм халық ушын қолайлылығын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы жәмийетлик транспорт системасында жаңа басқарыў усылын енгизиў, метрополитен, автосарайлар ҳәм жөнелисли такси кәрханаларын бир-бирине байланыстырыў, мәлимлеме технологиялары тийкарында олардың өз-ара интеграциясын тәмийинлеў керек екенлигин атап өтти.

Оның ушын метрополитенди басқарыў және «Ташшаҳартрансхизмат» акционерлик жәмийетиниң буйыртпашы ҳәм қадағалаў функциялары қалалық транспорт басқармасына өткериледи. Қаржыландырыў да басқарма тәрепинен әмелге асырылып, транспорт кәрханаларына ҳақыйқый орынланған жумыс көлеми, басып өтилген аралыққа қарап қаржы ажыратылады.

Жуўапкерлерге Ташкент қаласында жәмийетлик транспортты бирден-бир система тийкарында тәртипке салыў, қаржыландырыў ҳәм дифференцияласқан тарифлерди белгилеў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Тығылыс бақланып атырған көп қатарлы жоллардың бир бөлегин жәмийетлик транспорт ушын ажыратыў, орайлық көшелерде паркоматлар шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди. Соның менен бирге, пиядалар ҳәм велосипедлердиң жолларын көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

«Ташшаҳартрансхизмат» жәмийетин толық трансформациялаў, Транспорт университетиниң жумысын жетилистириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Жәмийетлик транспорт системасының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселесине де итибар қаратылды.

Ташкенттеги тәжирийбе тийкарында басқа қалаларда да жол- транспорт системасын қайта көрип шығып, орайлық көшелерди үлгили түрде өзгертиў, атап айтқанда, Самарқандта жәмийетлик транспортты оптималластырыў, халық ҳәм туристлер ушын қолайлы шараят жаратыў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА