Бүгин республикамыз аймақлары үстиндеги антициклонның суўық перифериясы күшлене баслады, республикамыздың барлық аймақларында ҳаўа райы ашық болып, ҳаўаның температурасы 2 градус суўықтан 3 градус жыллыға шекем бираз көтерилди.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, 24-25-ноябрь күнлери республикамыз аймақларына Қазақстан аймақларынан және ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. Бирақ, бул массалар алдынғысындай оншелли суўық болмайды. Бул ҳаўа массалары нәтийжесинде 24-ноябрьде Қарақалпақстанда айрым жерлерде бираз қар жаўыўы мүмкин. Ҳаўа бултлы болып, айрым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

 

Ҳаўаның температурасы 24-ноябрьде түнде 5-10 градус суўық, күндиз 2 градус суўықтан 3 градус жыллы аралығында болады.

 

25-ноябрьде ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўық, күндиз 2 градус суўықтан 3 градус жыллы аралығында болады.

 

26-ноябрьде антициклон перифериясы артқа шегинеди. Республикамыз аймақларына дерлик жыллы ҳаўа массалары кирип келеди. Республика бойлап жаўын-шашынларсыз ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Түнде суўық бираз күшсиз болады ҳәм 0-5 градус суўықты қурайды, күндиз ҳаўаның температурасы 7-10 градус жыллыға шекем көтериледи, бул температураның нормалық көрсеткишлерине жақын болып есапланады.

 

27-ноябрьде Қарақалпақстан аймақларына Кавказ аймақларынан ығал ҳәм суўық ҳаўа массалары кирип келиўи менен айрым жерлерде қар жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде минус көрсеткишлерге шекем бираз көтериледи, күндиз 5-10 градус жыллы әтирапында болады.

 

28-нобярьде Қарақалпақстанда жаўын-шашын болыўы күтилмейди. 27-28-ноябрь күнлери айрым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте. Ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўықтан 2 градус жыллы аралығында, күндиз 2-7 градус жыллы болады. Айрым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотосы.