Илимпазлар усы жылдың 21-декабринде Қуяш батқанынан соң Юпитер ҳәм Сатурн түнги аспанда Орта әсирлерден берли ең жақын аралыққа келиўин болжамақта. Сийрек гезлесетуғын астрономиялық ҳәдийсе ҳаққында «Phys.org» басылымына тийкарланып «Қалампир» хабар берди.

 

Еки газ гиганты дерлик ҳәр 20 жылда бир-бирине жақын аралыққа келеди. Бирақ, олар бир-бирине кемнен-кем жағдайларда усындай болып жақынласады. Соңғы мәрте бундай жақынласыў 1226-жылы 4-мартта жүз берген. 16-25-декабрь күнлери Юпитер ҳәм Сатурн арасындағы анық аралық толысқан айдың бестен бир бөлегине тең болып, еки планета қосылған планетаға уқсап көринеди.

Жердиң экваторында жасайтуғын адамлар буны көриў ушын жақсы имканиятқа ийе болады. Егер де ҳаўа райы кесент етпесе, ҳәдийсени басқа жерлерден де бақлаў мүмкин болады.

 

Планеталар Қуяш батқаннан бир саат кейин аспанның батысында көрине баслайды. Бақлаўшы қаншелли арқада жайласқан болса, планеталар горизонт артына шөкпестен онда усы ҳәдийсени бақлаў ушын соншелли аз ўақыт болады. Бирақ, Юпитер ҳәм Сатурн соншелли жақты болып, оларды түнде де көриўге болады.

 

Қәнигелердиң мәлим етиўинше, планеталар кейинги сапар 2080-жылы 15-мартта, соңынан 2400-жылы бир-бирине жақын келеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.