2020-жыл 20-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тоғызыншы жалпы мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Бул жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери және «Узрепорт» телеканалы арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Сенат ағзалары тәрепинен 17 мәселе, соның ишинде, 6 нызам додаланды.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жылдың тоғыз айы даўамында Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўының барысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Соны атап өтиў керек, 163 нормативлик-ҳуқуқый ҳүжжет ҳәм 121 илажлар бағдарламасы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў нәзерде тутылған Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў ҳәм турақлы  мониторинг етип барыў бойынша ҳүкиметте бир пүтин система жаратылған.

Көрилген илажлар нәтийжесинде есап бериў дәўиринде сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлер есабынан 8,7 млрд. АҚШ доллары муғдарында қаржылар өзлестирилген.

Социаллық ҳәм инфраструктура объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў ушын 2 трлн. 824 млрд. сум, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ушын 1 трлн. 211 млрд. сум қаржы ажыратылған.

Быйылғы жылдың III шерегинде бюджетке дерлик 36,3 трлн. сумлық дәраматлар түскен.

Усы күнге шекем Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жәми 111 ҳүжжет қабыл етилген. Атап айтқанда, 2 нызам, Олий Мажлис палаталарының 5 қарары, Президенттиң 18 пәрманы ҳәм 20 қарары, Министрлер Кабинетиниң 21 қарары ҳәм бийлиги және 45 илажлар бағдарламасы қабыл етилген ҳәм орнатылған тәртипте орынланыўы қадағалаўға алынған.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў, әсиресе, орынлаў мүддети жыл даўамында белгиленген бәнтлердиң орынланыўына айрықша итибар қаратыў, бағдарламада белгиленген ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыўды жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Бунда ҳәр бир жуўапкер бул бағдарлама, бәринен бурын, адамларды разы етиў ҳәм мәмлекетти раўажланған еллер қатарына алып шығыўға қаратылғанлығы көзқарасынан қатнас жасаўы  зәрүрлиги айтып өтилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикаси Нызамының министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымлары тәрепинен орынланыўы ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, алып барылған үйрениў даўамында әмелге асырылған жумыслар менен бирге системалы қәте-кемшиликлер бар екенлиги анықланды.

Атап айтқанда, нызамға муўапық ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен өткерилетуғын ғалаба илажларды (мәжилис, кеңес, ушырасыў, баспасөз әнжуманы, брифинг ҳәм басқалар) шөлкемлестириў ҳәм өткериў және ҒХҚ ўәкиллерин хабардар етиў тәртиби ислеп шығылмаған. Ақыбетте ҒХҚ ўәкиллери ғалабалық илажлар ҳаққында хабарсыз қалған болса, екинши жағынан ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тек өзине жақын болған ҒХҚны хабардар етиў жағдайлары жүзеге келген.

Жергиликли ҳәкимликлер қабыл етип атырған қарар жойбарларын додалаўлар тек халық арасында ғана емес, ал, ҒХҚ ўәкиллери арасында да додаланыўы шөлкемлестирилмеген.

Жиззақ ўәлаятының Ғәллеарал, Наманган ўәлаятының Чуст ҳәм Наманган, Ферғана ўәлаятының Ферғана ҳәм Алтыарық, Самарқанд ўәлаятының Пастдарғам районлары ҳәкимликлериниң веб-сайтларында «Пуқаралардың мүрәжатлары» бойынша рубрика улыўма шөлкемлестирилмеген.

Үйренилген аймақларда халықты қыйнап атырған бар машқалалар бир мәрте де ҳәкимият уйымларының веб-сайтлары ҳәм басқа мәлимлеме дереклеринде жарытылмаған.

ҒХҚ жиберген мүрәжатларға ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен өз ўақтында мүнәсибет билдирилмеген. Атап айтқанда, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў (176), Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў (140), Денсаўлықты сақлаў (132), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары (47), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў (39) министрликлери, Жоқары суд (59), «Өзбекнефтьгаз» (19), «Өзавтосанаат» (15) акционерлик жәмийетлери, Ташкент қаласы ҳәкимлиги (325), Самарқанд (78), Ташкент (78) ҳәм Хорезм (31) ўәлаятлары ҳәкимликлери жәми 1139 мүрәжатларға жуўап бермеген.

Нызамға бола ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының рәсмий веб-сайтларында жайластырылған жумысқа байланыслы мағлыўматлар жаңаланып барылмаған. Айырым рубрикаларға болса мағлыўматлар улыўма жайластырылмаған.

5 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемниң рәсмий веб-сайтлары жоқ.

Үйренилген ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен мәлимлеме усыныў ушын лаўазымлы шахс белгиленбеген, жумыстың ашық-айдынлығын бузған лаўазымлы шахсларға тийисли шаралар көриў механизми енгизилмеген.

Сондай-ақ, нызамға бола ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларында ашық коллегия мәжилислеринде қатнасыў тәртиби енгизилмеген. Ақыбетинде ҒХҚ ўәкиллериниң ашық коллегия мәжилислериндеги қатнасыўы тәмийинленбеген.

Талланған 113 баспасөз хаткеринен 12 синиң (11 процент) жумыс нәтийжелери жоқары, 55 си (47 процент) орта дәрежеде баҳаланған болса, 20 сы (18 проценти) қанаатландырарлы, 26 сының (23 проценти) жумысы төмен дәрежеде деп табылған.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының рәсмий веб-сайтларында жайластырылған мәлимлеме-мағлыўмат материалларда орфографиялық ҳәм грамматикалық қәтелер сақланып қалған.

Сондай-ақ, түрли социаллық тармақлар, топарлар, каналлар ҳәм интернет бетлеринде машқалалар физикалық шахслар тәрепинен түрли мыш-мышлар бөрттирилген ҳәм тийкарланбаған тәризде тарқатылмақта. Бул болса халықтың арасында түсинбеўшилик ҳәм наразылықлардың кескин артып кетиўине себеп болмақта.

Айырым министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлар ғалаба хабар қураллары  арқалы мүрәжатларға өз ўақтында мүнәсибет билдирмей келмекте. Сын пикирлер болмақта, бирақ, оларға жуўап жоқ. Бундай жағдайлар, тилекке қарсы, министрликлер ҳәм уйымлардың абырайын түсириўге алып келип, адамларда реформалар тәғдирине исенимсизлик кейпиятын келтирип шығарыўы мүмкин.

Үйрениўлер нәтийжесинде анықланған машқала ҳәм кемшиликлер ситемалы екенлигин және олардың шешими түпкиликли өзгерислерди талап ететуғынын көрсетеди.

Атап өтилген кемшиликлер ҳәм тараўда ушырасып атырған машқалаларды системалы өзгерислер арқалы шешиў бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соңынан «Геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикаси Нызамы додалаў орайында болды.

Ҳәзирги күнде жүз берип атырған аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынаятлар толық ашылыўы ҳәм жаза сөзсиз екенлигин тәмийинлеўди талап ететуғынын атап өтиў керек. Бунда жынаятшылар тәрепинен ҳәдийсе орынларында өз излерин қалдырмаў мақсетинде түрли усыллардан пайдаланылмақта.

Ашылмаған жынаятлар болса өз гезегинде жынаятшыларға жазаланбаслық сезимин күшейтип, келешектеги жынайый ислерин даўам еттириўге имкан бермекте. Сонлықтан бул нызамның қабыл етилиўи менен Геном мәлимлемеси мағлыўматлар базасы жәрдеминде жынаятларды ашыў механизминиң енгизилиўи қурамалы ҳәм оғада аўыр және ашылмаған жынаятлардың ашылыўына мүмкиншилик жаратады.

Бул нызамның қабыл етилиўиниң әҳмийетли тәрепи сонда, бул тараўға заманагөй усыл ҳәм технологияларды енгизиў айрықша әҳмийетке ийе болады. Өз гезегинде, шет ел тәжирийбеси жынаятшылық пенен гүресиўде Геном мәлимлемеси мағлыўматлар базасы жәрдеминде жынаятларды ашыў айрықша әҳмийетке ийе болып, жоқары нәтийже берип атырғанын көрсетпекте.

Ҳәзирги күнде жынаят ислеў усыллары да жетилисип бармақта. Олардың тийкарғы мақсети жынаят исленген жерде қалдырылатуғын излерди минималластырыўдан ибарат болып, бул болса исленген жынаятларды ашыў процесслерин қыйынластырмақта. Геном мәлимлемеси мағлыўматлар базасы жәрдеминде жынаятларды ашыў механизминиң енгизилиўи салыстырмалы қурамалы, оғада аўыр ҳәм ашылмаған жынаятларды ашыўға имкан жаратыў менен бирге қылмыс ушын жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлейди.

Геном мәлимлемесиниң бирден-бир мағлыўматлар базасының жаратылыўы өз гезегинде бийдәрек жоғалған шахсларды табыў ҳәм табылған өли денелердиң шахсын анықлаўда олардың жақын туўысқанлары менен идентификациялаў имканиятын жаратады.

Суд-тергеў уйымларының дәлиллеў базасын беккемлейди, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды, сондай-ақ, жынысый еркинликке қарсы жынаятларды ислегени ушын ҳүким етилген шахслардың Геном мәлимлемеси мағлыўматлар базасын жүргизиў арқалы олар тәрепинен бул түрдеги жынаятлардың қайта ислениўиниң алдын алады.

Сондай-ақ, нызам менен бир қатар жаңалықлар киргизилмекте.

Атап айтқанда, нызамда биологиялық материал, геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў, геномға байланыслы мәлимлеме ҳәм оны қайта ислеў, геномға байланыслы мәлимлемениң бирден-бир мағлыўматлар базасы, адам ДНКсының суд-биологиялық экспертизасы шахстың биологиялық туўысқанлары сыяқлы түсиниклерге анықлық киргизилмекте. Соны айрықша атап өтиў керек, нызамшылыққа «Шахстың биологиялық туўысқанлары» деген жаңа түсиник те кирип келди.

Геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў шеңбериндеги ўәкилликли уйымлардың ҳуқықлары менен миннетлемелери белгиленбекте. Геномға байланыслы мәлимлемелердиң бирден-бир мағлыўматлар базасын жүргизиўди әмелге асырыўшы ўәкилликли мәмлекетлик уйым ­ Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги есапланады. Геномға байланыслы мәлимлеме инсанға тийисли болған оғада нәзик ҳәм әҳмийетли болған конфиденциал мәлимлеме болғаны себепли оның толық сақланыўы ҳәм сырлылығын тәмийинлейди.

Буннан тысқары, нызамға муўапық геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў мәжбүрий ҳәм ықтыярый түрде әмелге асырылады.

Мәжбүрий ­ аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислеўде гүман етилиўши, айыпланыўшы сыпатында тартылған, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислегенлиги ушын ҳүким етилген шахслар, сондай-ақ, жынысый еркинликке қарсы жынаятлар, он алты жасқа толмаған шахс пенен жынысый қатнас жасаў ҳәм он алты жасқа толмаған шахсқа уятсыз-бузық ҳәрекетлер ислеў менен байланыслы жынаятларды ислегенлиги ушын ҳүким етилген шахслар.

Сондай-ақ, шахсы анықланбаған шахслардың тергеўге шекем тексериў, сорастырыў, дәслепки тергеў ҳәм суд процесинде алынған биологиялық материаллары, танып алынбаған өли денелер (дене қалдықлары, бөлимлери) де мәжбүрий түрде әмелге асырылады.

Ықтыярый ­ геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў Өзбекстан Республикасы пуқараларының, шет ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың жазба арзаларына бола төлемли тийкарда әмелге асырылады.

Буннан тысқары, бийдәрек жоғалған шахсларды излеўге жәрдемлесиў мақсетинде олардың биологиялық туўысқанлары бийпул тийкарда геном бойынша ықтыярлы түрде мәмлекетлик дизимге алыўдан өтиўи мүмкин.

Нызам менен геномға байланыслы мәлимлемени алыў, оны қайта ислеў ҳәм оны қорғаўдың тийкарғы талаплары белгиленбекте.

Сондай-ақ, геном бойынша мәмлекетлик дизимге алынған мәлимлемеден:

– жынаятлардың алдын алыў, оларды ашыў ҳәм тергеў, сондай-ақ, оларды ислеген шахсларды паш етиў ҳәм анықлаў;

– бийдәрек жоғалған шахсларды излеў;

– танып алынбаған өли денелердиң (дене қалдықларының, бөлимлериниң) шахсын анықлаў;

– биологиялық туўысқанлықты анықлаў мақсетинде пайдаланылады.

Бул болса халықаралық ҳуқық нормаларына толық жуўап беретуғын нызамлылық, адамгершилик, сырлылық принциплерине әмел етилиўин тәмийинлейди.

Және бир тәрепи. Биологиялық материал ҳәм геномға байланыслы мәлимлемени сақлаў мүддетлери  ҳәм жоқ етип таслаўдың тәртиплери белгиленбекте.

Егер шахс өзиниң барлық биометрикалық мағлыўматларының нызамшылық тийкарында мәмлекетлик дизимге алынғанлығын сезсе ҳәм ҳәр қандай жынайый қылмысының паш етилиўин алдыннан аңлап жетсе, көпшилик жағдайларда бул жынаят ислеўден қайтарады.

Мәжилисте ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен оператив-излеў жумысында нызамлылық тийкарында қәлиплестирилген пуқаралардың биометрикалық мағлыўматлары ҳаққындағы мағлыўматлар базасы мәмлекетимизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, жәмийет ҳәм мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеўде айрықша әҳмитйетке болатуғыны атап өтилди.

Сенаторлар тәрепинен «Геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы мақулланды. Нызам 2023-жыл 1-январьдан баслап күшке киреди.

Олий Мажлис Сенатының тоғызыншы жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кәсиплик аўқамы ­ пуқаралардың өз жумысы яки оқыўы түри бойынша улыўма кәсиплик мәплери менен байланыслы болған, олардың мийнетке байланыслы, басқа да социаллық-экономикалық ҳуқықлары менен мәплерин аңлатыў ҳәм қорғаў мақсетинде дүзилетуғын, өз уставы тийкарында хызмет көрсететуғын ықтыярлы жәмийетлик бирлеспе.

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының қурамына кириўши 14 тармақлық кәсиплик аўқамы 32,5 мыңнан аслам басланғыш шөлкемлерди бирлестирген, ағзалар саны 5,5 миллионды қурап, олардан 2,5 миллионы ҳаял-қызлар ҳәм 2 миллионнан артығы 30 жасқа шекемги болған жаслар болып табылады.

Өзбекстан Республикасының «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы Нызамы менен бул структураларға қосымша ҳуқықлар берилген. Кәсиплик аўқамлары социаллық-экономикалық бағдарламаларды дүзиўде қатнасыў, бәнтлик, мийнетти қорғаў мәселелеринде өзлериниң пикирлерин мәмлекетлик уйымларға усыныс түринде киргизиў сыяқлы ҳуқықларға ийе.

Жаңа нызам менен 11-ноябрь ­ Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары күни, деп белгилениўи халқымыздың көп миллионлы ўәкиллерин өзинде бирлестирген система хызметкерлериниң аўызбиршилигин, тилеклеслигин және де беккемлейди.

Әйне пайытта республикамызда нызам менен тастыйықланған 25 байрам белгиленген болып, 9 ы дем алыс күнлери, 16 сы болса дем алмастан белгиленетуғын кәсиплик байрамлар болып табылады.

Бундай байрамлар Австрия, АҚШ, Греция, Индонезия, Канада, Латвия, Сингапур, Франция, Қытай, Швейцария сыяқлы мәмлекетлерде, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан сыяқлы ҒМДА мәмлекетлеринде белгиленип келинбекте.

Нызамның қабыл етилиўи кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин, бәринен бурын, мәнаўий қоллап-қуўтлаў, олардың және де нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў, шөлкемниң пидайы хызметкерлерин хошаметлеўге хызмет етеди. Бул болса мийнеткешлердиң ҳуқықларының қорғалыўы бойынша жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршеңлигин арттырыўға тийкар жаратады.

Мәжилисте бул сәне мийнеткешлердиң ҳуқықларының қорғалыўына мәмлекет көлеминде үлкен итибар берилип атырғанының және бир көриниси болатуғыны айрықша атап өтилди.

Сенат ағзалары бул нызамды мақуллады.

Буннан кейин «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен геолог» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы көрип шығылды.

Өзбекстанда қурылыс материаллары бойынша 867, жер асты суўларының 649, углеводородлар (нефть, газ, конденсат)дың 244, баҳалы металлар (алтын, гүмис)дың 97, реңли ҳәм сийрек ушырасатуғын металлардың 12, радиоактив металлардың 38, кән шийки затларының 37, кән-химияның 32, баҳалы таслардың 30, көмир ҳәм нефть сланециниң 7, қара металлардың 5 ресурсы атап өтилген.

Айырым пайдалы қазылмалар (алтын, уран, мыс ҳәм басқалар)дың запаслары бойынша Өзбекстан дүньяның жетекши мәмлекетлери қатарына киреди. Абырайлы халықаралық консалтинг компанияларынан бири ­ BCG есап-санақларына бола, кейинги он жыл ишинде мәмлекеттиң инвестициялық потенциалы 65 миллиард АҚШ долларын қураўы күтилмекте.

«Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен геолог» ҳүрметли атағының шөлкемлестирилиўи экономикамыздың қүдиретин арттырыўға ҳәр тәреплеме итибар қаратылып атырғаны менен түсиндириледи.

Бул ҳүрметли атақ пенен, атап айтқанда, тараўда терең билимге ийе кадрлар таярлаўдағы мүнәсип хызметлери ушын геология, геофизика, гидрогеология, топография-геодезия, жер асты байлықлары геологиясы ҳәм излеў тармағының геологлары ҳәм инженер-техник хызметкерлери және илимий-изертлеў мәкемелериниң тәжирийбели қәнигелери сыйлықланады.

Бул нызамның қабыл етилиўи мүнәсибети менен «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққынд»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына тийисли қосымшалар ҳәм өзгерислер де киргизилмекте.

Сенат ағзалары тәрепинен бул нызам мақулланды.

Соң «Мүлк ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң кепилликлери және де күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Соңғы жылларда жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының Конституцияда кепилленген қол қатылмаслығын тәмийинлеў бағдарында бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте.

Лекин, айырым орынларда бул нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң әмелде орынланыўы тәмийинленбеген. Буны усы бағдарда Сенатқа келип түсип атырған мүрәжатлар санының дерлик еки есеге көбейгенинен көриў мүмкин.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен жергиликли ҳәкимликлердиң қарарларын ҳақыйқый емес деп табыўға байланыслы 2019-жылда жәми 3 мыңға шамалас ислер көрилген болып, олардың 42 проценти қанаатландырылған.

Сонлықтан, бул нызам менен «Мәмлекет қарамағынан шығарыў ҳәм меншиклестириў ҳаққында»ғы, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы, «Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына және Жер кодексине өзгерислер киргизилмекте.

Буннан гөзленген мақсет, биринши гезекте, жер участкасын яки оның бир бөлегин мәмлекет ҳәм жәмийет зәрүрликлери ушын ҳәкимлер тәрепинен алып қойылыўын қадаған етиў белгилеў болып есапланады.

Өз орнында, киргизилип атырған нормаға тийкарланып, жер участкасын яки оның бир бөлегин мәмлекет ҳәм жәмийет зәрүрликлер ушын алып қойыў жер ийесиниң келисими болған жағдайда яки жерден пайдаланыўшы ҳәм ижарашы менен келисилген ҳалда тийислисинше халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң қарарына яки Министрлер Кабинетиниң қарарына байланыслы әмелге асырылады.

Қала берсе, әмелдеги қағыйдалардан басқаша түрде, енди жер участкасына яки оның бир бөлегине ийелик етиў ҳуқықы яки оннан пайдаланыў ҳуқықы, сондай-ақ, жер участкасын ижараға алыў ҳуқықын бийкар етиў көпшилик жағдайларда суд тәрепинен әмелге асырылады. Бундай жағдайлар етип, нызамда жер участкасынан белгиленгенинен басқа мақсетлерде пайдаланыў, жер участкасынан ақылға уғрас пайдаланбаў, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде жер салығын турақлы төлемеў сыяқлылар белгиленбекте.

Өз орнында, район, қала, ўәлаят ҳәкимлериниң қарары яки Министрлер Кабинетиниң қарары менен жер участкасына ийелик етиў ҳуқықы яки оннан пайдаланыў ҳуқықын тек төрт жағдайда сапластырыў әмелге асырылыўы мүмкин. Яғный, жер участкасынан ықтыярлы  түрде ўаз кешилгенде, жер участкасы берилген мүддет тамам болғанда, юридикалық шахс сапластырылғанда, хызметте пайдаланыў ушын жер бериўге тийкар болған мийнетке байланыслы қатнасықлар бийкар болғанда.

Буннан тысқары, нызамда кәрхана ҳәм шөлкемлерди мәмлекет қарамағынан шығарыў ҳәм мүлкти меншиклестириў нәтийжелериниң қайта көрип шығылыўы ҳәм бийкар етилиўине жол қойылмаслығын нәзерде тутыўшы өзгерис киргизилиўи белгиленбекте.

Бул нызамның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде мүлк ийелериниң ҳуқықлары, оларды өз мүлкине болған мүлк ҳуқықынан тийкарсыз түрде айырыўдан қорғаў кепиллиги беккемленеди. Қала берсе, жер участкаларының алып қойылыў мүнәсибети менен мүлк ийелерине жеткерилген зыянларының орны, соның ишинде, мәмлекет тәрепинен толық қапланады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша илажлар қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Бул нызам менен «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамға ҳәм Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Өзгерис пенен баҳа асып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде быйылғы жылдың ақырына шекем айырым түрдеги акциз салығы ставкаларын өзгериссиз сақлап турыў нәзерде тутылмақта.

Қала берсе, аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ҳәм балық жетистириў ушын пайдаланылған суў көлемлери бойынша салық ставкаларының белгиленген муғдардан 50 процентке азайтылыўы да белгиленбекте.

Нызам менен айрықша жағдайларда, яғный коронавирус пандемиясы шараятында салық миннетлемелерин орынлаў белгиленетуғынын атап өтиў зәрүр. 2020-жылда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен салықларды ҳәм взнос төлемлерин төлеўди процентсиз кешиктириў яки бөлип-бөлип төлеўди усыныс етиў, сондай-ақ, қосымша ўақтынша салық жеңилликлерин бериў нәзерде тутылады.

Буннан тысқары, салықлардан жеңилликлер бериў бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына берилетуғын ҳуқықлар да өзгерислерде өз көринисин таппақта.

Нызамның мақулланыўы экономикалық реформалардың турақлылығын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың тоғызыншы жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам да додалаў орайында болды.

Бул ҳүжжет пенен бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, орынларға қатты турмыслық шығындыларды ҳәм қурылыс шығындыларын таслаў, сондай-ақ, суйық турмыслық шығындыларды төгиў ушын жуўапкершиликти күшейтиў арқалы бундай ҳуқықбузарлықлар ислениўиниң алдын алыў, пуқаралардың қоршаған тәбийғый орталыққа абайлылық пенен мүнәсибетте болыўын нәзерде тутыўшы конституциялық миннетине қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетинде Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерислер белгиленбекте.

Бүгинги күнде әмелиятта, көплеген пуқаралар, сондай-ақ, лаўазымлы шахслар тәрепинен үйлерде яки шөлкемлерде пайда болып атырған турмыслық шығындыларды белгиленбеген орынларға, соның ишинде, автотранспорт қураллары жәрдеминде шығарып таслаў жағдайлары жылдан-жылға артып баратырғаны ашынарлы жағдай.

Буннан тысқары, соңғы жылларда республикамызда түрли тараў ҳәм тармақларда, сондай-ақ, жеке турақ жайларда қурылыс ҳәм оңлаў ислериниң көлеми оғада кеңейгенлиги мүнәсибети менен мәмлекет көлеминде үлкен муғдарда қурылыс шығындылары пайда болмақта.

Усы мүнәсибет пенен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстеги белгиленбеген орынларға қатты турмыслық шығындыларды ҳәм қурылыс шығындыларын таслаў, сондай-ақ, суйық турмыслық шығындыдыларды төгиўге байланыслы жәрийма муғдарларын арттырыў, соның менен бирге, статьяның тийисли бөлимине ҳуқықбузарлықты ислеў қураллары ҳәм буйымларын конфискациялаў белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи арқалы пуқаралардың экология ҳәм қоршаған орталықты сақлаў бағдарындағы жуўапкершилигин және де арттырыўға ҳәм мәмлекеттеги экологиялық жағдайды жақсылаўға ерисиледи.

Буннан тысқары, усы нызам менен «Архив иси ҳаққында»ғы Нызамға да өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, сапластырылған шөлкемлердиң архив ҳүжжетлерин тийисли архивлерге, соның ишинде, мәмлекетлик емес архивлерди де есапртан шығармаған ҳалда тапсырыў менен өзгертилмекте.

Соның менен бирге, мәмлекетлик архивлердиң имаратларын архивлер қарамағынан шығарыў нормасы қатаң белгилеп қойылмақта.

Сенаторлар атап өткениндей, бул нызамның турмысқа енгизилиўи жәмийетимиздиң көп ғана тараўларына унамлы тәсир етеди. Атап айтқанда, бул нызам мектепке шекемги билимлендириў системасын муўапықластырыў, денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында басқарыў системасын және де жетилистириў, тереклер ҳәм басқа да өсимликлердиң нызамсыз набыт етилиўиниң алды алыныўы, шығындыларды таслаўды тәртипке салыў арқалы пуқаралардың қоршаған орталықты сақлаў бағдарындағы жуўапкершилигин және де арттырыўға ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў, жер асты байлықлары менен ислесиўди системаластырыў, өнерментшилик жумысын әмелге асырыўдың және де әпиўайыластырылыўында бағдарлама болады. Сондай-ақ, халықтың жумыссыз қатламын жумыс пенен тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес архивлерде ҳүжжетлер менен сапалы ислениўи, нәшебентлик пенен бәнт болмаған санаат мақсетлеринде каннабис өсимлигин жетистириў ҳәм айланыста болыўы тараўының раўажланыўына хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин мәмлекетимиздиң арнаўлы экономикалық зоналарының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша қабыл етилип атырған илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораўды жибериў ҳаққыдағы мәселе көрип шығылды.

Додалаўда өндиристи модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, экономикаға тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм инновацияларын тартыў, инфраструктураны раўажландырыў және халықтың бәнтлигин арттырыў тараўында Өзбекстан Республикаси Президенти тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда арнаўлы экономикалық зоналардың әҳмийетли орын тутатуғыны атап өтилди.

Кейинги төрт жыл ишинде нызам ҳүжжетлерин жетилистириў ҳәм қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў бойынша көрилген әҳмийетли илажлар себепли 13 регионда 21 арнаўлы экономикалық зона ҳәм 143 киши санаат зонасы хызмет көрсетпекте. Республикадағы арнаўлы экономикалық зоналарда улыўма қуны 2,91 млрд. АҚШ долларына тең 368 жойбар жүзеге шығарылды, соннан 726,8 млн. АҚШ долларын тиккелей сырт инвестициялары қурайды. Бул жойбарларды әмелге асырыў жуўмақларына бола, 29 351 мың жаңа жумыс орны жаратылды.

Буннан тысқары, мәжилисте Орайлық Азияда раўажланыўдың ҳәзирги басқышында миллий экономикаға сырт ел инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларды тартыў бойынша бәсекилик күшейип атырғаны атап өтилди. Региондағы бес мәмлекеттен төртеўинде арнаўлы экономикалық зоналар ашылып, ҳәзир табыслы хызмет көрсетпекте. Таллаўлар бул арнаўлы экономикалық зоналар бир қатар геосиясий, салық ҳәм бажыхана үстинликлерине ийе екенлигин көрсетти.

Соның менен бирге, Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети тәрепинен арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын үйрениў пайытында анықланған унамсыз фактлер Сенат ағзаларының айрықша сын пикирлери ҳәм қәўетерлерине себеп болды.

Атап айтқанда, мәмлекетимиздеги арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүрәжатларын таллаў, инвесторлар арасында өткерилген сораўнама тийкарында комитет тез шешиўди талап ететуғын бир қатар машқалалы мәселе ҳәм кемшиликлерди анықлады.

Биринши гезекте, бул нормативлик-ҳуқуқый ҳүжжетлердеги қарама-қарсылық ҳәм муўапықсызлықлар, сондай-ақ, олардың мәмлекетлик уйымлар тәрепинен өзбасымшалық пенен талланыўы болып табылады. Арнаўлы экономикалық зоналарды раўажландырыўға байланыслы узақ мүддетли стратегияның жоқлығы, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инвестиция арзаларын көрип шығыў процесиниң созылып кетиўи, тийкарсыз бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм административлик шеклеўлердиң барлығы усылар қатарына киреди.

Додалаў шеңберинде сенаторлар арнаўлы экономикалық зоналар аймағында ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен ҳәзирги ўақытқа шекем инженерлик-коммуникация инфраструктурасы (электр энергиясы, газ, салқын суў, канализация) ҳәм социаллық инфраструктураның сапасы, сырт елли инвесторлар, жумысшылар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын көп мәртелик визалар алыўдың әпиўайыластырылған тәртиби менен байланыслы мәселелер шешилмегенлигин атап өтти.

Буннан тысқары, мәмлекет басшысының басламасы  менен жаратылған қолайлы шараятларға қарамастан, арнаўлы экономикалық зоналар, тилекке қарсы, сырт елли инвесторлар ҳәм исбилерменлерди өзине тартыўшы орайларға айланбағанлығы, олар тәрепинен алдынғы технологиялар тийкарында инновациялық жойбарлар күтилген дәрежеде әмелге асырылмағанлығы сынға алынды.

Усы жағынан мәмлекетимиздеги арнаўлы экономикалық зоналардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша қабыл етилип атырған илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораўды жибериў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Буннан кейин некелениўши жасларды медициналық тексериўден өткериўдиң нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Усы жыл 6-ноябрь күни Президентимиздиң басшылығында денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш буўынын жетилистириў ҳәм халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде тараўға байланыслы актуал  машқалалар көтерилип, халқымыз саламатлығын беккемлеў мақсетинде жуўапкерлерге әҳмийетли тапсырмалар берилгенине айрықша тоқтап өтилди.

Соңғы жылларда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат анық мақсетлерди гөзлеп, басқышпа-басқыш, комплексли илажларға тийкарланған ҳалда даўам еттирилиўи менен бирге, биринши гезекте, саламат ана ­ саламат бала принципин әмелде тәмийиннлеў ушын барлық илажларды көриў, перзентлеримизди ҳәр қыйлы кеселликлерден сақлаў, олардың саламатлығын ҳәр нәрседен абзал билиў мәселелерине айырықша әҳмийет берилмекте.

Изертлеўшилердиң пикиринше, инсанның 3 жастан 22 жасқа шекемги болған дәўиринде мәмлекет тәрепинен билимлендириў ҳәм денсаўлыққа жумсалған инвестиция 19-22 есе көп болып қайтады екен.

Жас әўладтың саламат ҳәм бәркамал болып ержетиўинде, бәринен бурын,  болажақ ата-аналар еспаланған некелениўши жигит-қызлардың репродуктивлик саламатлығы әҳмийетли орын тутады.

Мәмлекетимизде ҳәр жылы орташа есапта 300 мыңнан зыят неке дизимге алынып атырған болса, 600 мыңнан аслам адам неке алды тексериўинен өтеди.

Некеден ажырасыўлар саны жаслар арасында турақлы өсип барып, 2015-2019-жылларда жәми 29,3 мыңнан 31,4 мыңға шекем артты. Шаңарақлық ажырасыўлардың себеплери өз-ара жеке мүнәсибетлердеги келиспеўшиликлер, нәсилсизлик, майып балалардың туўылыўы, ер яки ҳаялдың созылмалы кеселлиги менен де байланыслы.

Денсаўлықты сақлаў системасындағы айырым кемшиликлер, жаслардың медициналық мәденият дәрежесиниң жетерли емеслиги себепли 2019-жылда 3357, 2020-жылдың 6 айы даўамында 4075 бир жасқа шекемги нәрестелердиң өлими дизимге алынған. Бул жағдайға нәсиллик кеселликлер ҳәм жақын туўысқанлар арасында дүзилген неке де себеп болып есапланады.

Әне усындай жағдайларға шек қойыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине муўапық некелениўши шахслардың медициналық тексериўден өтиў көлеми ҳәм тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. Усы мақсетте 2003-жыл 23-августта Ҳүкиметтиң «Некелениўши шахсларды медициналық тексериўден өткериў ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 365-санлы қарары қабыл етилген.

Бирақ, некеден алдынғы медициналық тексериўден өтиўде системалы машқалалардың барлығы, жаслардың мүнәсибети жетерли емеслиги, медициналық тексериўлер формал өткерилиўи, емлеўханаларда тийисли қәнигелер ҳәм материаллық-техникалық базаның жетерли емеслиги келешекте шаңарақлардың беккемлигине және туўылып атырған перзентлердиң саламатлығына унамсыз тәсир етпекте.

Сенаттың Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети және «Мәҳәлле ҳәм шаңарақ» илимий-изертлеў институты тәрепинен 2019-жылы республиканың 8 аймағында 142 респонденттиң қатнасыўында некеге шекем болған медициналық тексериў бойынша өткерилген сораў нәтийжелери де тараўдағы машқалаларды айқын көрсетти.

Сораў нәтийжелерине бола, респондентлердиң 88,1 проценти өз қәлеўи менен медициналық тексериўден өтетуғынын, қалған бөлеги кеселликлерди толық анықлай алмаслығы себепли медициналық тексериўден өтиў тилеги жоқлығын билдирген. Қатнасыўшылардың 80 проценти медициналық тексериўден бир қатар машқалалар менен өткенлигин, атап айтқанда, 42,5 проценти медициналық тексериў жүдә көп ўақыт алатуғынын билдирген.

Атап айтқанда, медицина хызметкерлериниң жуўапкершилиги жетерли емеслиги ҳәм олардың маманлығының талап дәрежесинде емеслиги, медициналық тексериўге байланыслы айырым кеселликтиң жасаў орны бойынша өтиў имканиятының жоқлығы, сондай-ақ, айырым жағдайларда коррупциялық жағдайлардың бар екенлиги сыяқлы машқалалар айтып өтилген.

Сенаторлар тәрепинен некелениўшилерди медициналық тексериўден өткериўде қалыслық ҳәм сапасы үстинен қадағалаў системасын жетилистириў, медициналық тексериўди өткериўде аймақлыққа әмел етиў, некелениўшилерге медициналық-генетикалық ҳәм репродуктивлик саламатлыққа байланыслы бийпул мәсләҳәтлер бериў, шыпакерлер ҳәм ПҲАЖ уйымлары хызметкерлериниң жуўапкершилигин арттырыў, тексериўден өткериў бойынша медициналық хызмет көрсетиўши мәкемелердиң жумысын мониторинг етиўши бирден-бир шөлкемди белгилеў усыныслары алға қойылған.

Жоқарыдағылардан келип шығып, некелениўши жасларды медициналық тексериўден өткериў нәтийжелилилигин арттырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Соң Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәмлекетимизде тасқынлар, сел ағыслары, көшки қәўпи бар таў ҳәм таў алды аймақларында жайласқан елатлы пунктлер ҳәм экономикалық объектлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша парламентлик сораўды жибериў ҳаққындағы мәселе додаланды.

Халык пенен пикирлесиўлер, олардың мүрәжатлары, орынлардағы үйрениўлер, тармаққа байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын талқылаў бул тараўда еле де бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлер бар екенлигин көрсетпекте.

Мәмлекетимиздиң гидрометеорологиялық ҳәм геологиялық қәўипли аймақларында жасап атырған пуқараларды қәўипсиз аймаққа көшириў бойынша тәсиршең қадағалаў толық ҳәм нәтийжели орнатылмағанлығы себепли гидрометеорологиялық ҳәм геологиялық қәўипли аймақлардағы 602 хожалықтан 117 си, усы хожалықларда жасап атырған 2476 пуқарадан 624 ин қәўипсиз аймаққа турақлы жасаў ушын көшириў зәрүрлигин анықланған болса да, тек ғана 2020-жылдың он айының жуўмағына бола тек 9 хожалықтың 19 пуқарасы турақлы жасаў ушын қәўипсиз аймақларға көширилген. Қалған хожалықлар болса ўақтынша жасаў ушын қәўипсиз аймаққа көширилген. Бул дегени, ўақтынша көширилген пуқаралар қәўипли аймаққа қайтып барып, жасаўды даўам еттиреди.

2019-жылы болса турақлы жасаў ушын көширилиўи тийис болған 113 хожалықтың 569 пуқарасынан 34 хожалықтың 132 пуқарасы ғана қәўипсиз аймақларға көширилген.

Буннан тысқары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары қәўипли геологиялық процесслер күшейиўи мүмкин болған жерлердеги санаат ҳәм хожалық қурылысларының жойбарларын қәўипли геологиялық процесслерди бақлаў мәмлекетлик хызмети менен келисиўи белгиленген болса да, ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен 2019-2020-жылларда таў ҳәм таў алды аймақларында исбилерменлик жумысы,  турақ жай қурыў ушын қәўипли геологиялық процесслерди бақлаў мәмлекетлик хызметиниң жуўмақларысыз жүзлеген жер ажыратыў жағдайлары бақланған.

Бүгинги күнде таў ҳәм таў алды аймақларларында қәўипли геологиялық процесслерди бақлаў мәмлекетлик хызметиниң жуўмақларысыз қурылған санаат ҳәм хожалық объектлериниң саны ҳаққындағы анық мағлыўматлар ҳеш бир жуўапкер мәкемелерде жоқ екенлиги анықланған.

Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм қәўипли геологиялық процесслерди бақлаў мәмлекетлик хызмети хызметкерлери тәрепинен гидрометеорологиялық ҳәм геологиялық қәўипли аймақларда жайласқан елатлы пунктлер менен экономикалық объектлерди тасқын суўлары, сел ағыслары ҳәм көшки ҳәдийселеринен қорғаў мақсетинде жуўапкер мәкеме басшыларына киргизилген усыныс хаты ҳәм көрсетпелерге жүзеки қатнас жасаў, орынланыўын толық тәмийинлемеў жағдайлары бар.

Соның ишинде, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм басқармаларының хызметкерлери тәрепинен жуўапкер мәкеме басшыларына 2019-жылда киргизилген 251 усыныс хаты 152 си, яғный, 60 проценти, 2020-жылдың 10 айы даўамында болса киргизилген 307 усыныс хаты 206 сы, яғный, 67 проценти ғана инабатқа алынған.

Қәўипли геологиялық процесслерди бақлаў мәмлекетлик хызмети хызметкерлери тәрепинен 2020-жылда киргизилген 41 көрсетпениң 6 ўының орынланыўы тәмийинленбеген, 18 иниң орынланыўы болса шамалы әмелге асырылған.

Бундай кемшиликлер Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм қәўипли геологиялық процесслерди бақлаў мәмлекетлик хызмети хызметкерлери тәрепинен киргизилип атырған усыныс хатларының орынланыўын тәмийинлемеген жуўапкерлерге тәсиршең шаралар көриўди талап етпекте.

Буннан тысқары, тасқынға қарсы аймақлық комиссиялар тәрепинен аймақлық мәнзилли бағдарламалар қәлиплестирилиўи белгиленген болса да, мәнзилли бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, яғный, инженерлик-қорғаў жумыслары ушын  тийисли ҳәкимликлер ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен жетерли муғдарда қаржылар ажыратылмай келинбекте.

Инженерлик-қорғаў илажлары өз ўақтында алып барылмаўы ақыбетинде жағалықлары беккемлениўи, дамба тиклениўи зәрүр болған аймақлардың кеңейиўине, тасқын суўлары ҳәм сел ағыслары қәўпиниң артыўына усы аймақларда жасаўшы халықтың ҳақылы наразылықлары, сондай-ақ, ислеп шығылған жойбар-смета ҳүжжетлериндеги қәрежетлердиң кескин көбейиўне себеп болмақта.

Бир ғана мысал: Сурхандәрья ўәлаяты Қумқорған районы «Кетпен» МПЖға қараслы Октам мәҳәллесиниң халкын қорғаў ушын Байсын-Аққапшығай сайының жағалықларын беккемлеў жумыслары бойынша 2019-жылы зәрүр болған 1 млрд. сум қаржы ажыратылмаған, бул жумыслар ушын 2020-жылы зәрүр болған қаржы 2 млрд. сум болған, лекин, ажыратылмаған, енди бул жумысларды 2021-жылда орынлаў ушын 3 млрд. сум қаржы ажыратылыўы режелестирилип, бағдарламаға киргизилген.

Дәрьялар ҳәм сайлардан өзбасымшалық пенен нызамсыз қум-шағыл тас қазып алыныўы нәтийжесинде дәрья ҳәм сай аңғарлары тереңлесип, суў ағыслары тезлесип, аңғарлары өзгериўи ақыбетинде жағалықлардың жуўылыўы, дамбалардың бузылыўы, көпирлердиң таяныш үстинлериниң жемирилиўи бақланып, дәрья жағасына жақын аралықта жасаўшы халықтың шаңрақлары  ҳәм экономика объектлерине қәўип пайда болмақта, автомобиль көпирлери мүддетинен алдын авариялық жағдайына келип қалмақта.

Буның нәтийжесинде Әндижан, Наманган, Самарқанд, Жиззақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Ташкент хәм Сырдәрья ўәлаятлары аймағынан ағып өтетуғын дәрья аңғарларынан нызамсыз қум-шағыл тас қазып алыныўы ақыбетинде 300 ге шамалас халықтың шаңарақларына қәўип пайда болған.

Сондай-ақ, Әндижан, Самарқанд, Сурхандәрья, Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында 26 магистрал жоллардағы көпирлердиң таянышлары критикалық жағдайға келип қалған.

Қала берсе, тасқын суўлары, сел ағысларынан зыян көрген жергиликли жоллардағы ишки көпирлерди оңлаў, қайта тиклеўде машқалалар бар.

2019-2020-жылларда республика бойынша жаўын-шашын мәўсиминде сел ағыслары нәтийжесинде жергиликли жоллардағы ишки жоллардың 31 жеринде жол қапламаларына ҳәм 90 ишки автомобиль көпирлерине жеткерилген зыян бойынша жергиликли бюджетте қаржы жетиспеўи себепли усы күнге шекем оңланбаған.

Буннан тысқары, «Өзтрансгаз» АЖ қарамағындағы магистрал газ қубырларының дәрья аңғарлары ҳәм каналлардан ашық жағдайда кесип өткен участкалары жақынында шөлкемлестирилген руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумыслары нәтийжесинде усы дәрья аңғарларының өзгериўи дәрьядан кесип өтиўши магистрал газ қубырлардың тиргеклерин услап турыўшы жағалықлардың жуўылып кетиўине себеп болмақта. Бул жагдайлар өз гезегинде магистрал газ қубырлары ашық жағдайда кесип өткен дәрья ҳәм каналлардың жағалықларын тиклеў ҳәм қурылыс жумысарына үлкен қаржылардың жумсалыўына алып келмекте.

Усы жағынан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәмлекетимизде тасқынлар, сел ағыслари, көшки қәўпи бар таў ҳәм таў алды аймақларында жайласқан елатлы пунктлер ҳәм экономикалық объектлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша парламентлик сораў жибериў ҳаққында Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Россия Федерациясында мийнет етиўди ўақытша әмелге асырып атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларының ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, Сыртқы мийнет миграциясы тараўында системалы қадағалаўды жолға қойыў, Өзбекстан пуқараларын шөлкемлескен тийкарда жумысқа қабыл етиў ҳәм тартыў системасын  жетилистириў мақсетинде ҳүкимет тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң бир қатар пәрман ҳәм қарарлары ислеп шығылып, тастыйықланған.

Атап айтқанда, усы жыл 15-сентябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қәўипсиз, тәртипли ҳәм нызамлы мийнет миграциясы системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген.

Бул қарар менен пуқараларды кәсип-өнерге ҳәм шет тиллерге оқытыў әмелиятын нәтийжели жолға қойыў, оларға кәсиплик маманлығын тастыйықлаўшы халықаралық тән алынатуғын сертификатларды бериў, сондай-ақ, сырт елде қыйын шараятқа түсип қалған мийнетт мигрантларын финанслық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың өмири ҳәм денсаўлығын қамсызландырыў әмелиятын кеңейтиў, олар ушын мәдений-ағартыўшылық илажларын шөлкемлестириў бойынша илажлар режелери тастыйықланған.

Сенаторлар тәрепинен тараўдағы машқала ҳәм қыйыншылықларды сапластырыўда әне усы ҳүжжетте белгиленген бағдарламалық илажларды избе-из турмысқа енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, сыртқы мийнет миграциясы тараўына байланыслы мәлимлемелердиң тез айланыўын тәмийинлеў мақсетинде Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң социаллық тармақларда (telegram, facebook) рәсмий мәлимлеме каналлары иске түсирилген және миграция хызметлерин усыныўшы мобил қосымшалардан қуралған «labormigration.uz» бағдарламалық тәмийнаты ислеп шығылған.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте мийнет мигрантларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдың нәтийжели механизмин жолға қойыўға  байланыслы болған системалы кемшиликлер ҳәм машқалалар көрсетип өтилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Россия бирге ислесиўиниң шәртнама-ҳуқықый тийкарын қурайтуғын тийкарғы ҳүкиметлер аралық келисимлердиң Россия Федерациясы аймағында толық әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша жумыслардың системалы жолға қойылмағанлығы себепли пуқараларды шөлкемлескен тийкарда жумысқа қабыл етиў дәрежеси төменлигинше қалмақта. Мәжилисте бул көрсеткиш 10 проценттен аз екенлиги атап өтилди.

Қала берсе, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары ҳәм Сыртқы ислер министрликлериниң бул бағдарда Өзбекстанның Россия Федерациясындағы ўәкилханалары потенциалынан нәтийжели пайдаланыўда бир қатар кемшиликлер бақланып атырғаны да атап өтилди.

Сондай-ақ, сыртқы мийнет миграциясы тараўындағы машқалаларды шешиўде  парламентлер аралық бирге ислесиў потенциалынан өнимли пайдаланыў ҳәм бул мәселени Өзбекстан ­ Россия парламентлер аралық комиссиясы шеңберинде тез көрип шығыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Додалаў жуўмағында Министрлер Кабинети, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары және Сыртқы ислер министрликлерине атап өтилген машқалаларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, еки тәреплеме келисимлердиң сапалы орынланыўына айрықша итибар қаратыў усыныс етилди ҳәм тийисли илажлар бағдарламаларын қабыл етиў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин бағшылық-жүзимгершилик ширкетлериниң әмелдеги жумыслары ҳәм олардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, парламентлик сораўда бағшылық-жүзимгершилик ширкетлериниң жумысын  толық хатлаўдан өткериў, жер участкалары ҳәм имарат-сооружениелерине болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимге алыў, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған ҳәм нәтийжесиз пайдаланылып атырған ресурсларды нызам ҳүжжетлерине муўапық резерв жерлер категориясына қайтарыў ҳәм басқа да машқалалар көтерилген еди. Бул мәселелерди шешиў бойынша Министрлер Кабинети тәрепинен әмелий илажлар режесиниң тастыйықланғанлығы жалпы мәжилисте айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, бағшылық-жүзимгершилик ширкетлериниң жумысын тәртипке салыў механизмин буннан былай да жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ҳүкимет қарарының жойбары ислеп шығылып, быйылғы жылдың июль-август айларында regulation.gov.uz порталына улыўма халықлық додалаў ушын жайластырылған. Бул жойбарда нәзерде тутылған ўазыйпалар парламентлик сораўда көтерилген мәселелерди системалы түрде шешиўге қаратылған. Бирақ, бүгинги күнге шекем бул қарар жойбарының қабыл етилмегенлиги сенаторлар тәрепинен айтып өтилди.

«Бағшылық-жүзимгершилик ширкетлери» өткен әсирдиң 80-жылларына шекем қалалар аймағында жайласқан, көп қабатлы жайларда жасап келген ири санаат кәрханалары, шөлкем ҳәм мәкемелердиң жумысшы-хызметкерлерине аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын ажыратылған жер майданларында шөлкемлестирилген.

Бирақ, кейинги жылларда усы хожалықлар бул функцияны дерлик орынламай қойды. Бүгин дала ҳәўлилериниң көпшилиги алдынғыдай дем алыў күнлери барып, егин егетуғын орынлар емес, ал, жыл даўамында жасап, руўзыгершилик тербететуғын жерлерге айланғанлығы атап өтилди. Сондай-ақ, көпшилик дала ҳәўлилерден, бул әсиресе, Ташкент ўәлаяты ҳәм басқа аймақлардағы таў ҳәм таў алды аймақларда бақланады, коммерция мақсетлеринде пайдаланылмақта. Атын сорасаңыз, дала ҳәўли, ҳақыйқатында болса мийманхана, шайхана, кафе ҳәм басқа да усындай турмыслық хызмет орынлары екенлиги айтып өтилди.

Буннан тысқары, Әдиллик министрлигиниң мағлыўматларына бола, бүгинги күнде бағшылық-жүзимгершилик ширкети ағзалығына қабыл етиў ҳәм оннан шығарыў тәртибине әмел етилмей атыр. Ширкет басқарыўы менен байланыслы корпоратив келиспеўшиликлер көбейген.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен ҳүжжет жойбарында нәзерде тутылған бағшылық-жүзимгершилик ширкетлери ушын ажыратылған жер участкаларында жайласқан имарат ҳәм сооружениелерге болған мүлк ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериўге байланыслы қағыйдалар нызам ҳүжжетлерине қайшы екенлиги бойынша үлкен наразылықлар билдирилген. Қала берсе, жойбардың айырым бәнтлерин қайта көрип шығыў зәрүрлиги ҳәм бул ҳүжжет жойбарын усыныс етилген редакцияда қабыл етиўдиң мақсетке муўапық емеслиги де айтылған. Бул болса усы мәселе бойынша орнына шыққан ҳалда пуқта ҳәм үлкен үйрениўлерди әмелге асырыў зәрүрлигин көрсетпекте.

Жоқарыдағыларға тийкарланып бағшылық-жүзимгершилик ширкетлериниң жумысын комплексли үйрениў, жүзеге келип атырған машқалаларды анықлаў, сапластырыў ҳәм тараўды тәртипке салыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 13-ноябрьдеги 490-ф-санлы бийлиги қабыл етилген.

Усы бийлик пенен ширкетлердиң жумысын комплексли үйрениў мақсетинде республикалық жумысшы топары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық ҳәм районлық (қалалық) жумысшы топарларының үлги қурамы тастыйықланған.

Усы жағынан жалпы мәжилисте бағшылық-жүзимгершилик ширкетлери аймағында қурылған имаратларды турақ жай категориясына өткериўдиң ашық ҳәм анық механизмлерин енгизиў лазымлығына айрықша пәт берилди. Бундай ширкетлер жайласқан аймақларда социаллық тараў объектлериниң жумысын халықтың реал санына пропорционал түрде раўажландырыў, сондай-ақ, жынаятшылыққа қарсы гүресиў илажларын күшейтиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасын системалы түрде жолға қойыў зәрүрлигине де итибар қаратылды.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаттың тоғызыншы жалпы мәжилисиниң күн тәртибиндеги гезектеги мәселе ­ мәмлекетимизде халық, әсиресе, жасларды денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўға кең тартыўда жүзеге келип атырған машқалалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери де додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, пүткил дүнья бойлап ҳүким сүрип атырған COVID-19 коронавирус пандемиясы инсан саламатлығын сақлаўда шынығыў, иммунитет беккемлигиниң қаншелли айрықша әҳмийетке ийе болыўын және бир мәрте дәлилледи.

Дәри-дәрмақлардың сапасын ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў, вирусқа қарсы вакцина жаратыў сыяқлы илажлар да өз жолына, лекин, саламат турмыс тәризин күнделикли қағыйдаға айландырыў арқалы халықтың саламатлығын беккемлеў әҳмийетли екенлигин пүткил дүнья еллери бир аўыздан мақуллады.

Соның ушын соңғы жылларда елимизде халықты, әсиресе, жасларды спортқа кеңнен тартыў, олардың саламат турмыста жасаўын тәмийинлеў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 30-октябрьде қол қойылған «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы буны айқын тастыйықлайды.

Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район (қала) ҳәм мәҳәллелерде физикалық тәрбия-саламатландырыў инфраструктурасы қәлиплестирилди. Атап айтқанда, 9146 мәҳәлледе 18292 физикалық тәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт майданшасы, 204 район (қала)да саламатлық ҳәм велосипед жоллары қурылады.

Мәжилисте Сенат тәрепинен халық, әсиресе, жасларды денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў бойынша ҳүкиметке парламентлик сораў жиберилгени қаншелли орынлы ҳәм әҳмийетли мәселе болғаны айрықша атап өтилди.

Жиберилген сораў Министрлер Кабинетиниң Президиумында додаланғаны ҳәм тийисли илажлар көрилгени ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бүгинги күнде Республикада бар болған 51 651 спорт объектлериниң бир күнлик шынығыўлар өткериў қуўатлылығы 2,1 млн. ды қурайды. Олардың 417 си стадион, 10 863 и спорт залы, 316 сы жүзиў бассейни, 182 си атыў тири, 39 841 и спорт майданшасы, 8 и атшабар ҳәм 24 и спорт манежинен ибарат.

Аймақларда жайласқан ашық спорт объектлери ҳәм дем алыў бағларында халықтың жуўырыў, жүриў, денетәрбия ҳәм басқа спорт түрлери менен шуғылланыўы ушын 5 447 мәҳәллеге 7 905 тренер бириктирилген.

Инвестициялық бағдарлама тийкарында ҳәзирге шекем 68 спорт объекти пайдаланыўға тапсырылған. 2020-жылда 44 спорт объектин пайдаланыўға тапсырыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде бир күнде қосымша 13 493 халықтың денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын имканиятлар жаратылады.

Карантин дәўиринде халық, соның ишинде, жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген онлайн спорт жарысларында 326 000 нан аслам халық тартылған. Сондай-ақ, карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда «жасыл» аймақларда спорттың 42 түри бойынша спорт илажлары ҳәм денетәрбия шынығыўлары жолға қойылған.

Мәжилисте сенаторлар Президентимиздиң «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын толық қадағалаў ҳәм де COVID-19 коронавирус пандемиясы дәўиринде енгизилген карантин шеклеўлери себепли жумыс алып бармаған спорт дөгереклеринде келешекте қосымша үйрениўлер өткериў ҳәм бунда оларға қанша жаслар тартылғаны, бул дөгереклердиң хызмет көрсетиў баҳасы халықтың реал дәраматына муўапықлығы, кәмбағал шаңарақлар ўәкиллерине спорт шынығыўлары ушын жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Билдирилген пикир-усыныслардан келип шыққан ҳалда халық, әсиресе, жасларды денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў мәселеси қосымша үйренилип, Сенаттың 2021-жылдағы жалпы мәжилислеринде додалаўға келисип алынды.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соң ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ҳәм және де раўажландырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, бизнес жүргизиўлери ушын қолайлы орталық ҳәм кең имканиятлар және кепилликлер бериў бағдарында анық жумыслар әмелге асырылмақта.

Ҳаяллардың мийнет ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин күшейтиў ­ усы бағдарда алып барылып атырған жумыслардың ең әҳмийетли тәреплеринен бири. Атап айтқанда, олардың исбилерменлик басламаларын және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде узақ мүддет бала тәрбиясында болған, қыйын экономикалық жағдайға түскен ҳаялларды мийнет базарында талап етилип атырған кәсиплер бойынша қайта таярлаў жумыслары алып барылған. Сондай-ақ, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдиргенлерине көмеклесилип, бизнес режелерин таярлаўда консультатив жәрдем берилген. Нәтийжеде быйылғы жылда 99,1 мың жумыс пенен бәнт болмаған ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленген, 11,5 мыңы мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге оқытылған. Жумыс пенен бәнт болмаған ҳаял-қызлардың 412,1 мыңы ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылған.

Соңың менен бирге, мәжилисте сенаторлар  тараўда өзиниң шешимин күтип атырған бир қатар машқалалар бар екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын олардың коммерциялық банклердиң кредит ресурсларынан пайдаланыўында да бир қатар машқалалардың барлығы анықланды.

Соның ишинде, 2020-жылы ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мақсетли қоры тәрепинен тийисли кредит ресурслары бағдарланған. Бирақ, көпшилик жағдайларда, исбилермен ҳаялларға қор тәрепинен ажыратылған қаржылар коммерциялық банклер тәрепинен өз ўақтында берилмеген.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, парламентлик сораўда көтерилген айырым машқалалы мәселелер Министрлер Кабинетиниң мағлыўматында толық жарытылмаған. Ҳаялар исбилерменлигин раўажландырыў ушын жуўапкер болған шөлкемлердиң нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў, жумыссыз ҳәм социаллық белсенди болмаған ҳаял-қызлар қатламын анықлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тастыйықланған мәнзилли илажлардың әмелге асырылыўы сыяқлы мәселелер усылар қатарына киреди.

Жалпы мәжилисте тараўда бар машқалаларды сапластырыў бойынша қатаң илажлар көриў лазымлығы айрықша атап өтилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Раматовқа жиберилген шығындылар менен байланыслы мәселелерде жүзеге келген машқалалар ҳәм олардың халық саламатлығына тәсири бойынша жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, бул бағдарда анық жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-сентябрьдеги «Турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен усы системаны және де жетилистириў, шығындыларды қайта ислеўде жоқары технологиялар қолланылатуғын өндирислерди енгизиў, тараўға исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыўдың жаңа тәртиби енгизилди.

Соған қарамастан, тараўды муўапықластырыўшы ҳәм қадағалаўшы бирден-бир мәмлекетлик уйымның жоқлығы, шығындыларды сақлаў, полигонларға жайластырыў ҳәм оларды жоқ етиўге жетерлише итибар берилмегенлиги себепли тараўда бир қатар машқалалар сақланып қалып атырғанлығы сенаторлар тәрепинен айрықша атап өтилди.

Атап айтқанда, қурылыс шығындыларын жайластырыў полигонлары шөлкемлестирилмегенлиги нәтийжесинде оларды автомобиль жолларының бойларына, суў объектлериниң қорғаныў зоналарына ҳәм басқа да қараўсыз аймақларға таслап кетиў жағдайлары көплеп ушыраспақта.

Медициналық ҳәм биологиялық шығындыларды қәўиплилик дәрежесинен келип шыққан ҳалда утилизациялаў бағдарындағы машқалалардың сақланып қалып атырғаны халықтың арасында түрли жуқпалы ҳәм басқа түрдеги кеселликлердиң тарқалыў қәўпин туўдырмақта.

Бул бағдарда жуўапкерлер айыпкерлерге керекли шараларды көрместен жәриймаға тартыў менен шекленип қалмақта.

Турмыслық шығынды полигонларының әтирапын қоршаў бойынша жумыслар талап дәрежесинде алып барылмаған, полигонлар рекультивация етилместен өз ҳалына таслап қойылған. Турмыслық шығындыларды көмиўге мөлшерленген санитария ҳәм экологиялық нормалардың талапларына жуўап бермегенлиги себепли 51 (улыўма майданы 282,3 гектар) полигон жумыс алып бармай атыр.

Усы жағынан сенаторлар «Шығындылар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын жаңа редакцияда қабыл етиў, санаат ҳәм турмыслық шығындыларды қайта ислеў, утилизациялаў ҳәм полигонларын санитария ҳәм экологиялық нормалар талабы тийкарында шөлкемлестириўде жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, бул бойынша тийисли шөлкемлердиң жуўапкершилигин күшейтиў зәрүрлиги де билдирилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарлары да тастыйықланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети