Жәҳән банкиниң мағлыўматларына қарағанда, 1960-жылларда Арал теңизи үлкенлиги бойынша дүньядағы төртинши көл болған.

 

«Бирақ, дерлик 30 жыл даўамында суў ресурсларынан ҳәр қыйлы егинлер, соның ишинде, пахта ҳәм гүриш жетистириў ушын пайдаланылғаны нәтийжесинде ол дерлик пүткиллей жоқ болып кетти. Бул Орайлық Азия мәмлекетлериниң экологиясы ҳәм экономикасы ушын аўыр ақыбетлерге алып келди, сондай-ақ, бул аймақта жасайтуғын миллионлаған адамлардың турмыс абаданлығы және денсаўлығына унамсыз тәсир көрсетти», – деп жазылған хабарда.

 

Атап өтилиўинше, Өзбекстан ҳәм Қазақстан шөллениў ҳәм жерлердиң деградациясынан зыян көрмекте. Арал апатшылығының ақыбетлери усы мәмлекетлерде аўыл хожалығы өсимликлериниң зүрәәтлилигине, шарўашылық ҳәм халықтың жасаў дәрежесине унамсыз тәсир өткермекте. Алдынғы теңиз түбиниң 5,5 млн гектарлық майданында жүзеге келген ҳәм ҳәр еки мәмлекет аймағын өз ишине алған Аралқум шөли бул процессти сезилерли дәрежеде жеделлестирди.

 

Жәҳән банки, Глобаллық ландшафт форумы (GLF), Қазақстан-Германия университети (DKU) ҳәм Plug and Play (P&P) шөлкемлери тәрепинен алымлар ҳәм қәнигелер арасында халықаралық таңлаў жәрияланып, арзалар қабылланбақта.

 

Таңлаў Орайлық Азия суў-энергетикалық бағдарламасы (CAWEP) тәрепинен қоллап-қуўатланады ҳәм Жәҳән банкиниң Орайлық Азияда турақлы ландшафт бағдарламасы «RESILAND CA+»ны әмелге асырыўға үлес қосады.

 

Таңлаў Арал теңизи регионындағы жергиликли экосистемаларға унамсыз тәсирин жумсартыў ушын пайдаланылатуғын алдынғы инновациялық шешимлерди бағдарлаўға жәрдем береди, деп есапламақта. Сондай-ақ, таңлаў регион жерлерин турақлы экономикалық раўажландырыў ушын зәрүр болған шешимлерге итибар қаратады.

 

Орайлық Азия трансшегаралық дәрьялары төменги ағымындағы мәмлекетлердиң ири ГРЭСлер қурыўы Арал теңизи ҳәм регионның экологиясына тийкарғы қәўип екенлигин бир неше мәрте атап өткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.