Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-ноябрь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары ҳәм санаат кәрханаларының жумысы менен танысты.

Биринши объект Яшнобод районындағы Технопарк болды. Мәмлекет басшысының 2019-жыл 1-майдағы «Санаат кооперациясын буннан былай да раўажландырыў ҳәм талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында усы инновациялық технопарк шөлкемлестирилген еди. Өткен қысқа ўақытта бул жерде заманагөй индустрия жолға қойылды.

Мәселен, Ташкент авиация заводы ислеп турған 2010-жылы 50 миллион долларлық өним ислеп шығарылып, 30 миллион долларлық экспорт етилген болса, Технопарктеги барлық жойбарлар нәтийжесинде 2021-жылы 520 миллион долларлық өним таярланады ҳәм 105 миллион долларлық экспорт етиледи.

Сондай-ақ, бурын 3 мыңнан аслам жумыс орынлары болған, Технопаркте 6 мың 700 ге шамалас болады. Яғный, өним ислеп шығарыў 10 есеге, экспорт 3,5 есеге, жумыс орынлары 1,7 есеге көбейеди.

Технопарк 7 блокдан ибарат. Бул жерде улыўма баҳасы 365 миллион долларлық 17 жойбар әмелге асырылмақта.

Быйыл февральда электрон газ есаплағышлар кәрханасы, августта турмыслық суўытқышлар заводы иске қосылған еди. Басқа жойбарлар да избе-из пайдаланыўға тапсырылмақта.

Президент усындай жаңа қуўатлықлар-лифт ҳәм эскалаторлар, форма ҳәм қәлиплер, суў насослары, санаат кондиционерлери ҳәм суўытқыш тармақлары кәрханаларында өндирис процессин көзден өткерди.

Лифт кәрханасында мәмлекетимиз басшысы өнимлердиң локализация дәрежеси менен қызықсынды. Ҳәзир бул көрсеткиш 32 процентти қурайды.

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ҳәм басқа қалалардағы көп қабатлы турақ жайларда ең үлкен машқала лифтлер менен байланыслы екенин айтып, локализациялаў дәрежесин арттырыў есабынан өзине түсер баҳасын түсириў, ески лфитлерди алмастырып, жаңаларына сапалы хызмет көрсетиў бойынша көрсетпелер берди. Заманагөй лифтлерди эксплуатациялаў бойынша кадрлар таярлаў керек екенлиги атап өтилди.

Бул жойбар усы тараўда дүньяда жетекши ислеп шығарыўшылардан бири болған «Shanghai Mitsubishi» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылды. Жылына 2 мың дана лифт ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Өнимлер бир қатар абзаллықлары менен ажыралып турады. Кәрхана усыныс етип атырған үскенелер барлық түрдеги имаратлар, ҳәкимшилик уйымлар, саўда ҳәм кеўилашар комплекслер, турақ жайлар, мийманханаларда пайдаланыў ушын мөлшерленген. Қәўипсизлик ҳәм сапа көрсеткишлерине толық жуўап бериўди тәмийинлеў мақсетинде аймақта бийиклиги 60 метрлик сынаў минарасы шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы форма ҳәм қәлиплер кәрханасында жас хызметкерлердиң жумысын бақлады.

Кәрханада суўытылған ҳалда штамплаў жолы менен металлға форма бериўши қәлиплер ҳәм қуйыў жолы менен пластикалық өнимлерге форма бериўши пресс формалар ислеп шығарылады.

Жойбардың нәтийжелилиги жоқары болып, усы түрдеги басқа пресс форма үскенелери бир минутта 5 деталь ислеп шығарса, бул кәрхана тәрепинен пайдаланылатуғын сондай үскенелер бир минутта 20 детальды ислеп шығарады.

– Бундай кәрханалар бир емес, бир неше оғада әҳмийетли экономикалық-социаллық мәселелерди шешеди. Адамларды, әсиресе, жасларды жумыс пенен тәмийинлейди. Ең тийкарғысы, бүгинги жетискенлигимиз – санаатта жоқары технологияларды әмелде қоллана алатуғын заманагөй миллий кадрлардың жаңа әўлады жетисип шығып атыр, – деди Президент.

Шавкат Мирзиёев өнимлердиң сапасын алдынғы қәнигелер тәмийинлейтуғынын, соның ушын жасларды усындай кәрханаларда ислеўге таярлаў ушын оқыў орайын шөлкемлестириў зәрүр екенин атап өтти.

Суў насосларын ислеп шығарыў кәрханасының жыллық қуўатлылығы 550 мың дананы қурайды ҳәм 200 ге шамалас жумыс орны жаратылады. Жойбар тараўдың жетекши ислеп шығарыўшылары «LEO» компаниялар топары және «Atlas Copco» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылмақта.

Өнимлер тийкарынан, үй ҳәм аўыл хожалығында, тамшылатып суўғарыў ҳәм ыссыхана комплекслеринде, сондай-ақ, турмыслық суў ысытыў системаларының ажыралмас бөлеги сыпатында пайдаланыўға мөлшерленген. Өндиристе жоқары сапаны тәмийинлеў мақсетинде заманагөй лаборатория шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы санаат кондиционерлери ҳәм суўытқыш тармақларын ислеп шығарыў кәрханасының жумысы менен де танысты. Бул жерде жылына 80 мың дана өним ислеп шығарылады. Жойбар нәтийжесинде 300 ге шамалас жумыс орнын жаратыўға ерисиледи.

Бул үскенелерден социаллық тараў объектлери ҳәм суўытқыш қоймаханаларында бирдей пайдаланыў мүмкин.

Келеси жылы Технопаркте суўытыўшы витриналар, ысытыў радиаторлары, асхана техникалары, фурнитура ҳәм аксессуарлар, мыс қубырлар, изоляция материаллары сыяқлы базарға қолайлы өнимлер ислеп шығарыўшы 9 кәрхана иске қосылады.

Бул жерде Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымызда жумыс ислеп атырған медицина хызметкерлери ҳәм педагоглар менен сөйлести.

– Ташкентте сапалы медициналық хызмет ҳәм мектеп тәлимине қалай ерисемиз? Мени усы сораў қыйнайды. Сизлер менен ушырасыўдан мақсет төменги системадағы мәселелерди билиў, дурыс жол тутыў, – деди мәмлекетимиз басшысы.

2020-жыл барлық тараўлар ушын үлкен сынақ болды. Медицина хызметкерлери де, муғаллимлер де жаңаша шараятта ислеўине туўра келди.

– Аўыр сынақлар ўақтында бирлестик. Бул сынақлар бизди излениўге мәжбүр етти. Соның ушын нәтийже болды, – деди Президент

Ҳәзирги ўақытта, пандемия қайсы тараўларда артта қалыў бар екенин, реформа, раўажланыў бағдарларын да көрсетип берди. Усы жыл 30-октябрь  күни тәлим-тәрбия системасы, 6-ноябрьде болса денсаўлықты сақлаў тараўы бойынша өткерилген видеоселектор мәжилислери усы мақсетке қаратылған еди. Оларда додаланған әҳмийетли мәселелер ҳәм билдирилген усыныслар тийкарында тәлим-тәрбия ҳәм илимди раўажландырыў, басланғыш медициналық мәкемелердиң жумысына пүткиллей жаңа механизмлерди енгизиў, саламат турмыс тәризин кеңнен енгизиў бойынша Президенттиң пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилди.

Ушырасыўда билимлендириў ҳәм медицина тараўларындағы реформалардың әҳмийети, оларды төменги системада әмелге асырыў илажлары ҳаққында пикир алысылды.

Шавкат Мирзиёев халықтың денсаўлықты сақлаў системасынан наразы екенин айтып өтти.

– Емлеўханадан шыққан 20 адам менен сөйлесип көриң, барлығын айтады. Көпшилик медициналық хызметлер сапасынан наразы, – деди Президент.

Халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеўдиң алдынғы тәжирийбесин енгизиў, медицина мәкемелериниң шараятын жақсылаў бойынша пикирлер билдирилди.

Денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў системалары халықтың саламатлығы, жас әўладтың камалға келиўинде үнлес екени атап өтилди.

– Медицина ҳәм билимлендириў – мәмлекет ҳәм халық арасындағы әдиллик көпири, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев. – Ҳәммемиз өзимизди қыйнап, хадал болып, бул системаларды дурыслап алсақ, әне сонда әдиллик тәмийинленеди. Халқымыз разы болады. Ташкент онда үлги болыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы Мырза Улығбек районындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының қурылысын барып көрди.

Орай өз аты менен көп тармақлы. Бул жерде хирургия, реанимация, көз микрохирургиясы, улыўма терапия, нефрология, пульмонология, гепатология, аллергология, кардиология, қан-тамыр хирургиясы, кардио-ранимация, стоматология, гастроэнтерология, эндокринология ҳәм басқа да қәнигелестирилген бөлимлер болады. Медицинаық хызметлер халықаралық стандартлар тийкарында комплексли түрде көрсетиледи.

– Бундай барлық бағдарды қамтып алған клиниканы басқарыў тәжирийбеси бизде жоқ. Соның ушын бул жерди басқарыўды тәжирийбели сырт ел менеджерлерине бериў, оларды ҳәзирден тартып, қурылыс ҳәм үскенелеў бойынша усынысыларын алыў зәрүр, – деди мәмлекет басшысы.

Орайда 600 койка болады. Амбулатор ҳәм стационар тәртипте 200 ден аслам медициналық хызмет жолға қойылады. Жылына 3 мыңнан аслам, соның ишинде, аорта-коронар шунтлаў, эстетикалық-пластикалық хирургия, артропластика, орган ҳәм клеткаларды көширип өткериў сыяқлы жоқары технологиялық хирургиялық әмелиятларды орынлаў мүмкин болады.

Президент Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятларда қурылатуғын клиникаларды усы орай менен байланыстырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

– Наўқаслар ушын ең азаплысы – жол. Алыс аймақлардағы наўқасларға аралықтан диагноз қойыў ҳәм емлеўди шөлкемлестирип, халқымызды усы қыйыншылықтан азат етиў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Алдынғы сырт ел медицина мәкемелери менен бирге ислесиў жолға қойылып, олардың жетекши қәнигелери орайдың жумысына кеңнен тартылады. Орайдың жумысын шөлкемлестириўде халықаралық байланысларға айрықша итибар қаратылмақта. Германия, Түркия, Қубла Корея, Россия сыяқлы мәмлекетлердиң жетекши клиникалары менен биргеликте сырт ел шыпакерлериниң жумысқа алынатуғыны мөлшерленген.

Бул жерде 250 шыпакер, 500 орта медицина хызметкери ислейди. Маман кадрлар таярлаў мақсетинде билимлендириў-әмелият-илим интеграциясына кеңнен орын бериледи.

Халық тилинде «ески ТашМИ» деп аталатуғын аймақта қурылып атырған усы заманагөй емлеўхананы келеси жылы декабрьде пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген.

Президент Шавкат Мирзиёев республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайына келди.

Бул жерде кардиохирургия, тарнсплантология ҳәм нейро-қан-тамыр хирургиясы бөлимлери ушын 75 орынлық жаңа имарат қурылмақта. Оның нәтийжесинде усы қыйын бағдарларда заманагөй шараят жаратылады. Және  хирургиялық әмелиятларды өткериўдиң көлеми артады.

Бул бөлимлерде жылына қосымша 3 мың наўқасқа жоқары технологиялы қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўге имканият жаратылады.

Ҳәзирги күнде күни-түни кардиохирургиялық бөлимде 400 ден аслам әмелият орынланады. Жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылғаннан соң усы бөлимде жылына 700 ден артық көтерилиўши аорта ҳәм жүрек клапанларды протезлеў, көп тамырлы аорта-коронар шунтлаў операцияларын өткериў мүмкин болады.

Трансплантология бөлиминде ҳәзирги ўақытта жылына 100 әмелият орынланады. Жаңа бөлимде болса жылына 300 ден аслам баўыр ҳәм бөтеке бөлегин көширип өткериў әмелиятын жолға қойыўға ерисиледи.

Нейро-қан тамыр хирургиясы бөлиминде бас мий қан-тамыр нуқсанларын операция жолы менен емлеў нәтийжесинде жылына 200 ден аслам майып болған наўқаслар ушын теңсиз әмелиятлар өткериледи. Ҳәзирги ўақытқа шекем бул бөлимде 50 ге шекем наўқас емленген.

Буннан тысқары интервенциялық емлеўлер бөлиминде ҳәр жылы қосымша мыңнан аслам өткир коронар синдром, бас мий қан айланысының өткир бузылыўында жоқары дәрежедеги минимал инвазив диагностика ҳәм емлеў усыллары әмелге асырылады.

Сондай-ақ. имаратта реанимация бөлими, интенсив емлеў орынлары, әмелият бөлимлери, жоқары технологиялық үскенелерге ийе диагнозлаў бөлими болады. Жаңа имарат 2021-жылы пайдаланыўға тапсырылады.

Усы бөлимлерде ислейтуғын шыпакерлер Австрия, Түркия, Япония ҳәм Финляндиядағы медициналық илимий орайларда қәнигелик арттырды.

Президент жаңа бөлимлердиң қурылысын көзден өткерди. Бул емлеўхана илимий орай екенине айрықша итибар берип, маман хызмет көрсетилиўин кеңейтиў зәрүр екенин атап өтти. Буның ушын оны басланғыш буўын менен байланыстырыў, сырт елден илимпазларды тартыў, орынлардағы шыпакерлер менен тәжирийбе алмасыў бойынша көрсетпелер берилди.

– Бизде тез медициналық жәрдемниң районларда да филиалы бар. Келеси жылы бул имаратты қурып питкерип, ўәлаятлардағы филиаллар менен телемедицина арқалы байланыстырыў керек. Сонда орынлардағы тез медициналық жәрдем бөлимлери де адамларға оператив, жоқары тәжирийбели жәрдем көрсете алатуғын орынларға айланады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Халқымыздың руўхый дәрежесин жоқарылатыў, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда миллий кино көркем өнериниң орны шексиз. Өзбек кино көркем өнериниң өз жолы ҳәм дәстүрлери, көркем өнеримиздиң ғайраткерлери атқарыўында жаратылған умытылмас картиналарымыз бар.

Ғәрезсизлик жылларында мине усы дәстүрлерди даўам еттиретуғын, кино көркем өнеримизде бурылыс болатуғын шығармалар жаратылды. Бирақ өткен әсирде жедел жумыс алып барған кино индустрия кәрханалары жақын он жыллар даўамында турғынлық дәўирин бастан өткерди. Тек ғана жеңил-желпи, коммерциялық картиналар жаратылып, тараўдың раўажланыўы дүньядан артта қалып кетти.

Сапалы фильмлерди жаратыў ушын материаллық-техникалық базаның жетерли емеслиги, фильмлерге ажыратылатуғын бюджет қаржыларының аз екенлиги, авторлық ҳуқықларын қорғаўдың толық жолға қойылмағаны, кинотәлим мәселесине қатаң қатнаста болмағаны кино көркем өнериниң раўажланыўына тосық болды.

Усы машқалаларды сапластырыў, миллий кинематографияны бүгинги заманға сай раўажландырыў бойынша соңғы жыллары сезилерли қәдемлер тасланды. Тараўға итибар ҳәм хошамет берилгени ушын кино дөретпелериниң мазмуны өзгерди. Атап айтқанда, «Имам Термизий», «Исламхўжа», «Элпарвар», «Қоқанд самалы», «101», «Ибрат» сыяқлы тарийхый фильмлер исленди.

Президентимиз Олий Мажлиске быйылғы Мүрәжатында кинематография тараўында көркемлик жақтан жетик дөретпелерди жаратыў, заманагөй киноиндустрияны раўажландырыў, соның ишинде, жаңа кинотеатрларды қурыў зәрүр екенин атап өткен еди.

«Кинематография ҳаққында»ғы нызам ҳәм Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем кинематографияны раўажландырыў концепциясы қабыл етилди. Бул ҳүжжетлерде өзбек кинематографиясының стратегиясы, киноиндустрияны раўажландырыў, тараўға базар механизмлерин енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздағы дөретиўшиликлер менен танысыў процесинде «Өзбекфильм» киностудиясына да барып, бул жерде әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси режелер менен танысты.

«Өзбекфильм» узақ жыллар даўамында оңлаўға мүтәж ҳалда ярым қуўатлылықта ислеп келди, павильонларда шараят жоқ екенлиги, ескирген техникалық үскенелер сапалы киношығармалар жаратыўда қыйыншылықларды пайда ететуғын еди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен тараўға үлкен қаржы қаратылды. Атап айтқанда, «Өзбекфильм»деги барлық павильонлар оңланып, жаңа картиналарды түсириў ушын шараят жақсыланды. Усы киностудия ҳәм ҳүжжетли фильмлер студиясын заманагөй техникалар менен үскенелеў даўам етпекте.

Президентимиз бул жерде кино көркем өнериниң ветеранлары, режиссёрлар, тараў жуўапкерлери менен сәўбетлести.

– Кино жүдә қыйын, халқымыз, жәмийетимиз ушын әҳмийетли тараў, – деди Шавкат Мирзиёев ушырасыўда. – Бурын «Өзбекфильм» студиясы тасландық ҳалға келип қалған еди. Көп жерлери, имаратлары ижараға берип жиберилген еди. Мине, ҳәммеси өз ийесине, киношыларға қайтырылды.

Глобалласыў ҳәм интернет турмысымызды өзгертип атырған бүгинги күнде кино көркем өнери адамлардың талғамы ҳәм итибарына ерисиў ушын бәсекиге шыдамлы болыўы керек екенлиги атап өтилди. Елимизде кино дөретиўшилерге итибар қаратылып атырғаны, тараўдың материаллық-техникалық базасының беккемленип, көркем жетик шығармаларды жаратыў хошаметленетуғыны атап өтилди.

– Кейиги жыллары жаратылған киноларымыздың саны аз болса да, мәниси бар, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбек тамашагөйи тек ғана сырт ел телесериалларының тәсирине түсип қалмаўы, керисинше тарийхымыз, көркем өнеримиз, әдебиятымыз, қәдриятларымызды жақсы билиўи, сондай руўхта тәрбияланыўы керек екени атап өтилди.

– Кино – тәрбияның тийкары. Усы дөретиўшиликтиң мектебин ашыўымыз керек. Ҳәзир жетилискен фильмлер жаратыўға ҳәўесимиз бар, бирақ сапалысы аз. Елимиз тарийхы ҳаққында әлбетте фильм болыўы керек. Оған ўақыт келди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Ең сайланды өзбек фильмлериниң 100 лигин дүзип, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик телеканалларында көрсетиў бойынша усыныслар берилди.

Президентимиз миллий кино көркем өнеримиздиң пидайыларын тән алыў мақсетинде ҳәр бир аймақ улыўма билимлендириў мектеплерине Раззоқ Ҳамроев, Шукур Бурҳонов, Наби Раҳимов, Ҳамза Умаров, Лутфихоним Саримсоқова сыяқлы ел сүйген дөретиўшилердиң атын бериўди усыныс етти.

Жәҳән кино көркем өнериниң жетискенликлерин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, дөретиўшилердиң маманлығын арттырып барыў, соның ишинде, жасларды Россия мәмлекетлик кинематография институтында оқытыў бойынша пикирлер билдирилди. Сондай-ақ, балалар ушын киностудия шөлкемлестириў идеясы да алға қойылды.

Ушырасыўда Киноғайраткерлери ассоциациясы баслығының орынбасары Матёқуб Матжонов, Өзбек Миллий академиялық драма театрының директоры Ёдгор Саъдиев, Ҳүжжетли ҳәм хроникалық фильмлер киностудиясының директоры Баҳодир Одилов, режиссёр Рустам Саъдиев, актёр Фарҳод Маҳмудовлар шығып сөйлеп, елимизде кино көркем өнерине қаратылып атырған жоқары итибар ҳәм хошамет ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Бул ғамхорлық дөретиўшилерди илҳамландырғаны, келешекте олар миллий кино көркем өнеримизди жәҳәнге алып шығыў ушын және де көбирек изленетуғыны атап өтилди.

Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Ташкенттиң Чиланзар районын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерин додалаў бойынша мәҳәлле баслықлары, жаслар, жуўапкерлердиң қатнасыўында мәжилис өткерди.

– Бүгин районда «өсиў ноқатлары»н анықлап, экономиканы комплексли раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп алыўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы илаж алдында.

Чиланзарда 51 мәҳәлле бар. Экономикалық белсенди халықтың 9 проценти жумыссыз. Адам басына санаат көлеми Ташкент қаласындағы орташа көрсеткиштен 2 есе төмен.

Соның ушын мәҳәллелердеги резервлер үйренилип, районды комплексли раўажландырыў бойынша еки жыллық бағдарламасы ислеп шығылды. Ол жети тийкарғы бағдарды қамтып алған.

Бағдарламаға бола, қурылыс материаллары, азық-аўқат, тоқымашылық, химия, фармацевтика, зергерлик тараўларда улыўма баҳасы 10 триллион 238 миллиард сумлық 298 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген.

Сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, жол ҳәм коммуналлық тармақларды оңлаў, медицина ҳәм билимлендириў тараўларында жаңа реформаларды енгизиў, жынаятшылықты қысқартыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

– Егер мәҳәллебай ишине кирсек, адамлар әдилликти сезеди, – деп атап өтти Президент.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилиске келген жаслардың пикирлерин тыңлады. Олардың барлық усынысларын қоллап-қуўатлап, орынланыўы бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

– Ташкентте жаслар менен ислесиў бойынша жаңа система болады, – деди Шавкат Мирзиёев. – Қала жасларының форумы өткериледи. Ташкент жаслары кәрўан басы болыўы керек.

Пайтахт районларында «жойбарлар фабрикасы» шөлкемлестирилип, жаслардың бизнес басламаларын әмелге асырыўға көмеклесиў зәрүрлиги атап өтилди.

– Өзбекстанның ертеңги күнин маңлай теримиз бенен жаратамыз. Ким бул жумысларды ислейди? Ўатанды сүйген. пидайы инсанлар! Бизде бир жол: адамларға ҳадал хызмет етиў, халқымыздың разылығына ерисиў, – деди мәмлекет басшысы мәжилис жуўмағында.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршылары