Усы жылдың 21-ноябрь күни саат 12:15 лер шамасында Төрткүл районы «Янгиобод» МПЖда жайласқан «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң биринши этажы арқа-батыс тәрепинде жайласқан 2 бөлмесинде жарылыў жүз берген.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, имараттың қазанханалары саз жағдайда болып, қәнигелер бул жарылыў имараттың қубла тәрепинен өтип турған қубырлардан газ шығыўы ҳәм имаратқа топланыўы ақыбетинде болғанлығын болжамақта.

 

Жарылыў ақыбетинде мектептиң дөгерек басшылары А.Н. (ҳаял адам), Б.Р. ҳәм пуқара Б.С.лар ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алған ҳәм оларға биринши медициналық жәрдемлер көрсетилген.

 

Жүз берген жағдайдың себеплери тийисли мәкемелердиң қәнигелери тәрепинен үйренилмекте.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бул ҳаққында толық мағлыўматлар жәрияланатуғынлығын қосымша еткен.

 

Мағлыўмат ушын, райондағы усы «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң имараты 1976-жылы жойбар тийкарында 100 орынлы етип қурылған болып, 2013-жылы Мәмлекетлик инвестициялық бағдарлама тийкарында 82,0 млн сум қаржы ажыратылып, толық реконструкцияланған.

 

Мектеп имараты 3 қазан арқалы жылытылып, қазанлар газ ҳәм көмирде ислеўге қәнигелестирилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.