«Xabar.uz» мәлимлеме-аналитикалық порталында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы баспасөз хызметине тийкарланып, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының төрт студенти (барлығы қызлар) ижарада жасайтуғын турақ жайында орнатылған жылытыў қазанханасы қубырынан шыққан газ ийсинен зәҳәрленгени, зәҳәрленгенлердиң барлығы емлеўханаға жатқарылғаны, қайтыс болғанлар ҳаққында мағлыўмат жоқ екенлиги ҳаққында хабар жәрияланды.

 

Бул студентлердиң үшеўи институттың түркий тиллер факультетинде, ал биреўи  шет тиллери факультетинде оқыйды (солардан биреўи Хорезм ўәлаяты Гурлан районынан, қалғанлары Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районынан). Мәлим болыўынша, 2020-жыл 19-ноябрь күни олар биргеликте Нөкис қаласы П.Сейтов көшеси 2-жай 23-квартираны ижараға алған ҳәм сол жерге көшип өткен.

 

20-ноябрь күни азанда студентлердиң екеўиниң мийи айланып, өзлерин жаман сезгени ушын тез жәрдемге қоңыраў еткен. Студентлер емлеўханаға алып барылып, зәрүр медициналық жәрдем көрсетилип, сол күни оларға рухсат берилген.

 

Ўақыя ақыбетинде ҳеш ким қайтыс болмаған.

 

Мәлим етилиўинше, ўақыя бойынша прокуратура уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқып атырған 2182 студент 1216 жайда ижарада туратуғын болып, 2020-жылдың 16-20-ноябрь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм тийисли тараў қәнигелери менен ижарада жасап атырған студентлер арасында газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, бундай жумысларды турақлы түрде алып барыў мақсетинде институт проректорлары басшылығында оператив штаб дүзилип, күнделикли бақлаў жумыслары даўам еттирилмекте.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети.