2020-жылы 20-ноябрь күни саат 10:30 ларда Хожели районы 33-санлы мектептиӊ 1-класс оқыўшысы Ж.Ш. оқыўынан шығып, пиядалар өтиў сызығы менен жолдан өтип атырғанында мәмлекетлик белгиси 95 H 182 JA болған «Lacetti» автомашинасы жол ҳәрекети қағыйдасын бузып, жолдан оқыўшыны өткерместен үстине қарай айдап, дүгип алған. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Ўақыя ақыбетинде мектеп оқыўшысы Ж.Ш. көрсетилген биринши медициналық жәрдемлерге қарамастан Хожели районлық медициналық бирлеспесинде өзине келместен қайтыс болды.

 

Анықланыўынша, автомашина басқарыўшысы Қоӊырат районы турғыны, 1991-жыл туўылған пуқара С.Т. екенлиги мәлим болды.

 

Ҳәзирги ўақытта Хожели районлық ИИБ тергеў бөлимшеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 266-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.

 

Тергеў нәтийжеси бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.