Усы жыл 20-ноябрь күни Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Депутат ҳәм FХҚ: бирге ислесиў ҳәм алдағы режелер» атамасында онлайн тәризинде баспасөз конференциясы өткерилди.

Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслериниң депутатлары, партия хызметкерлери, журналистлер ҳәм блогерлер қатнасты.

Баспасөз конференциясында ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң аппарат баслығы Ш.Өтемисов өткен жыллар даўамында партия тәрепинен әмелге асырылған илажлар, партиядан сайланған депутатлардың өз сайлаўшыларының машқалалары ҳәм усыныслары бойынша әмелге асырылған жумыслары туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен елимизде «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи тийис» деген принцип тийкарында көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, халқымыздың басқарыў уйымларына болған исенимин арттырыў, әсиресе, халықтың мүрәжатларын тыңлаў ҳәм мәселени өз орнында шешиў илажларын көриў және жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўдей пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў сыяқлы жумыслар бүгинги күнниң қатаң талабына айланбақта.

Бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда депутатлар менен ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң ҳәм блогерлердиң бирге ислесиўи оғада үлкен әҳмийетке ийе. Депутатлардың өз аймағында, атап айтқанда, орынлардағы машқалаларды шешиўде әмелге асырып атырған жумыслары атап өтилип, усындай мәселелерде журналистлер менен блогерлерге бирге ислесиў усыныс етилди. Шынында да, халықтың мүрәжатлары бойынша бир қатар депутатлар тәрепинен исленип атырған жумыслар, унамлы нәтийжелери ҳәммени қуўандырады. Олар халықтың алғысына ерисип атыр.

Баспасөз конференциясында айырым депутатлар сайланаман дегенше халыққа «аспандағы айды алып беремен», деп ўәде берип, кейин «уйқылап қалғаны», орынларда еле көплеген машқалалар шешилмей атырғанлығы, олардың социаллық тармақларда жәрияланып атырған машқалаларға улыўма пикир билдирмей, немқурайды қатнаста жүргенлиги туўралы сын пикирлер де билдирилди. Халық тәрепинен билдирилген айырым мүрәжатлар дәслеп ҳәкимликке яки газ, электр, суў тәмийнаты ямаса басқа да тийисли мәкемелерге берилсе де олар өз орнында шешилмей, депутатқа ямаса орынлардағы Президент Қабыллаўханаларына барғаннан кейин шешилип атырғанлығы ҳәм усы мәселелерге немқурайды қараған жуўапкер басшыларға қандай шаралар көрилип атырғанлығы ҳаққында ҳәм басқа да берилген сораўларға жуўап берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Баспасөз конференциясында физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары, соның ишинде, усы мәселелер бойынша социаллық тармақларда жәрияланып атырған сын материалларды үйрениў, оларды унамлы шешиў және өз ўақтында мүнәсибет билдириўде тығыз бирге ислесиў ҳаққында пикир-усыныслар билдирилип, тийисли ўазыйпалар келисип алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Хабибуллаевтың түсирген сүўретлери