Электр энергиясы тәмийнатындағы үзилислердиң тийкарғы себеби – ҳаўа райының суўытыўы нәтийжесинде электр энергиясынан пайдаланыўдың артып кетиўи себепли жүзеге келеди. Соның менен бирге, қысқа мүддетли үзилислер системадағы үлкен авариялардың алдын алыўға имканият жаратады. Бул ҳаққында ӨзР Энергетика министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

 

Электр энергиясына болған талаптың кескин артыўы (жазда жәзийрама ыссы ямаса қақаман қыс мәўсиминдеги суўық ҳаўа райында) бақланған ўақытта ҳәттеки раўажланған мәмлекетлерде де тутыныў ҳәм ислеп шығарыў арасындағы энергиялық балансты тәмийинлеў оғада қыйын ўазыйпа болып қалмақта. Бунда үлкен аварияларды ҳәм пүткил мәмлекет тутыныўшыларының электр энергиясы тәмийнатынан үзилиўиниң алдын алыў ушын электр энергиясы тәмийнатына шеклеўлер енгизилиўине мәжбүр болынады. Диспетчерлик орайы тәрепинен энергосистемада балансты сақлаў процеси өз ўақтында тәмийинленбесе, системадағы «зорығыў» ҳәр қыйлы ири аварияларға себеп болып, үлкен аймақларда узақ ўақыт электр энергиясы болмай қалыўына алып келеди.

 

Энергия балансын тәмийинлеў мүмкин болмаған жағдайларда, аймақлық электр тармақлары кәрханаларының диспетчерлик басқармасы тутыныўшылардың бир бөлегине жоба кестесине муўапық шеклеўлер орнатыўға мәжбүр болады. Бул графиклер қағыйда тәризинде төмен күшлениўдеги (0,4 кВ, 6-10 кВ) бөлистириў электр тармақларын өз ишине алады.

 

Бул ҳәрекетлер елимиздиң энергетикалық системасында жүзеге келиўи мүмкин болған ири авариялардың алдын алыўға бағдарланған. Бул болса электр энергиясын күни-түни турақлы түрде мониторинг етип барыў ҳәм диспетчерлик қадағалаўды өз ўақтында алып барыў имканиятын береди.

 

Электр энергетикасының басқа өндирислик тараў ҳәм бағдарлардан парқлы тәрепи және өзине тән өзгешелиги сонда, электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў, бөлистириў ҳәм тутыныў – бир ўақыттың өзинде әмелге асырылыўы керек болған бирден-бир технологиялық процесс болып, ҳәр мәўритте олар арасында теңлик орнатыў оғада әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Тараўдың усы тәрепи пүткил дүнья электр энергия системаларына тән өзгешелик есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.