Усы жылдың 16-ноябрь күни саат 05:00 лер шамасында Елликқала районының «Қилчиноқ» АПЖ аймағынан өтиўши А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 613-614-километри аралығында аянышлы жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында ҚР ИИМ ЖҲҚБ баспасөз хызмети хабар берди.

 

Мәлим етилиўинше, «Matiz» маркалы автомашина басқарыўшысы уйқлап кетиўи ақыбетинде басқарыўды жоғалтып, қарама-қарсы тәрепте ҳәрекетленип киятырған «HOWO» маркалы жүк машинасы менен соқлығысқан.

 

ЖТҲ ақыбетинде «Matiz» автомашинасының басқарыўшысы ҳәм бир жолаўшысы ўақыя жүз берген орында, ал екинши жолаўшысы болса емлеўханада өзине келместен қайтыс болған.

 

Елликқала районлық ИИБ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшеси баслығы Д.Шариповтың мәлим етиўинше, жүк автомобили өз жолында ҳәрекетленип келген, ал «Matiz» басқарыўды жоғалтыўы ақыбетинде жолдың қарама-қарсы тәрепине шығып кеткен.

 

Ўақыя бойынша ишки ислер бөлими тергеў бөлимшеси тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.