Елимизде 23  жылдан берли 16-ноябрь «Халықаралық кеңпейиллик күни» сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте. Бул сәне республикамызда жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң тили, мәденияты, дәстүрлери ҳәм үрп-әдетлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға, жәмийетте миллетлер аралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти буннан былай да беккемлеўге қаратылған.

Усы байрам мүнәсибети менен Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимде Қарақалпақстан Республикасы Түркмен миллий мәдений орайы  тәрепинен «Миллетлер аралық татыўлық ҳәм дослық-раўажланыў факторы» атамасында мәдений ағартыўшылық илаж өткерилди.

– Бүгинги күнде Өзбекстанда 189 мыңға шамалас түркменлер жасамақта, – дейди Түркмен мәдений орайы ағзасы Ширин Язова.  Бүгин әскерий бөлимде әскерлердиң ҳүрмет-иззетин көрип төбемиз көкке жетти. Бир республикада татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап атырғанымыздың өзи үлкен бахыт.

Әскерлерге мәдений орай тәрепинен таярланған түркмен халқының эпослық, әпсаналық ҳәм халық дәстанларынан үзиндилер, түркмен шайыры Мақтумқулы ҳаққында мағлыўматлар, түркмен ҳаял-қызлары тәрепинен миллий ойынлар ҳәм аяқ ойынлар  қойып берилди.

Сондай-ақ, жыйналғанлар өнермент Э.Хўжашеваның қолдан тоқылған гилемлерин,  ҳаял-қызлардың миллий кийим-кеншеклерин, зергерлик буйымларын тамашалады.

Әскерий хызметкерлер түркмен миллий мәденияты ҳәм көркем өнери менен жақыннан танысты.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы