Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы Халық демократиялық партиясы фракциясы, партияның Орайлық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Мойнаққа жәрдем» қайырқомлық акциясы өткерилди.

Мойнақ районында еки күн даўам еткен акцияны өткериўден мақсет, район халқының машқалаларын үйрениў, оларды нәтийжели шешиў болып табылады.

Райондағы 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болып өткен илаждың ашылыў салтанатында район ҳәкими Е.Еденбаев, Өзбекстан ХДП Орайлық Кеңесиниң бөлим баслығы А.Қурбанов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары М.Ҳасанова, Д.Мамаджанова, Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Х.Ешимбетов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын, соның ишинде, Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Бул ийгиликли ислерге елимизде ҳәрекет етип турған сиясий партиялар да белсене қатнаспақта. Өзбекстан Халық демократиялық партиясы тәрепинен өткерилип атырған илаж район халқының бүгинги машқалаларын үйрениў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды, майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў, районды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына мүнәсип үлес қосыўға хызмет етеди.

Илаж қатнасыўшылары мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде жаратылған шараятлар менен танысты. Тәрбияланыўшыларға китаплар саўға етти.

Буннан кейин терек егиў акциясы болып өтти. Районда Халық демократиялық партиясының бағы шөлкемлестирилип, оған усы күнниң өзинде 200 ден аслам декоратив терек нәли егилди.

Партия белсендилери менен депутатлар райондағы майыплығы болған пуқаралар, «Темир дәптер»ге кирген шаңарақлардың ҳал жағдайынан хабар алды. Район орайындағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Манзура Бердишоваға майыплық арбашасы саўға етилди. Сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақларға саўғалар тапсырылды.

Партиядан сайланған депутатлар тәрепинен райондағы үш улыўма билим бериў мектебиниң машқалалары, материаллық-техникалық тәмийинлениў жағдайы үйренилди. Анықланған машқалалар Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги партия топарларында, турақлы комиссиялардың мәжилислеринде көрип шығылып, зәрүр жағдайларда сессияларға мәселе етип киргизиў арқалы шешими табылады. Көзден өткерилген мектеп жәмәәтлерине 1000 нан аслам китап саўға етилди.

Район ҳәкимлигинде акцияның биринши күниниң жуўмағына бағышланған мәжилис болып өтти. Онда район халқының ҳәм депутатлардың пикир-усыныслары үйренилди ҳәм олардың шешими қадағалаўға алынды. Депутатлардың атап өткениндей, ҳәр қандай машқала орнында шешимин тапса, ўақыт ҳәм қаржы талап ететуғынлары бир системаға жәмленсе, халықтың мүрәжатлары менен олардың шағым-арзалары азайып қалмастан, әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги артып, пуқаралардың бүгинги күннен разы болып жасаўына мүмкиншилик жаратылады. Буның ушын аймақлардағы күш және имканиятлар бирлестирилип, халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм оларды әмелде шешиўге сарпланыўы тийис.

Акция екинши күни даўам етти. Районлық мәденият сарайында бос жумыс орынлары ярмаркасы болып өтти. Онда райондағы мәкеме ҳәм кәрханалар өзлериндеги бос жумыс орынлары менен қатнасты. Усы күни бир қатар район турғынларының, соның ишинде, жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.

Партия тәрепинен халықтың денсаўлығын сақлаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Усы күни районлық поликлиникада кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзалары бийпул медициналық тексериўден өткерилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери