Бүгин елимизде жас әўладтың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айланған бул система жумысына жаңаша қатнас, өзгерислер ҳәм реформалар процеси жүргизилмекте. Себеби, Ўатанымыздың ертеңги тәғдири, оқыўшы-жаслардың билими, тәлим-тәрбиясы ҳәм ийелеп атырған кәсип-өнерине байланыслы.

Мәмлекетимиз тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириў, илим тараўының раўажланыўын жеделлестириў мақсетинде, Мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы және «Тәлим-тәрбия системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Қарарының қабыл етилиўи тәлим-тәрбия ҳәм илимниң раўажланыўына басланғыш итибар қаратылып атырғанының айқын үлгиси болды.

Пәрманда билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимди раўажландырыў, питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў, педагог хызметкерлер ҳәм илимпазлардың жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратыў, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша перспективалы ўазыйпалар белгиленген. Сондай-ақ, Пәрман ҳәм қарарда ҳәзирги машқалаларды шешетуғын, жақын бес жылда нәтийжесин көрсететуғын ҳәм раўажланыў дәрежесин белгилеп беретуғын мақсетлер қамтып алынған.

Атап айтқанда, Пәрманда узақ жыллар даўамында педагоглардың әззи жерине айланған, абырайын кемситип атырған факторларды сапластырыў, жәмийетте муғаллимниң абырайын ҳәм мәртебесин көтериў, оқыў бағдарламалары ҳәм методикасын толық қайта көрип шығыў, мектеп билимлендириўиниң кейинги басқышлары менен избе-из байланыстырыў, педагог хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысын кескин арттырыў, артықша қағазпазлықлардан азат етиў, өз үстинде көбирек ислеўи ушын шараят жаратыў ҳәм оны хошаметлеў, мектеп инфраструктурасы ҳәм ондағы руўхый орталықты жақсылаў сыяқлы мәселелердиң шешимлери анық белгилеп берилди.

Ең тийкарғысы, орынлардағы басшылардың, сондай-ақ, жергиликли кеңеслердиң усы әҳмийетли мәселелерге қатнасы ҳәм итибарын түп-тийкарынан өзгертиў, олардың жуўапкершилиги ҳәм есап бериў механизмлери киргизилмекте. Яғный, мәмлекетимиз басшысы бәринен бурын мектеплердеги оқыў жүклемелери ҳәм сабақлар санын қайта көрип шығыў, оқыўшыларды тек ғана ядлаўға емес, ал пикирлеўге шақыратуғын методика жаратыў зәрүр екенлигини атап өтти.

Ҳәммемизге белгили, айырым жағдайларда мектеплерде оқыўшыларды ядлаўға үйрететуғын методика менен жумыс исленеди. Бул болса күтилген нәтийжени бермейтуғынын тән алыў керек. Енди перзентлеримизди пикирлеўге бағдарлайтуғын методика жаратыў зәрүр. Бул бағдарда Финляндия тәжирийбесин алыў мақсетке муўапық екенлиги нәзерде тутылған. Бул мәмлекет улыўма саўатлылығы, тәбийғый пәнлер ҳәм математика бойынша дүньяда ең алдынғылардан бири болып есапланады. Атап айтқанда, оқыўшылар муғаллим менен бирге пикирлейди, оннан пикирлеў, көз алдына келтириў, анық шешим табыў бойынша мотивация алады, қала берди, саўатлылық та жоқары. – Мектепте оқытыў методикасы өзгермесе, билимлендириўдиң сапасы да, мазмуны да, орталығы да өзгермейди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Пәрманның тарийхыйлығы және үзликсизлиги сонда, онда биринши мәрте билимлендириў системасына жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы жуўапкер етип белгиленди. Президент пәрманында мине усы үзликсизликти тәмийинлеў бойынша терең ойланған ўазыйпалар белгилеп берилген. Мәселен, Пәрманда мектеплерде заманагөй басқарыўды енгизиў мәселелерине де тоқтап өтилди. Енди мектеп директорларын лаўазымға тайынлаў тиккелей жергиликли кеңеслер менен келисилген ҳалда, таңлаў тийкарында әмелге асырылады. Ҳәр бир талабан мектептиң көрсетикшлерин келеси 3 жылда жоқары дәрежеге алып шығыў бойынша өз бағдарламасы менен таңлаўда қатнасады ҳәм кеңеслер алдында есап береди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – мектеплердиң нәтийжели жумысын шөлкемлестириў, директорлардың жумысына нызамсыз араласыўлар ҳәм кадрлардың талапқа жуўап бермейтуғынын сапластырыў.

Және бир әҳмийетли тәрепи, Пәрманда ҳәр бир мектеп рейтингин және сол тийкарда билимлендириў сапасы бойынша район, қала ҳәм ўәлаятлар рейтингин ислеп шығыў зәрүрлиги нәзерде тутылған. Рейтинг нәтийжелерине қарап, мектеп директорлары ҳәм орынбасарлары, муғаллимлер, ҳәкимлер ҳәм олардың билимлендириў бойынша мәсләҳәтшилериниң жумысына баҳа бериледи.

Мектеплерди оңлаў, абаданластырыў, ысытыў сыяқлы хожалық мәселелерине ҳәкимлердиң жеке жуўапкер екенлиги белгиленген. Сондай-ақ, жоқары оқыў орнына кире алмаған питкериўшилерди турақлы кәсип-өнер ямаса исбилерменликке тартыў зәрүр.

Соның ушын, келеси жылдан баслап 7-класстан оқыўшылардың кәсипке қызығыўшылықларын анықлаў ҳәм басқышпа-басқыш кәсипке бағдарлаў әмелиятының енгизилетуғыны белгиленди. Аймақтағы санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәрханалары мектеплерге бириктириледи.

Район (қала)кесиминде дүзилген рейтингинде биринши орынды ийелеген улыўма билимлендириў мәкемелериниң директорлары жергиликли бюджет қаржылары есабынан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 10 есеси муғдарында бир мәртелик хошаметленеди. Соның менен бирге, халық билимлендириў бөлими баслықлары ҳәм методистлерине, улыўма билимлендириў мәкемелериниң директорларына және район (қала) кесиминде дүзилген рейтингинде биринши бес орынды ийелеген улыўма билимлендириў мәкемелериниң  2 алдынғы муғаллимине кәсиплик аўқамлары есабынан ҳәр жылы санаторийларда дем алыў ушын бийпул жолламалардың берилетуғыны нәзерде тутылған.

Улыўма алғанда ҳәр биримиз мәмлекетимиз басшысының Пәрманында белгиленген турмыслық ўазыйпалардың орынланыўын биргеликте әмелге асырыў ҳәр биримиздиң әдиўли миннетимиз болып есапланады. Бул реформалар әлеббетте, өз нәтийжесин беретуғынына ҳәм билимлендириўдиң сапасы жаңа басқышқа көтерилетуғынына исенемиз.

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери

комитетиниң ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги