«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, 19-24-ноябрьде Өзбекстанда температура орташа көп жыллық нормалардан 10-15 градусқа төмен болған суўық ҳаўа райы сақланып турады.

 

Ертең, 20-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Айрым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал арқа-шығыстан 7-12 м/с тезлигинде еседи. Температура түнде 10-15 градус суўық, күндизги ўақытларда 0-5 градус суўық болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.